Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Дәрилик өсимликлер шийки зат базасынан нәтийжели пайдаланыў, кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўде дәрилик өсимликлерди кеңнен қолланыў, дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларын жаратып атырған исбилерменлик субъектлерди қоллап-қуўатлаў арқалы терең қайта ислеўди шөлкемлестириў ҳәм қосымша қун шынжырын жаратыў мақсетинде:
- районлар боянтамыр, шафран, ферула, лаванда, стевия, ромашка, шиповник, ревень, шалфей, шай шөп, душица, мыңжапырақ, зизифора, каперс, бурыш жалпызы ҳәм басқа да дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша аймақлар кесиминде қәнигелестирилетуғыны. Онда 2022-жылдан 2026-жылға шекем 36 000 гектар майданда жаңа дәрилик өсимликлер плантацияларының шөлкемлестирилетуғыны;
жаратылып атырған ҳәр 10 гектар жер майданындағы дәрилик өсимликлердиң мәдений плантацияларына суў шығарыў ушын бурғыланған қудық қазыў, сондай-ақ, дәрьялар, каналлар ҳәм басқа да суў бассейнлеринен суўды тартыў мақсетинде насос станциясын қурыўға суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў шәрти менен ҳәр бир метри ушын 600 мың сумнан, бирақ 120 миллион сумнан артпайтуғын муғдарда Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитетиниң тийисли актине тийкарланып республикалық бюджеттен тийислисинше Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў қоры арқалы субсидия ажыратылатуғыны;
дәрилик өсимликлерди мәдений плантация шөлкемлестириў арқалы жетистириў ушын белгиленген тәртипте ажыратылған жер участкаларына басқа түрдеги аўыл хожалығы егинлерин жайластырыўға жол қойылмайтуғыны;
экспортқа жарамлы дәрилик өсимликлер жетистириўди кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-августтағы «Мәҳәллелерде исбилерменликти буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик субъектлери менен халық арасында кооперацияны раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5214-санлы қарарының 4-бәнтинде нәзерде тутылған жеңиллик ҳәм қаржыландырыў тәртиплери дәрилик өсимликлерди жетистириў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине де енгизилетуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2022-жыл 1-июньнен баслап Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының 100 миллиард сум қаржылары есабынан коммерциялық банклер арқалы төмендегилерге:
фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да өним жетистириўшилерге – дәрилик өсимликлерди жетистириў ушын жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 6 айлық жеңиллетилген дәўир менен 12 ай мүддетке кредитлер ажыратылады;
дәрилик өсимликлерди қайта ислейтуғын, сақлайтуғын ҳәм экспорт етиўшилерге – жетистирилген өнимди сатып алыўға талап етилетуғын айланыс қаржыларын толтырыў ушын жыллық 14 процент (соннан 2 проценти банк маржасы) ставкада 12 айға «револьвер» кредитлер ажыратылады. Онда усы кредит есабынан кластер ҳәм кооперациялардың коммерциялық банклерден алынған басқа кредитлерин сөндириўге жол қойылмайды.
- Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте дәрилик өсимликлерди терең қайта ислеўди (дәрилик өсимликлерди қайта ислеў тийкарында таяр өнимлерди ислеп шығарыўды) қаржыландырыў ушын Жәҳән банкиниң «Аўыл хожалығын модернизациялаў», «Ферғана ойпатында аўыл исбилерменлигин раўажландырыў» жойбарлары ҳәм Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қорының «Аўыл хожалығын диверсификациялаў ҳәм модернизациялаў» жойбары шеңберинде 20 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды коммерциялық банклерге ажыратыў илажларын көрсин. Онда:
бул қаржылар миллий валютада жыллық 14 процент ставкада коммерциялық банклерге ресурс сыпатында жайластырылады;
коммерциялық банклер 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке жыллық 17 процентлик ставкада (соннан 3 проценти банк маржасы) коммерциялық кредит ажыратады.
Аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң баслығы Н.Ж.Бакиров, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры С.Х.Кариев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаят ҳәкимлери менен биргеликте еки ай мүддетте ҳәр бир аймақта кеминде биреўден дәрилик өсимликлер кластерин шөлкемлестириў бойынша жойбар усынысларын ислеп шықсын.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте 2022-2023-жылларда дәрилик өсимликлерди қайта ислеў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлардың мәнзилли дизимин тастыйықласын.
- 2025-жыл 1-январьға шекем дәрилик өсимликлерди жетистириўден алған дәраматлар ағымдағы есабат (салық) дәўириниң жуўмақлары бойынша жәми дәраматтың кеминде 80 процентин қурайтуғын исбилерменлик субъектлерден алынатуғын жер салығы, пайда салығы ҳәм мүлк салығының ставкалары 50 процентке азайтылатуғыны. Онда усы абзацқа тийкарланып салықлардан азат етилетуғын қаржылар дәрилик өсимликлер плантацияларын кеңейтиўге бағдарланыўы шәрт екенлиги;
дәрилик өсимликлер шийки затынан биологиялық актив қосымшалар, эссенциялар ҳәм экстрактлар ислеп шығарыўшылар тәрепинен өз талаплары ушын алып келинетуғын Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын технологиялық ҳәм лабораториялық үскенелер, олардың аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклери, сэндвич-панельлер ҳәм вентиляция системалары ҳәм биологиялық актив қосымшалар ислеп шығарыў ушын жумсалатуғын шийки зат ҳәм материаллар, қадақлаў материаллары белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша 2025-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысынан азат етилетуғыны;
дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын пайдаланылатуғын технологиялық ҳәм лабораториялық үскенелер, олардың аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклери, сэндвич-панельлер ҳәм вентиляция системалары, әсбап-үскенелер, шийки зат, материаллар, химиялық препаратлар ҳәм қорғаў қуралларын алып кириўде қосымша қун салығын 180 күнге кешиктирип төлеў имканияты берилетуғыны;
дәрилик өсимликлер шийки заты ҳәм оннан таярланған биологиялық актив қосымшалар, эссенциялар ҳәм экстрактларды экспорт ететуғын исбилерменлик субъектлердиң экспорт ушын жумсалған автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң 50 процентке шекемги бөлеги Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қапланатуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьден баслап дәрихана сатыў залы прилавкаларының кеминде 10 процентке шекем дәрилик өсимликлер шийки затынан таярланған биологиялық актив қосымшалар ҳәм дәри-дәрмақларды жайластырыўды дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап сатыўды реализациялаўдың лицензия талаплары ҳәм шәртлерине киргизиў илажларын көрсин.
- Бас прокуратура (Ш.Ж.Рахимов) ҳәм Есап палатасы (Б.Т.Турабов) дәрилик өсимликлерди қайта ислеў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңбериндеги қаржылардың мақсетли ажыратылыўы ҳәм жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын ҳәм ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис палаталарына дәрилик өсимликлерди тәбийғый орталықтан терип алыўға квота ажыратыў ҳәм оның шәртлерине қатаң әмел етилиўи үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды орнатыў усыныс етилсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев) Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев), Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси (А.А.Хаитов) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мазмун-мәнисин айрықша түсиндириўге байланыслы материаллар, дүрким телекөрсетиўлердиң көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
- Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев, Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң баслығы Н.Ж.Бакиров, Пиллешилик ҳәм жүн санаатын раўажландырыў комитетиниң баслығы Б.Қ.Шарипов, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы А.А.Хаитов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 20-май