Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын жедел әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслериндеги көрсеткишлерин жақсылаўға қаратылған реформаларын әмелге асырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға елимиздиң илимий потенциалын кеңнен тартыў ҳәм жойбарлық басқарыўдың халықаралық стандартларынан пайдаланыў, мәмлекетлик хызметкерлердиң тараўдағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 25-февральдағы «Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинглер ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4210-санлы қарары менен республикадағы изертлеў институтларына (кейинги орынларда – халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер) өз алдына халықаралық рейтинглер бириктирилгени ҳәм олардың дизими тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2022-жыл 1-июньнен баслап халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП-60-санлы пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын (кейинги орынларда – Раўажланыў стратегиясы) әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларға өзлери бириктирилген әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерден келип шығып усыныслар ислеп шығылыўы және тийисли министрлик ҳәм уйымларға киргизилип барылыўына төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилсин:

әҳмийетли халықаралық рейтинг агентликлериниң жыллық есабатлары жәрияланыўы менен тийисли халықаралық рейтинг пенен ислесиўге жуўапкер болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер 20 күн мүддет ишинде төмен көрсеткишли индикаторлар ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымларға мәлимлеме-таллаў мағлаўматнамасын киргизеди;

төмен көрсеткишли индикаторлар ушын жуўапкер мәмлекетлик уйымлар Инновациялық раўажланыў министрлигине төмен көрсеткишли индикаторлар бойынша тараў ҳәм тармақлардағы системалы қәтеликлерди сапластырыў жойбарларын ислеп шығыў ушын илимий грантларға буйыртпа береди;

инновациялық раўажланыў министрлиги таңлаў тийкарында илимий грантлар ажыратады;

илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери жойбарлық басқарыўдың PMI PMBOK – «Жойбарларды басқарыў бойынша билимлер жыйнағы» халықаралық стандарты (кейинги орынларда – PMI PMBOK халықаралық стандарты) тийкарында төмен көрсеткишли индикаторлар бойынша тараў ҳәм тармақлардағы жүзеге келген системалы қәтеликлерди сапластырыў бойынша жойбарларды ислеп шығады;

Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў бойынша республикалық кеңестиң (кейинги орынларда – Республикалық кеңес) жумысшы уйымлары (Қаржы ҳәм Әдиллик министрликлери) төмен көрсеткишли индикаторларға жуўапкер мәмлекетлик уйымлар бойынша тараў ҳәм тармақлардағы жүзеге келген системалы қәтеликлерди сапластырыў жойбарларын Раўажланыў стартегиясын  әмелге асырыўға қаратылған ҳәр жыллық мәмлекетлик бағдарламаға киргизеди;

төмен көрсеткишли индикаторларға жуўапкер мәмлекетлик уйымлар мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген жойбарларды әмелге асырады және Республикалық кеңеске жойбарды әмелге асырыўдың нәтийжелери бойынша мәлимлеме берип барады.

  1. Әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң структуралық индикаторлары шеңберинде турақлы төмен баҳаланып киятырған тараў ҳәм тармақларды жедел раўажландырыў бойынша орта ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығаў режеси қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер тәрепинен PMI PMBOK халықаралық стандарты тийкарында ислеп шығылған усыныслар Өзбекстан Республикасының әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслер, олардың структуралық индикаторын ҳәм субиндикаторларындағы орнын жақсылаўға қаратылған стартегия, концепция ҳәм бағдарламалардың жойбарларын ислеп шығыўда жуўапкер мәмлекетлик уйымлар тәрепинен биринши гезекте есапқа алынсын.

Министрлик ҳәм уйымлардың биринши басшылары Әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң структуралық индикаторлары шеңберинде турақлы төмен баҳаланып киятырған тараўлар менен тармақларды жедел раўажландырыў бойынша орта ҳәм узақ мүдддетли стратегияларды ислеп шығыў режесинде нәзерде тутылған ўазыйпалардың әмелге асырылыўы ушын жеке жуўапкер шахс екени белгилеп қойылсын.

  1. Әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң структуралық индикаторлары шеңберинде турақлы төмен баҳаланып киятырған тараў ҳәм тармақларды жедел раўажландырыў бойынша орта ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығыўда төмендегилер нәзерде тутылсын:

турақлы төмен баҳаланып киятырған тараў ҳәм тармақлардағы системалы қәтеликлерди анықлаў ҳәм  хатлаўдан өткериў;

халықаралық рейтинглерде усы индикаторлар бойынша ең жоқары балл топлаған және жедел пәтлер менен өсиўге ерисип атырған мәмлекетлерде әмелге асырылған реформаларды үйрениў;

халықаралық тәжирийбе тийкарында төмен көрсеткишли индикаторлар бойынша тийисли тараў ҳәм тармақлардың көрсеткишлерин кескин арттырыўды кепиллейтуғын стратегиялар және стратегиялардың структуралық бағдарлама ҳәм жойбарларын ислеп шығыў;

ислеп шығылған жойбар ҳәм бағдарламаларды жыллық мәмлекетлик бағдарламаларға киргизиў және жойбарларды басқарыўды PMI PMBOK халықаралық стандартлар тийкарында әмелге асырыў.

  1. 2022-жыл 1-сантябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясында (кейинги орынларда – Академия) мәмлекетлик уйымлардың басқарыўшы кадрлары ушын әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша қысқа мүддетли қәнигелигин арттырыў курслары (кейинги орынларда – қәнигелигин арттырыў курслары) енгизилсин.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәр жылы 1-январьға шекем әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң структуралық индикаторлары шеңберинде баҳаланатуғын тараўлар бойынша қәнигелик арттырыў курсларына қатнасатуғын мәмлекетлик хызметкерлер контингентин Академияға усынатуғыны;

қәнигелик арттырыў курсларының оқыў реже-бағдарламасы Академия тәрепинен ислеп шығылатуғыны ҳәм Республикалық кеңестиң жумысшы органлары менен келисилетуғыны;

қәнигелик арттырыў курсларының оқыў-методикалық материаллары академия тәрепинен халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер менен биргеликте ислеп шығылатуғыны;

қәнигелик арттырыў курсларына тартылатуғын Академияның профессор-оқытыўшылары ҳәм илимий хызметкерлери алдыңғы сырт ел тәжирийбеси менен танысыў ҳәм илимий потенциалын буннан былай да арттырыў ушын абырайлы сырт ел университетлери, илимий орайлар және халықаралық шөлкемлерге қәнигелик арттырыў курсларына ҳәм стажировкаға жиберилетуғыны;

мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери ушын оқыў-методикалық материалларды таярлаў, қәнигелик арттырыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге  байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны;

мәмлекетлик уйымлардың аймақлық структураларының басқарыўшы кадрлары ушын қәнигелик арттырыў курслары аралықтан шөлкемлестирилетуғыны;

хожалық жәмийетлери ҳәм басқа да шөлкемлердиң басқарыўшы кадрларының әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслери бойынша қәнигелигин арттырыў қәрежетлери шәртнама тийкарында буйыртпашылардың қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўге жуўапкер мәмлекетлик хызметкерлерге Академияда төмендеги билим ҳәм көнликпелер үйретилиўине айырықша итибар қаратылсын:

мәмлекетлик уйымлардың жумысын глобаллық көлемде баҳалап баратуғын тийисли әҳмийетли халықаралық рейтинг агентликлери ҳәм олардың жумысы;

рейтинг агентликлериниң баҳалаў методикалары, норма, индикатор ҳәм субиндикаторлары;

рейтинг агентликлериниң жыллық есабатларында елимиздиң тараў ҳәм тармақларының турақлы төмен баҳаланып атырған субиндикаторлары ҳәм олардың себеплери;

төмен көрсеткишли нормалар бойынша глобал рейтингте алдыңғы мәмлекетлер және усы нормалар бойынша өз көрсеткишлерин тез пәтлер менен жақсылап атырған еллердиң тәжирийбеси ҳәм әмелге асырып атырған реформалары;

төмен көрсеткишли субиндикаторлар бойынша елимиз тараў-тармақларындағы системалы қәтеликлерди сапластырыў жойбарларын ислеп шығыў әмелияты.

  1. Республикалық кеңеси жумысшы уйымлары (Т.Ишметов, Р.Давлетов) қәнигелик арттырыў курсларын сапалы шөлкемлестириў ҳәм өткериў мақсетинде Академияға төмендегилер бойынша жәрдемлесип барсын:

әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиң структуралық индикаторлары ҳәм субиндикаторлары бойынша тараў ҳәм тармақлар кесиминде ислеп шығылған жойбарлар және олардың әмелге асырылыўы бағдарындағы мағлыўматларды ҳәр шеректе усынып барыў;

әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде мәмлекеттиң орнын жақсылаў бойынша мәмлекетлик уйымлардың қәнигели ҳәм тәжирийбели кадрларын ҳәм сырт ел экспертлерин шөлкемлестирилетуғын қәнигелик арттырыў курсларына тартыў;

Академияда абырайлы сырт ел университетлери ҳәм илимий орайлар және халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўде әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди әмелиятқа нәтийжели енгизиўге қаратылған халықаралық илимий-әмелий әнжуманлар шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасының әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслер, олардың төмен көрсеткишли индикатор ҳәм субиндикаторларындағы орнын жақсылаў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын жаңа тәртип енгизилсин:

халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер – ҳәр жылы 1-январьға шекем төмен көрсеткишли индикатор ҳәм субиндикаторлар бойынша тараў ҳәм тармақлар және аймақлардағы системалы машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илимий-изертлеў жойбарларын әмелге асырыў бойынша жыллық режелерди ислеп шығып, Республикалық кеңестиң жумысшы уйымларына киргизеди;

Республикалық кеңестиң жумысшы уйымлары – халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлер тәрепинен төмен көрсеткишли индикаторлар бойынша әмелге асырылатуғын изертлеўлердиң жыллық режелери Республикалық кеңестиң гезектеги мәжилисинде ҳәр тәреплеме көрип шығылыўын шөлкемлестиреди;

Республикалық кеңес – өзиниң гезектеги мәжилисинде халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлердиң жыллық режелерин көрип шығады, соның ишинде, биргеликтеги илимий изертлеўлерди өткериўди нәзерде тутқан ҳалда тастыйықлайды ямаса қайта ислеў ушын қайтарады.

  1. Инновациялық раўажланыў министрлиги (И.Абдураҳманов):

ҳәр жылы 1-мартқа шекем халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бириктирилген илимий шөлкемлердиң Республикалық кеңес тәрепинен тастыйықланған жыллық режелери және халықаралық рейтинг ҳәм индекслер бойынша еркин излениўшилердиң қосымша талабы тийкарында илимий жойбарлардың темалары портфелин қәлиплестирсин;

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландыратуғын фундаментал, әмелий изертлеўлер және инновациялық жойбарларға ажыратылған қаржылар ҳаққында ҳәр шеректе Республикалық кеңеске мағлыўмат киргизип барсын;

бағдарламаларды ислеп шығыўға қаратылған илимий-изертлеў жойбарларын экспертизадан өткериў ҳәм нәтийжелерин қабыллап алыў бойынша тийисли илимий-техникалық кеңестиң қурамына Республикалық кеңестиң жумысшы уйымларының және жуўапкер мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлериниң қурамынан ўәкиллерди тартсын;

Академияда қәнигеликти арттырыў курсларына тартылатуғын илимий-педагогикалық кадрлардың потенциалын буннан былай да арттырыўға жәрдемлесиў мақсетинде мәмлекетлик сиясат ҳәм басқарыў тараўына байланыслы әҳмийетли халықаралық рейтинг ҳәм индекслерди изертлеўге қаратылған илимий грантлар ажыратыўды нәзерде тутсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов және әдиллик министри Р.Қ.Давлетов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-май