Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Елимизде сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин тәмийинлеў, мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўдың институционал-ҳуқықый тийкарларын қәлиплестириў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў бойынша нәтийжели система қәлиплеспеген.

Мәмлекетлик уйымлар, хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм шөлкемлер (кейинги орынларда – Мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер) баспасөз хызметлериниң жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен өз-ара бирге ислесиўи жеткиликли дәрежеде жолға қойылмаған.

Буннан тысқары, тараўға инвестициялар тартыў және баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын шөлкемлестириўде, меншиклестириў бағдарламаларын әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик имканиятларынан пайдаланыўға зәрүр дәрежеде итибар қаратылмай атыр.

Мәлимлеме тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, мәмлекетимиздиң медиа-базарын жедел раўажландырыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, китап ҳәм басқа да баспа өнимлерин ислеп шығарыўдың сапасын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясындағы ўазыйпаларға муўапық:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик);

Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы баспасөз ҳәм хабар басқармалары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалаcы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармалары (кейинги орынларда – аймақлық бөлимлер);

юридикалық шахс шөлкемлестирмеген ҳалда Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўын ҳәм ғалаба коммуникацияларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор);

Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар тараўында мониторинг орайы тийкарында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң Ғалаба коммуникациялар мәселелери бойынша орайы (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестирилсин.

  1. Ташкент полиграфия – баспа кәсип өнер колледжи, оның атамасын Баспа – полиграфия жумысы тараўында қәнигелерди таярлаў кәсип-өнер колледжине өзгерткен және әмелдеги қаржыландырыў системасын сақлап қалған ҳалда Агентликтиң қараўына өткерилсин.
  2. Төмендегилер:

а) Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

пуқаралардың сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигине байланыслы конституциялық ҳуқықларының жүзеге шығыўын тәмийинлеў, елимизди жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық раўажландырыўда ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў, медиа-базарда олар ушын теңдей шараятлар жаратыў, сондай-ақ, журналистлердиң ҳуқықларын қорғаў;

ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысының раўажланыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, инвестициялар тартыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шәртлери тийкарында жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў;

мәлимлеме тараўындағы нызам ҳүжжетлерин қолланыў әмелиятын улыўмаластырыў, ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысының раўажланыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын алға қойыў ҳәм ислеп шығыў;

мәмлекелик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерге олардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўде мәмлекетлик хызметкерлерге ғалаба хабар қураллары менен ашық, ғалаба өз-ара бирге ислесиў мәдениятын сиңдириўде, соның ишинде, олардың баспасөз хызметлери (жәмийетшилик пенен ислесиў бойынша бөлимлери) жумысын муўапықластырыў ҳәм методикалық жақтан тәмийинлеў арқалы жәрдемлесиў;

елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, инвестицияларды киргизиў ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў ушын жаратылған қолайлы шараятларды, бәринен бурын, сырт ел исбилермен топарлары, исбилерменлер, потенциаллы инвесторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер арасында  үгит-нәсиятлаў ҳәм кеңнен хабар етиў мәселелеринде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары менен өз-ара бирге ислесиў;

тармақлық кәрханалардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў ҳәм беккемлеў, сондай-ақ, заманагөй стандартластырыў ҳәм сертификатластырыў системалары, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды енгизиў бойынша илажлар ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

китап басып шығарыў, электрон ҳәм аудиокитаплар жаратыў, китап оқыў мәдениятын арттырыў, сырт елде өзбек әдебиятын ғалаба үгит-нәсиятлаў тараўында программалық илажларды ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў;

журналистлер және ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана кәрханаларының хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўға қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў, сондай-ақ, тармақтың инженерлик-техникалық қәнигелерин таярлаўға жәрдемлесиў, олады социаллық  ҳәм ҳуқықый қорғаўды тәмийинлеў;

республика мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеўге қатнасыў және мәлимлеме тараўындағы бир қатар қәўип-қәтерлерге қарсы өз ўақтында ҳәм мүнәсип рәўиште гүресиў илажларын көриў;

Агентликтиң ўәкиллигине тийисли мәселелер бойынша халықаралық бирге ислесиўди шөлкемлестириў;

б) Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығы жағдайын ҳәм дәрежесин таллаў;

миллий мәлимлеме орталығын және ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлардың әмелге асырылыўының нәтийжелилигин мониторинг етиў;

ғалаба хабар қурлларында тарқатылып атырған материаллар мазмунының, соның ишинде, шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған нызам ҳүжжетлери талапларына муўапықлығын системалы тийкарда таллаў;

ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия ҳәм мәлимлеме-китапхана жумысы тараўындағы машқалалар менен тосқынлықларды анықлаў;

таллаў ҳәм мониторинг нәтийжелерин улыўмаластырыў ҳәм олар тийкарында усыныслар бериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекцияның фонограммалар ҳәм аудиовизуал дөретпелерди тарқатыў (сатыў, ижараға бериў ҳәм халықтың итибарына жеткериў)да авторлық ҳуқықлары тараўындағы нызамшылыққа ҳәм нормативлик ҳүжжетлерге әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаў бойынша ўәкилликлер Агентликке берилсин.
  2. Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Агентликке уйымлық жақтан тийисли баспалар ҳәм полиграфия кәрханаларының өнимлерин сатыўдан түсетуғын сап түсимниң 10 проценти муғдарында шәртнама тийкарындағы ажыратпалардан қәлиплестирилетуғын қаржылар;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен 20 миллиард сум муғдарында бир мәрте ажыратылатуғын қаржылар;

Агентлик тәрепинен рухсатнама характериндеги ҳүжжетлерди бергени ушын мәмлекетлик бажы төлеўден түсетуғын қаржылар;

физикалық ҳәм юридикалық шахслар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслердиң қайырқомлық қәўендерликлери;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да түсимлер.

Қордың қаржылары төмендегилерге жумсалатуғыны белгилеп қойылсын:

мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларын раўажландырыўды хошаметлеў ҳәм олардың жумысын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, тармақлық кәрханалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

китап оқыў мәдениятын арттырыў, өзбек әдебиятын ғалаба үгит-нәсиятлаў, мәлимлеме- китапхана мәкемелериниң китап фондын раўажландырыў, баспалардың оқыў ҳәм әдебий материалларының кәсиплик ҳәм көркемлик дәрежесин арттырыў бойынша жойбарларды ҳәм бағдарламаларды қаржыландырыў;

сырт елде Өзбекстанның унамлы имиджин үгит-нәсиятлаў, мәлимлеме кампанияларын өткериў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысы, жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм исбилерменлик орталығының жақсыланыўы ҳаққында, бәринен бурын, сырт ел исбилермен топарлары, исбилерменлер, потенциаллы инвесторлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер арасында үгит-нәсият алып барыў ҳәм оларды кеңнен хабардар етиў;

журналистлер және ғалаба хабар қураллары, баспасөз, баспа-полиграфия кәрханалары ҳәм мәлимлеме-китапхана мәкемелериниң хызметкерлерин, соның ишинде, мәмлекетимизден ҳәм сырт елден қәнигелер тартыў, сырт елде оқыў стажировкаларын шөлкемлестириў арқалы таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў илажларын қаржыландырыў;

Агентлик, оның аймақлық ҳәм структуралық бөлимлериниң хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў;

Агентликке жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, илимий ҳәм билимлендириў шөлкемлери, жетекши халықаралық шөлкемлер ҳәм басқа да сырт ел компанияларының жоқары қәнигели хызметкерлерин, сондай-ақ, соның ишинде сырт ел қәнигелерин мәсләҳәтши сыпатында тартыў бойынша қәрежетлерди қаплаў.

Агентлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келисе отырып бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы режени белгиленген тәртипте тастыйықласын, онда, соның ишинде Агнетликке уйымлық бойсынатуғын кәрханалардың сап түсиминен қаржылардың бир бөлеги тиккелей Қорға қаратылыўын нәзерде тутсын.

  1. Агентликке Ташкент қаласы Шайхонтоҳур районы, Ҳ.Раҳматуллаев көшеси, 3-жай мәнзилинде жайласқан Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң «Бәркамал әўлад» республикалық балалар орайының имараты ҳәм объектлери тутас аймағы менен биргеликте оперативлик басқарыў ҳуқықы тийкарында берилсин ҳәм онда Баспа-полиграфия жумысы тараўында қәнигелерди таярлаў кәсип-өнер колледжи жайластырылсын.
  2. Агентлик Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Ф.Ш.Маҳмудовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 2-февраль