Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Банкротлық процедураларын буннан былай да әпиўийыластырыў, суд басқарыўшыларының жумысын жетилистириў, халықаралық рейтинглерде Өзбекстан Республикасының позициясын жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша:
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Өзбекстан суд басқарыўшылары ассоциациясының 2019-жыл 1-июльден төмендеги тәртипти орнатыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
мәмлекетлик салық хызмети уйымлары салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў имканияты болмағаны себепли орынлаў ҳүжжетлери қайтарылған күннен баслап 30 күннен кешиктирмей қарыздарды банкрот деп табыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етеди;
банкротлың ҳаққындағы ис банкротлық белгилери бар болған жағдайда, егер қарыздар юридикалық шахсқа болған жәми талаплар суммасы ең кем мийнет ҳақы муғдарының кеминде үш жүз есесин қурайтуғын болса, қарыздар жеке тәртиптеги исбилерменге ямаса жеке тәртиптеги исбилермен статусын жойытқан физикалық шахсқа болса ең кем мийнет ҳақы муғдарының кеминде жигирма есесин қурайтуғын болса, суд тәрепинен қозғатылыўы мүмкин;
сапластырыўға байланыслы ис жүргизиў мүддети тоғыз айдан аспаўы зәрүр, айрықша жағдайларда бул мүддет банкротлық ҳаққындағы иске қатнасып атырған шахслардың өтинишине тийкарланып суд қарары менен үш айдан аспаған мүддетке созылыўы мүмкин;
бенефициар ҳәм аффилленген шахслардың биргеликтеги ҳәрекетлер ақыбетинде жасалма банкротлық, банкротлықты жасырыў ямаса қастан банкротлыққа алып келиў белгилери анықланғаны ҳаққында судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими бул шахсларды нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте субсидиар жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар есапланады;
банкротлық процедуралары қолланылған қарыздарлардың мал-мүлки суд басқарыўшылары тәрепинен «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы сатылады
- 2019-жыл 1-марттан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги жанындағы Әбу Райхан Беруний атындағы Бизнес ҳәм басқарыў республикалық жоқары мектебинде (кейинги орынларда – Республикалық жоқары мектеби) төмендегилерди нәзерде тутатуғын арнаўлы курслар шөлкемлестирилсин:
суд басқарыўшысы аттестатын алыўға талабанларды арнаўлы бағдарлама бойынша шәртнама тийкарында оқытыў;
тийисли категориядағы суд басқарыўшысы аттестатын алыў ушын тийкар болатуғын оқыўды тамамлағаны ҳаққындағы гүўалықты бериў;
суд басқарыўшыларының кәсиплик дәрежесин ҳәм қәнигелигин арттырыў.
- 2019-жыл 1-майдан:
а) мәмлекетлик салық хызмети уйымларының арзалары бойынша қозғатылған банкротлықтың әпиўайыластырылған процедураларын өткериўге суд басқарыўшыларын мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлери арасынан тайынлаў әмелияты бийкар етилетуғыны;
б) сондай тәртип орнатылады, оған муўапық мәмлекетлик салық хызмети уйымларының арзалары бойынша қозғатылған банкротлықтың әпиўайыластырылған процедураларын өткериўде:
төртинши категориялы суд басқарыўшысы аттестатына ийе болған ҳәм Өзбекстан суд басқарыўшылары ассоциациясы (кейинги орынларда – Ассоциация) ағзалары есапланған шахслар суд басқарыўшысы етип тайынланатуғыны;
қарыздар турған жердеги районлық (қалалық) салық инспекциясының қарарына тийкарланып, ҳәр бир жуўмақланған сапластырыўға байланыслы ис бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан суд басқарыўшыларына ең кем мийнет ҳақының жигирма есеси муғдарында ҳақы төленетуғыны;
салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлықты үзиўде төленген қарыз суммасының 5 проценти муғдарында суд басқарыўшыларына қосымша ҳақы төленетуғыны;
в) суд басқарыўшыларының жумысы «пуқаралық ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиў» қәнигелесиўи бойынша лицензияға ийе болған ҳәм суд басқарыўшысы аттестатын алған адвокатлар тәрепинен де әмелге асырылыўы мүмкин екени;
г) суд басқарыўшыларын тайынлаў кредитор (кредиторлардың улыўма мәжилиси ямаса комитети) ямаса банкротлық ислери бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйым яки ассоциация ҳәм оның аймақлық структураларының усынысы бойынша суд басқарыўшыларының жумысын рейтинг баҳалаўды есапқа алған ҳалда суд тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Суд басқарыўшыларының кәсиплик қәнигелигин арттырыўға жәрдемлесиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың нызамлы мәплерин қорғаўда олардың ролин күшейтиў мақсетинде Ассоциация ҳәм оның аймақлық структуралары:
суд басқарыўшылары жумысын тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўға қатнасатуғыны;
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен қатнасықларда суд басқарыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин сәўлелендириў ҳуқықына ийе екени;
суд басқарыўшыларының кәсиплик әдеп-икрамлылық нормаларын ислеп шығатуғыны ҳәм тастыйықлайтуғыны;
суд басқарыўшыларының жумысын рейтинги тийкарында баҳалайтуғыны, олар тәрепинен нызам ҳүжжетлерине, кәсиплик әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етилиўин мониторинг ететуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
бир ай мүддетте Республикалық жоқары мектеп пенен биргеликте заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда суд басқарыўшыларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
бир ай мүддетте Республикалық жоқары мектепте суд басқарыўшыларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў илажларын көрсин;
еки ай мүддетте Ассоциация менен биргеликте Суд басқарыўшыларының жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў ҳаққындағы режени тастыйықласын;
2019-жыл 1-апрельден суд басқарыўшыларының жумысын рейтинг тийкарында баҳалаў ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр шеректе ғалаба хабар қуралларында жәриялаў ҳәм рәсмий веб-сайтта жайластырыўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Банкротлық процедуралары қолланылған қарыздарлардың мал-мүлкин «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында сатыў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын және тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Мәмлекетлик салық комитети, Әдиллик министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте:
Суд басқарыўшысы аттестатын алыўға талабанларды оқытыў ҳәм суд басқарыўшыларының қәнигелигин арттырыў тәртиби ҳаққындағы режени;
Суд басқарыўшылары, оларды аттестациядан өткериў ҳәм қәнигелик аттестатын бериў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын және тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Олий суд пенен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекемги мүддетте жасалма банкротлық, банкротлықты жасырыў ҳәм қастан банкротлыққа алып келиў ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2019-жыл 1-майға шекемги мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, жаңа редакциядағы «Банкротлық ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқаровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 1-февраль