Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде мийўе-овощ тараўын жетилистириў, соның ишинде, мийўе-овощ өнимлери егилетуғын жерлерди, сақлаў ҳәм қайта ислеў қуўатлықларын сезилерли арттырыў, бул тармақты раўажландырыў ушын халықаралық финанс институтларының қаржыларын жедел тартыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыў тараўындағы алдынғы тәжирийбени таллаў бул өнимлерди өндириўшилердиң кооперациясын раўажландырыўды нәтийжели хошаметлеў зәрүрлиги бар екенин көрсетпекте.
Мийўе-овощ тараўында қосымша қун шынжырын жаратыўды хошаметлеў, сапалы мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм оның экспорты турақлылығын тәмийинлеў, усы өним өндириўшилериниң қаржы имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, өндиристиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң:
шөлкемлестирилип атырған аўыл хожалығы бирлеспелеринде (кейинги орынларда – аўыл хожалығы бирлеспелери) ықтыярлы ҳәм пай тийкарында қатнасыў принциплеринде еркин ҳәм өз-ара байланыслы аўыл хожалығы кәрханалары, фермер, дийқан хожалықлары және қыйтақ жер ийелериниң кооперациялық бирлесиў институтын жаратыў ҳәм кеңнен қолланыў;
2019-2020-жылларда тәжирийбе-сынаў тәризинде мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў, таярлаў, сақлаў ҳәм сатыў бойынша бирликтеги жумысты әмелге асырыў ушын Жиззақ ўәлаятының Ғәллеарал ҳәм Замин районларында, Самарқанд ўәлаятының Булунғур ҳәм Үргит районларында, Ферғана ўәлаятының Алтыариқ ҳәм Қува районларында Ташкент ўәлаятының Қибрай ҳәм Паркент районларында аўыл хожалығы бирлеспелерин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте тәжирийбе-сынаў жуўмақларына бола, 2020-жыл 1-декабрьге шекем аўыл хожалығы бирлеспелериниң кооперациялық бирлесиў институтын республиканың басқа да аймақларында ғалаба ен жайдырыўдың мақсетке муўапықлығы ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Төмендегилер аўыл хожалығы бирлеспелериниң тийкарғы функциялары етип белгиленсин:
мийўе-овощ өнимлериниң ишки ҳәм сыртқы базарларын маркетинг таллаў;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары менен контрактация шәртнамаларын дүзиў арқалы аўыл хожалығы өнимлерин, соның ишинде, түрлери ҳәм сортларына қарай ислеп шығарыў бойынша келисилген илажларды әмелге асырыў;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары тәрепинен мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ушын зәрүр болған мүлк комплекслери, техника, үскене, транспорт қуралларынан, соның ишинде, өнимди сақлаў қоймаханаларын биргеликте ижараға алыў ҳәм қайтарып бериў тийкарында шийки затты қайта ислеў жолы менен бирлесип пайдаланыўды шөлкемлестириў;
шәртнама тийкарында аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларын аўыл хожалығы техникасы, жанылғы-майлаў материаллары, төгин, туқымлар, нәллер ҳәм егинлер, сондай-ақ, химиялық қорғаў қураллары менен тәмийинлеў;
контрактация ямаса дәлдалшылық шәртнамалары тийкарында ислеп шығарылған өнимлерди таярлаў, тасыў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыўды шөлкемлестириў;
жәҳән стандартларына сай мийўе-овощ өнимлериниң кепилленген базарын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы бирлеспелери менен бирге ислесиў ушын экспортёрларды тартыў;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларына агротехникалық, бухгалтерлик, консалтинг, дәлдалшылық ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиў.
- Фермер дийқан хожалықлары және қыйтақ жер ийелери, сондай-ақ, мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў және оларды таярлаў, тасыў, сақлаў ҳәм сатыў бойынша хызмет көрсетиў тараўында жумыс алып баратуғын басқа да физикалық ҳәм юридикалық шахслар аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары болыўы мүмкин екени;
аўыл хожалығы бирлеспелерине ағза болыў ықтыярлы есапланатуғыны және шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған муғдарда кириў ағзалық төлемлери (пайларды) киргизиў жолы менен пай тийкарында әмелге асырылатуғыны;
аўыл хожалығы бирлеспелерине аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары тәрепинен тиккелей берилетуғын ўәкилликлер шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде белгиленетуғыны, бунда аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары басқа да мәселелер бойынша өзиниң хожалық жумысын жүргизиўде экономикалық еркинлигин ҳәм ҳуқықый статусын сақлап қалатуғыны, аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм оның ағзалары арасындағы өз-ара қатнасықлар болса шәртнама тийкарында қурылатуғыны;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары аўыл хожалығы бирлеспелери миннетлемелери бойынша жуўап бермейтуғыны және егер шөлкемлестириў ҳүжжетлеринде басқаша жағдайлар белгиленбеген болса, аўыл хожалығы бирлеспелери жумысы менен байланыслы болған зыян көриў қәўпин өзлери киргизген төлемлер (пайлар) баҳасы шеңберинде мойнына алатуғыны;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларының жер майданлары Өзбекстан Республикасы Жер кодексинде нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары басқа да жағдайларда оптималластырылатуғыны ҳәм алып қойылыўы мүмкин емес екени. Бунда аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларының жер майданларын алып қойыў тек ғана судтың қарары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- 2019-жыл 1-марттан баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеўге қәнигелестирилген аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары аўыл хожалығы егинлерин жайластырыў ҳәм оларды кейин ала алмастырыў ҳаққындағы қарарды еркин түрде қабыл етиў ҳуқықына ийе болады, 2020-жыл 1-январьдан баслап болса шөлкемлестирилетуғын мийўе-овощ егинлерин жайластырыў реестрине зүрәәт жылының 1-февралынан кешиктирмей тийисли мағлыўматларды киргизиў шәрти менен усы ҳуқықтан пайдаланады.
- Төмендегилерге мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртиби белгиленсин ҳәм оған муўапық:
а) аўыл хожалығы бирлеспелери ҳәм олардың ағзаларының 2019-2020-жылларда нәллер ҳәм сертификатланған туқымларды және мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў үскенелерин сатып алыў ушын коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша процент қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры қаржыларының есабынан коммерциялық банк тәрепинен белгиленген процент ставкасының 25 проценти муғдарында, бирақ 5 процентли пункттен жоқары болмаған, валютада берилетуғын кредитлер бойынша 1,5 процентли пункттен жоқары болмаған муғдарда қапланады;
б) аўыл хожалығы бирлеспелеринен мийўе-овощ өнимлерин сатып алатуғын экспортёрлардың тастыйықланған бизнес режелеринде нәзерде тутылған төмендегилер:
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларын мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўдың жаңа технологияларына үйретиў;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларының жерлеринде агротехникалық илажлар мониторингин өткериў;
аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын мийўе-овощ өнимлериниң сыртқы базарларында маркетинг изертлеўлерин өткериў менен байланыслы қәрежетлериниң 50 проценти субсидиялар бериў арқалы Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети және Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги қаржыларының есабынан, сондай-ақ, тартылатуғын халықаралық финанс институтларының қаржылары, соның ишинде, Жәҳән банки қаржыларының есабынан қапланады.
- Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына аўыл хожалығы бирлеспелери шөлкемлестирилип атырған аймақларда мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыў ушын зәрүр болған инфраструктуралық объектлерди жедел раўажландырған ҳалда, оларды раўажландырыў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклеринен қаржылар қаратыўға рухсат берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте мийўе-овощ өнимлери экспортёрларының аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларын мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўдың жаңа технологияларына үйретиў, аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларының жерлеринде агротехникалық илажлар мониторингин өткериў, аўыл хожалығы бирлеспелери ағзалары тәрепинен ислеп шығарылатуғын мийўе-овощ өнимлериниң сыртқы базарларды маркетинг изертлеўлерин өткериў менен байланыслы қәрежетлериниң 50 процентин қаплаў ушын субсидиялар бериў тәртибин тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Сыртқы саўда министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем мийўе-овощ тараўында кооперацияның үлеси жоқары болған еллердиң аўыл хожалығы бирлеспелерин шөлкемлестириў ҳәм олардың жумыс алып барыўы бойынша тәржирийбесин терең үйрениў мақсетинде жаңадан шөлкемлестирилип атырған аўыл хожалығы бирлеспелери ағзаларының танысыў сапарын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте усы қарардың 5- ҳәм 8-бәнтлеринде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын халықаралық финанс институтларының қаржылары менен грантларын, соның ишинде, Жәҳән банкиниң қаржыларын тартыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Республикасы Жер рерсурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан 2019-жылдан баслап суўғарылатуғын аўыл хожалығы жерлериниң топырағын, ҳәр жылы улыўма майданның кеминде 20 проценти есабынан келип шығып, таллаў ҳәм агрохимиялық картограммаларды қосымшаға муўапық ислеп шығыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм қамсызландырыў шөлкемлери менен биргеликте бир ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында аўыл хожалығы қәўип-қәтерлерин қамсызландырыўдың заманагөй механизмлерин енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Өзбекстан стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў агентлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Илимлер академиясы меенн биргеликте үш ай мүддетте жер-топырақ, суў, тутыныў товарлары, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм минерал төгинлердиң заманагөй лабораториялық изертлеўлерди халықаралық стандартлар талапларына муўапық кең көлемде өткериўди тәмийинлейтуғын комплексли лаборатория жаратыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жоқары зүрәәтли туқымлар ҳәм нәллердиң жаңа түрлери менен сортларын, соның ишинде, «in-vitro» усылы тийкарында жаратыўшы-авторларды қосымша материаллық хошаметлеў бойынша усыныслар ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
мийўе-овощты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм бул тараўдағы аўыл хожалығы бирлеспелерин раўажландырыў бойынша илажларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында орынлаўды тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыўды тәмийинлесин;
2020-жыл 1-декабрьге шекем тәжирийбе-сынаў нәтийжелери ҳәм сырт еллердиң алдынғы тәжирийбеси, сондай-ақ, базар экономикасының заманагөй талапларын есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына «Аўыл хожалығында кооперация ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Әдиллик министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқаровқа, Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи А.Д.Ваҳобовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 14-март