Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизди турақлы раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, пуқараларымыздың өз турмысынан разы болып, ертеңги күнге беккем исеним менен мүнәсип турмыста жасаўын тәмийнлеў бойынша алдымызға қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыўда жәмийеттиң ең әҳмийетли буўыны есапланған мәҳәлле институтының орны және әҳмийети барған сайын артып бармақта.

Мәҳәлле жәмийетте тынышлық-татыўлық, өз-ара ҳүрмет, мийрим шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўде, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларды қәстерлеп сақлаўда, шаңарақлардың аўызбиршилигин тәмийинлеўде, саламат ҳәм жетик әўладты тәрбиялаўда, халықтың күнделикли машқалаларын шешиўде халқымызға ең жақын социаллық структура болып есапланады.

Соның менен бирге, пуқаралар жыйынларының үйме-үй жүрип халықтың машқалаларын анықлап, мүшкилин жеңил етиў бойынша мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары (кейинги орынларда Халық қабыллаўханалары деп жүргизиледи) ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша секторлар (кейинги орынларда – секторлар) менен бирге ислесиўди күшейтиў, материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаў ҳәм тараў хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип баҳалаў бойынша анық илажларды әмелге асырыў талап етилмекте.

Мәҳәллениң жәмийетлик басқарыўдағы орнын ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралар жыйынларының жумысын шөлкемлестириўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў, тараўға қәнигели, бай турмыслық тәжирийбеге ийе және пидайы кадрларды тартыў мақсетинде:

  1. Мүрәжатлар менен ислесиў, халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў бойынша «мәҳәлле – сектор – Халық қабыллаўханасы –мәҳәлле» принципи тийкарында бирге ислесиў системасы енгизилип, төмендегилер усы системаның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў, үйме-үй жүриў, социаллық ҳәм басқа да объектлерди үйрениў арқалы машқалаларды анықлаў ҳәм биргеликте сапластырыў илажларын көриў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды орнатыў;

ҳәр шеректе жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелери, анықланған машқалалар ҳаққында улыўмаластырылған мағлыўматлар, сондай-ақ, тийисли мәпдар шахслардың есабатын тыңлаў бойынша усынысларды халық депутатлары Кеңеслери мәжилислеринде додалаў ушын киргизиў;

анықланған машқалаларды улыўмаластырыў ҳәм шешиў мақсетинде электрон мәлимлеме системасын енгизиў;

  1. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси (кейинги орынларда – Республикалық кеңес), Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, Өзбекстан Республикасы ишки ислер министрлигиниң:

пуқаралар жыйыны жанындағы жәмийетлик комиссиялардың жумысын жетилистириў мақсетинде жәмийетшилик тийкарында пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары – социаллық ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша кеңесгөйи және пуқаралар жыйыны баслығының орынбасары – исбилерменлик, қыйтақ жер ийелери жумысына жәрдемлесиў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша кеңесгөйи лаўазымларын енгизиў;

мәҳәлледе социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын сақлаўда кексе әўлад ўәкиллери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының напақадағы хызметкерлериниң турмыслық тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў мақсетинде «Кекселер мәсләҳәти» топарларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Сондай тәртипте орнатылсын, оған муўапық:

пуқаралар жыйынларының баслықлары ҳәр шеректе өз мәҳәллеси аймағындағы әҳмийетли машқалалар ҳаққындағы мағлыўматларды секторлар басшыларына ҳәм Халық қабыллаўханаларына усынып барады;

ең әҳмийетли машқалалар секторлардың басшылары ҳәм Халық қабыллаўханалары тәрепинен тийисли бағдарламаларда есапқа алыў ушын усыныс етиледи;

пуқаралар жыйынларының баслықлары турақлы түрде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң аймаққа бириктирилген жуўапкер хызметкерлери, сектор штабы ағзалары, жол қурылысы, электр, газ, суў, канализация, коммуналлық ҳәм социаллық тараў ўәкиллериниң аймақта әмелге асырған жумысларының нәтийжеси бойынша жазба түрде секторлардың басшыларына ҳәм Халық қабыллаўханаларына мағлыўмат киргизеди;

Халық қабыллаўханалары тәрепинен пуқаралар жыйынлары баслықларының мағлыўматларында көрсетилген жағдайлар бойынша тийисли шөлкемлерге мәпдар шахсларды ҳәм хызметкерлерди хошаметлеў ямаса интизамий жуўапкерликке тартыў бойынша усыныслар киргизиў мәселеси көрип шығылады.

  1. 2019-жыл 1-июньнен баслап пуқаралар жыйынлары хызметкерлери менен мийнет шәртнамаларын дүзиў ҳәм бийкарлаў пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын мууапықластырыў бойынша район (қала)лық кеңеслери баслықларының биринши орынбасарлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Республикалық кеңес ҳәм Қаржы министрлигиниң пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жуўапкер хаткерлериниң айлық мийнет ҳақы фондын усы жылы басқышпа-басқыш 1,5 есеге арттырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Бунда хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы усы жылдың 1-майынан 1,25 есеге ҳәм 1-октябринен 1,2 есеге көбейтилиўи нәзерде тутылсын.

Пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм жуўапкер хаткерлери лаўазымларының Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын мийнетке ҳақы төлеў фонды қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Республикалық кеңес төмендегилерди ислеп шығып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине белгиленген тәртипте киргизсин:

а) Жоқары суд пенен биргеликте еки ай мүдетте пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысына нызамға қайшы түрде араласқанлығы, пуқаралар жыйыны қарарын орынламағаны ямаса жетерли дәрежеде орынламағаны ҳәм пуқаралар жыйыны баслығы жумысының кепилликлерин бузғанлығы ушын административлик жуўапкершиликти белгилеўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын;

б) Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа редакциядағы «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызам жойбарын:

пуқаралар жыйынлары уйымлары жумысына байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди имканияты барынша қысқартыў, улыўмалық көринистеги, ҳәрекетсиз ҳәм ҳуқықты қолланыўға тәсир етпейтуғын нызам ҳүжжетлерди қайта көрип шығыў ҳәм бурынғы механизмлерди сапластырыўды;

пуқаралар жыйынлары уйымларында «заманагөй менеджмент» системасын енгизиў ҳәм олардың жумыс бағдарлары, ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилик шеңберин анық белгилеўди;

пуқаралар жыйынларының жуўапкерли мәмлекетлик уйымларға мүрәжатларын көрип шығыў тәртип-қағыйдаларын беккемлеўди;

пуқаралар жыйыны баслығын социаллық қорғаў, олардың жумысының кепилликлери ҳәм парықлаў белгисин;

в) Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм кадрларды мәҳәлле басқарыўы процесине мақсетли қайта таярлаў бойынша әмелдеги оқытыў системасына байланыслы машқалаларды үйрениў тийкарында оны буннан былай да жетилистириў бойынша тийкарланған усынысларды;

г) Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте еки ай мүддетте пуқаралар жыйынлары, олардың хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик тийкарында жумыс алып барып атырған шахслардың жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў өлшемлери ҳәм жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан хошаметлеў тәртибин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери Республикалық кеңес, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекет кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте:

еки ай мүдетте пуқаралар жыйынлары тәрепинен пайдаланып киятырған мәмлекет мүлки болған имаратларды бириктирилген жер майданлары менен биргеликте хатлаўдан өткерип, олардың белгиленген тәртипте пуқаралар жыйынларына мүлк ҳуқықы менен берилиўин тәмийинлесин;

ҳәр шеректе тастыйықланған график тийкарында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар ҳәм қалалар орайларында «Мәҳәлле орайы» комплекслерин ҳәм пуқаралар жыйынлары имаратларын үлги жойбарлар тийкарында қурыў, реконструкциялаў, оңлаў жағдайы ҳаққында Министрлер Кабинетине мәлимлеме берип барсын.

  1. Республикалық кеңес Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 7-октябрьдеги 336-санлы қарары менен тастыйықланған Басшы хызметкерлерди Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етиў ҳаққында өтиниш хаты киргизиўи мүмкин болған мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, республикалық әҳмийетке ийе басқа да мәмлекетлик шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.
  2. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм районлық (қалалық) кеңеслери ҳәм пуқаралар жыйынлары хызметкерлерин олардың ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарларына байланыслы болмаған мәжилислер ҳәм басқа да илажларға тартыў, олардың жумысына тийкарсыз араласыў, тийисли болмаған ўазыйпаларды жүклеў, сондай-ақ, пуқаралар жыйынлары балансында болған имаратларды басқа шахсларға бириктириў ямаса тийкарсыз рәўиште алып қойыў қадаған етиледи.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына:

«Mahalla» телерадиоканалын пуқаралар жыйынларының жумысын сәўлелендириў мәселелери бойынша Республикалық кеңестиң бас мәлимлеме қәўендери етип белгилеў;

Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Халықаралық пресс-клуб, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм ғалаба хабар қураллары менен биргеликте тынышлық ҳәм турақлылық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик, миллий үрп-әдетлер менен қәдириятларды қәстерлеп сақлаў, шаңарақларды беккемлеў және социаллық-руўхый процесслерге мәҳәллелердиң қатнасыўы, мәҳәллерлердеги машқалаларды сапластырыўға қаратылған ток-шоулар, социаллық роликлер, арнаўлы көрсетиўлер, мақалалар, еситтириўлер шөлкемлестириў тапсырылсын.

  1. Республикалық кеңес:

а) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекем:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлық (қалалық) жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан пуқаралар жыйынларының жоқары тезликтеги Интернет тармағы миллий сегмент мағлыўматларын жеткерип бериў тармағына жалғаныўын тәмийинлесин;

пуқаралар жыйынларының Интернет тармағы миллий сегмент мағлыўматларын жеткерип бериў тармағынан пайдаланыўы ушын жеңиллетилген тарифти тастыйықлаў бойынша усыныс киргизсин;

б) 2020-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте «Электрон ҳүкимет» системасы шеңберинде «Мәҳәлле» электрон мағлыўматлар базасын иске түсирсин.

  1. Республикалық кеңес мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 2-апрель