Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Республикамызда сыртқы экономикалық жумысты либералластырыў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм елдиң экспорт потенциалын беккемлеў бойынша ўазыйпалар системалы тийкарда әмелге асырылмақта.

Гөзленген ўазыйпалардың табыслы әмелге асырылыўы көпшилик жағдайда бажыхана уйымлары жумысының нәтийжелилигине байланыслы.

Соның менен  бирге, бажыхана ҳәкимшилиги тараўында елимизде қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм исбилерменлик орталығын раўажландырыўға тосқынлық ететуғын бир қатар системалы машқалалар сақланып қалынбақта.

Әмелдеги бажыхана тәртип-қағыйдалары халықаралық норма ҳәм стандартлардың талапларына толық жуўап бермейди, сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары ушын артықша ўақыт ҳәм финанслық қәрежетлердиң жумсалыўына байланыслы болып қалмақта.

Сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшылары тәрепинен бажыхана нызамшылығына әмел етиўи ҳәм ҳадал исбилерменлерди хошаметлеў, олар ушын ҳәкимшилик тосқынлықларды азайтыў бойынша дерлик ҳеш қандай механизмлер қолланылмай атыр.

Бажыхана уйымларының нәтийжесиз ҳәм артықша қадағалаў функциялары исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң бузылыўына алып келмекте.

Бажыхана уйымларының хызметкерлерин материаллық жақтан хошаметлеў ушын имканиятлардан жетерли дәрежеде пайдаланбаў коррупция жағдайлары профилактикасы ҳәм пүткил системаның нәтийжелилигине унамсыз тәсир көрсетпекте.

Бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, бажыхана уйымларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бизнести раўажландырыў жолында бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң:

2019-2020-жылларда «Яллама» ҳәм «С.Нажимов» (Ташкент ўәлаяты),«Дослық» (Әндижан ўәлаяты), «Алат» (Бухара ўәлаяты);

2020-2021-жылларда «Даўыт ата» (Қарақалпақстан Республикасы), «Мәденият» (Әндижан ўәлаяты),  «Өзбекстан» (Ферғана ўәлаяты), «Ғишткўприк» ҳәм «Айбек» (Ташкент ўәлаяты) бажыхана постларының аймақларына тутас орынларда заманагөй бажыхана терминалларын, соның ишинде, мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында қурыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Бажыхана терминалларындағы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң тийкарғы функциялары «бир айна» принципи тийкарында бажыхана, банк, логистика, оператив лаборатория, фитосанитария, ветеринария, санитария-эпидемиологиялық, экологиялық, сертификатластырыў ҳәм басқа да хызметлерди көрсетиў болып есапланатуғыны;

исбилерменлик субъектлериниң бажыхана терминалларында көрсетилетуғын коммерциялық хызметлерден ықтыярлы түрде пайдаланатуғыны белгиленсин.

  1. Қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасына төмендегилерди қолланған ҳалда толық режимде енгизилсин:

а) 2018-жыл 1-декабрьден баслап:

«сары коридор», онда бажыхана декларациясы, ҳүжжетлер ҳәм мағлыўматларды тексериў бойынша бажыхана қадағалаўының түрлери қәўип дәрежеси орта көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаўда анықланған товар ҳәм транспорт қуралларына байланыслы әмелге асырылады;

«қызыл коридор», онда бажыхана қадағалаўының түрлери қәўип дәрежеси жоқары көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаўда анықланған товар ҳәм транспорт қуралларына байланыслы әмелге асырылады;

б) 2019-жыл 1-марттан баслап:

«жасыл коридор», онда қәўип дәрежеси төмен болған товар ҳәм транспорт қуралларын шығарып жибериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенде, бажыхана қадағалаўының түрлери оларға байланыслы әмелге асырылмайды;

«көк коридор», онда қәўип дәрежеси орта көрсеткишке ийе ямаса күтилмеген таңлаў тийкарында анықланған товарларға байланыслы бажыхана қадағалаўының түрлери олар шығарып жиберилгеннен соң әмелге асырылады.

  1. Төмендегилер:

Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша «Жол картасы» 1-қосымшаға муўапық;

шегара бажыхана постлары аймақларына тутас орынларда бажыхана терминалларын қурыў тармақ кестеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа – «Жол картасы» ҳәм тармақ кестесинде нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм толық орынланыўы үстинен қатаң қадағалаўды әмелге асырыў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетениң баслығы М.Б.Азимовқа – «Жол картасы» ҳәм тармақ кестесинде нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында толық ҳәм нәтийжели орынланыўы, қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасын сапалы енгизиў ҳәм пайдаланыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, Ташкент, Бухара, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимлерине – «Жол картасы» ҳәм тармақ кестелеринде нәзерде тутылған объектлерди қурыў ҳәм иске қосыў бойынша зәрүр рухсат етиў көринисине ийе ҳүжжетлерди өз ўақтында рәсмийлестириўди тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. 2019-жыл 1-февральдан баслап:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын талапларға жуўап беретуғын, сыртқы экономикалық жумыстың ҳадал қатнасыўшыларына әпиўайыластырылған бажыхана тәртип-қағыйдаларынан пайдаланыў ҳуқықын бериўди нәзерде тутатуғын халықаралық стандартларға муўапық ўәкилликли экономикалық операторлар институтының енгизилиўи;

Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы бойынша басқармалары «Ташкент-АЭРО» қәнигелестирилген бажыхана комплексиниң бажыхана постларында сыртқы экономикалық жумыстың қатнасыўышларына бажыхана жүк декларациясын толтырыў бойынша бийпул тийкарда хызмет көрсететуғын шахслардың арнаўлы топарын – «фронт-офис» дүзиў ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў бойынша дәслепки жойбар (кейинги орынларда – дәслепки жойбар) әмелге асырылыўы белгиленсин.

Дәслепки жойбардың қәрежетлери, соның ишинде, пуқаралық -ҳуқықый шәртнамалар тийкарында тартылатуғын шахсларға мийнет ҳақы төлеў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Материаллық жәрдем, социаллық қорғаў, бажыхана уйымларын раўажландырыў ҳәм нәзерде тутылмаған қәрежетлердиң арнаўлы қоры (кейинги орынларда – Арнаўлы қор) қаржылары есабынан әмелге асырылыўы нәзерде тутылсын.

Дәслепки жойбар шеңберинде бажыхана жүк декларациясын толтырыў ушын усынылған мағлыўматлар менен ҳүжжетлердиң ҳақыйқыйлығы ушын жуўапкершилик сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысына жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети 2019-жыл 1-декбарьге шекем дәслепки жойбарлаў нәтийжелерин Мәмлекетлик бажыхана комитетинииң басқа аймақлық басқармаларының жумысына енгизиў мақсетке муўапықлығы ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының хызметкери орнатылған тәртипте тастыйықланған товарларды көзден өткериў және үлги ҳәм (ямаса) пробалар алыўда бажыхана тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў ҳаққындағы инструкцияға тийкарланып қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасы буйырған бажыхана операцияларын орынлаўға мәжбүр екенлиги;

сыртқы экономикалық жумыстың қатнасыўшысы тәрепинен товар ҳәм транспорт қуралларының бажыхана рәсмийлестириўи ушын жумсалатуғын ўақты бажыхана постлары хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигиниң тийкарғы көрсеткиши болып есапланатуғыны. Соның менен бирге, бажыхана рәсмийлестириўиниң ўақты ҳаққындағы статистикалық мәлимлеме ҳәр айда барлық бажыхана постлары кесиминде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик баждыхана комитетиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланатуғыны;

«Сары» ҳәм «қызыл» коридорлар сәйкес түрде 70 ҳәм 30 процент көлемде товар ҳәм транспорт қуралларының қәўип профиллери ямаса күтилмеген таңлаў тийкарында қолланылатуғыны. Соның менен бирге,  «жасыл» ҳәм «көк» коридорлар әмелге киргизилген күннен баслап, усы абзацында көрсетилген процент көлеми Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети тәрепинен қәўиплерди автоматластырылған басқарыў системасын қолланыў нәтийжелилигиниң мониторинги тийкарында белгиленетуғыны;

«көк коридор»ға бағдарланған товарларға байланыслы бажыхана қадағалаўы белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

2019-жыл 1-марттан баслап алып кирилетуғын товарлардың бажыхана тексериўи үш ай даўамында бажыхана тексериўи процедурасының видеожазыўы сақланыўын ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети орайлық аппаратының жалғаныўын тәмийинлейтуғын видеобақлаў системасы менен тәмийинленген орынларда ғана әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Барлық товарларға байланыслы экспорт контрактларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызметиниң уйымларында есапқа қойыў бағдарындағы талап бийкар етилсин.
  2. Бирден-бир тариф сеткасы бойынша мийнетке ҳақы төлеўдиң тастыйықланған разрядларына муўапық, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары хызметкерлериниң лаўазым айлығын анықлаўда тариф коэффициенти 1,7 есе муғдарда қолланылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң орайлық аппараты, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы бойынша басқармалары ҳәм қәнигелестирилген бажыхана комплекслери, сондай-ақ, Миллий кинология орайының хызметкерлерине айрықша мийнет шараятлары ушын лаўазым айлықларына үстемелер 50 процентти қурайтуғыны;

усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Арнаўлы қордың қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

бажыхана жыйымлары түсиминиң 50 проценти муғдарындағы ажыратпалар, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын қәрежетлер сметасына муўапық пайдаланыў шәрти менен Арнаўлы қорда қалатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығына өзиниң хызмет ўазыйпасын шын кеўилден ҳәм нәтийжели ислеп киятырған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жоқары қәнигели, инталы хызметкерлерине Арнаўлы қордың қаржылары есабынан мийнетине хақы төлеў қоры (ақша тәмийнаты)ның 100 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық үстемелер белгилеў ҳуқықы берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларында жумыс ислеп атырған хызметкерлерге «гаупвахтада қамақта иркип турыў» интизамлы жаза шарасы киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

2019-жыл 1-январьға шекем ўәкилликли экономикалық оператор статусын, сондай-ақ, олар пайдаланыўы мүмкин болған әпиўайыластырылған бажыхана тәртип-қағыйдаларының түрлерин нәзерде тутатуғын Ўәкилликли экономикалық операторлар ҳаққындағы Режени тастыйықласын;

бир ай мүддетте бажыхана жыйымлары ставкаларының түрлерин оптималластырыў ҳәм қатаң белгиленген ҳалда олардың жаңаланған ставкаларын тастыйықласын;

2019-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте сыртқы экономикалық жумыс тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын ҳуқықый тәсир илажларын күшейтиў, соның ишинде, бажыхана идентификация қуралларына зыян жеткергени ушын жәрийма санкцияларының муғдарын арттырыў бойынша нызам ҳүжжетлериниң жойбарларын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети:

2019-жылдың 1-февралына шекем сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының мүрәжатлерин көрип шығыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде айырым ўәкилликлерди бажыхана постларына бериў арқалы аймақлық басқармалар ҳәм бажыхана постлары арасындағы ўәкилликлердиң бөлистирилиўин сын көз қарастан көрип шықсын;

товарларды импорт етиўде сыртқы экономикалық жумыстың товар номенклатурасы кодларының дурыс қоланылғанлығы ҳаққында эксперт шешими талап етилиўи әмелиятын бийкарлаў бойынша илажлар көрсин;

еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Министрликлер ҳәм уйымлар еки ай мүддетте қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин усы Пәрманға муўапықластырсын.
  2. Усы Пәрманның орынланаўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасарлары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Э.М.Ганиевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 24-ноябрь