Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, мийнет ҳуқықын қорғаў ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң ўазыйпалары қайта көрип шығылды, районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитетлериниң структурасында ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәниге лаўазымы енгизилди, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы ҳәм оның аймақлық бөлимлери, Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры шөлкемлестирилди, сондай-ақ, «Мўътабар аёл» көкирек белгиси шөлкемлестирилди, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатларын қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасы жаратылды.
Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, исбилерменлик тараўында нәтийжели жумыс алып барыў механизмлерин жаратыўға тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар.
Соның ишинде, узақ ўақыт бала тәрбиясы менен бәнт болған ҳаял-қызларды мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша қайта таярлаў бағдарындағы жумыслар жеткиликли шөлкемлестирилмеген.
Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықларын қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў, олардың исбилерменлик басламаларын буннан былай да қоллап-қуўатлаў, мийнет етиўин хошаметлеў ҳәм әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў мақсетинде:
- 2019-жыл 1-майдан:
ҳаял-қызлардың мийнетин белгили бир тараў ямаса кәсиплерде қолланыў бойынша қадаған етиўлер бийкарланатуғыны;
усыныс характериндеги ҳаял-қызлардың денсаўлығына кери тәсир етиўи мүмкин болған тараў ямаса кәсиплердиң дизими тастыйықланатуғыны;
бала тәрбиялаў дем алысының кеминде үш айы әке тәрепинен пайдаланылған жағдайда, әке ямаса анадан бирине Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 234-статьясы тәртибинде қосымша бир ай напақа төленетуғын бала тәрбиялаў дем алысы берилетуғыны;
еки жасқа толмаған перзентин тәрбиялайтуғын ата-аналардың бирине олар жумыс ўақтындағы дем алыў ҳәм аўқатланыў, баланы аўқатландырыў ушын берилетуғын тәнепислердиң есабынан жумыс бериўши менен келисе отырып күн даўамында пайдаланылатуғын тәнепис ўақтын белгилеў ҳуқықы берилетуғыны;
ҳаял-қызлардың пенсия жасына толғаны ямаса нызам ҳүжжетлерине муўапық жасқа байланыслы мәмлекетлик пенсиясын алыў ҳуқықы жүзеге келгенлиги себепли олар менен дүзилген белгисиз мүддетли мийнет шәртнамасын 60 жасқа толғанға шекем ямаса мүддетли мийнет шәртнамасын мүддети жуўмақланғанға шекем жумыс бериўшиниң басламасына бола бийкар етиў қадаған етилетуғыны;
ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары теңлигиниң бузылыўына байланыслы ислердиң судларда көрип шығылыўында ҳаял-қызларға адвокатлар тәрепинен көрсетилетуғын юридикалық хызмет ушын ҳақы олардың қәлеўи бойынша мәмлекет тәрепинен қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы, «Исбилермен ҳаял» Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы, Саўда-санаат палатасы және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳаял-қызлар комитетлериниң жәрдеминде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем статусына ийе болған ҳаял-қызлар исбилерменлик орайларын (кейинги орынларда орайлар деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилерди орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгилеў усыныс етилсин:
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте узақ мүддет бала тәрбиялаў дем алысында болған, қыйын экономикалық жағдайға түскен ҳаял-қызларды мийнет базарында талап етилип атырған кәсиплер бойынша қайта таярлаў ҳәм олардың жумысқа орналасыўына жәрдемлесиў;
исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген ҳаял-қызларды орайларға тартыў ҳәм исбилерменлик жумысын шөлкемлестириўге жәрдемлесиў;
ҳаял-қызлардың өз бизнесин шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў көнликпелерин қәлиплестириў, бизнес идеяларын таярлаўда консультативлик жәрдем бериў, соның ишинде, жойбарлаў бизнес-режесин таярлаў, салыққа тартыўдың ҳәр қыйлы режелерин таңлаў ҳәм қолланыў, бухгалтериялық есапты жүргизиў, заманагөй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша оқытыўды шөлкемлестириў;
зәрүр жағдайларда жумысын баслап атырған исбилермен ҳаял-қызларға мәҳәллелердеги бос турған имаратлардан орын ажыратылыўына жәрдемлесиў;
исбилермен ҳаял-қызларға ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген ҳаял-қызларға өз бизнесин шөлкемлестириўде зәрүр мәсләҳәтлер бериў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў, соның ишинде, исенимли шериклерди табыў, мини технологиялар ҳәм үскенелер сатып алыўға жәрдемлесиў, ислеп шығарылған өнимлердиң реализацияланыўына жәрдемлесиў;
рәсмий емес жумыс алып барып атырған өнермент ҳаял-қызларға дизимнен өтиў, «Өнермент» ассоциациясына ағза болыў арқалы салықлар ҳәм басқа түрдеги жеңилликлерден пайдаланыўда және жеңилликли кредит алыўға әмелий жәрдем көрсетиў.
- Орайлар бизнес инкубатор тәризинде ҳаял-қызлардың исбилерменлик, өнерментшилик жумысын, соның ишинде, шаңарақлық исбилерменлик жумысын раўажландырыўға жәрдемлесиў мақсетинде Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржылары есабынан шөлкемлестирилетуғыны;
орайларды сақлаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм тийкарғы ўазыйпалары әмелге асырылыўы менен байланыслы болған қәрежетлер Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорына коммерциялық банклерге жеңилликли кредит ажыратыў ушын берилген ресурслардан есапланған проценттен келип түскен қаржылар (банк маржасынан тысқары) және халықаралық шөлкемлердиң грант қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;
исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген ҳаял-қызлар район (қала) ҳәкими ҳәм районлық (қалалық) ҳаял-қызлар комитети тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизим тийкарында арнаўлы оқытыў бағдарламасы бойынша оқытылатуғыны;
арнаўлы оқытыў бағдарламаларын табыслы өзлестирген ҳаял-қызлардың арасынан тийисли районлық (қалалық) Ҳаял-қызлар комитети баслығының усынысына бола исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын 3 жылдан көп болмаған мүддетке 6 айлық жеңилликли дәўир ҳәм жыллық 8 процентлик ставкада жеңилликли кредитлер аймақларда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўды кредитлеў тәртиплери тийкарында ажыратылатуғыны;
Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен коммерциялық банклерге ҳәр жылы ажыратылатуғын 100 миллиард сум ресурс қаржылары жеңилликли кредит қаржыларының дәреги етип есапланатуғыны, бул ресурс қаржыларының кеминде 50 проценти аўыллық жерлерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың бизнесин раўажландырыўға қаратылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети бир ай мүддетте кредит алыў ушын усыныс бериў процесиниң әдалатлылығын ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын тәртипти тастыйықласын.
- Ҳаял-қызлардың гендер кемситилиўине жол қоймаў мақсетинде Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жәрдеминдеги Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссия 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
- Төмендегилер Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
мәмлекетте гендер теңлигин тәмийинлеўге ҳәм ҳаял-қызлардың социаллық турмыс шараятларын жақсылаўға қаратылған мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда белсене қатнасыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен ҳаял-қызлардың гендер теңлиги бузылыўына байланыслы мүрәжатларды көрип шығыў;
кәсиплик сегрегация, мийнет ҳақы арасындағы айырмашылық, халықтың экономикалық белсенди қатламы арасында ҳаял-қызлардың үлесин көбейтиў мәселелери бойынша илажларды әмелге асырыў;
ҳаял-қызлардың ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық түрлерине шек қойыў бойынша улыўма тән алынған халықаралық нормаларды миллий нызам ҳүжжетлерине имплементациялаў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
ҳаял-қызлардың ҳуқықый мәдениятын арттырыўға қаратылған илажларды белгилеў ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў және кең көлемли үгит-нәсият жумысларын шөлкемлестириў.
- Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай менен биргеликте еки ай мүддетте:
а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлардың кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин:
гендер теңлиги түсиниги ҳәм түрлери;
ўәкилликли уйымлардың ўазыйпалары ҳәм функциялары;
мәмлекетлик басқарыўға қатнасыў, жумысқа қабыл етиў ямаса жаллаў, кредит алыў ҳәм исбилерменлик пенен шуғылланыўда гендер теңлигин тәмийинлеўге байланыслы нормалар;
гендер теңлиги бузылыўының алдын алыўға қаратылған илажларды, сондай-ақ, бундай бузылыўға алып келетуғын қылмысларды ислегени ушын жуўапкершилик;
б) төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызам жйобарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин:
турмыслық, жумыс орнындағы ҳәм билимлендириў мәкемелериндеги басым өткериў ҳәм зорлықлардың түрлери;
ўәкилликли уйымлардың ўазыйпалары ҳәм функциялары;
басым өткериў ҳәм зорлықлардың алдын алыўға қаратылған илажларды, сондай-ақ, бундай қылмысларды ислегени ушын жуўапкершилик;
судқа шекем ҳәм суд процесинде басым өткериў ҳәм кемситиўлерге дуўшар болған шахсларды қорғаўға қаратылған процессуал кепилликлер.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети Ҳаял-қызлар комитети, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Орайлық сайлаў комиссиясы, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Жоқарғы суд, Орайлық банк, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети және Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте 2-қосымшаға муўапық Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Статистика комиссиясы тәрепинен усыныс етилген минимал гендер көрсеткишлер ҳәм басқа да мағлыўматлардың «Gender.stat.uz» веб-сайтына жайластырылыўын ҳәм мағлыўматлар турақлы түрде жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте орайларды барлық шараятқа ийе болған хызмет ханалары менен тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Әдиллик министрлиги және Ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерин ҳаял-қызлардың мийнет ҳәм исбилерменлик ҳуқықлары кемситилиўи жағдайлары бар екени көз-қарасынан инвентаризация етип, тийисли усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.К.Норбоеваға усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен нәтийжели әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң инвестициялар ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери бойынша орынбасары Э.М.Ғаниевке ҳәм Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.У.Умурзоқовқа Ҳаял-қызлардың гендер теңлигин қорғаў бойынша комиссия менен биргеликте усы қарарда нәзерде тутылған илажлар ҳәм жойбарларды қаржыландырыў ушын халықаралық қаржы шөлкемлери, биринши гезекте, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға қәнигелестирилген шөлкемлердиң техникалық жәрдем қуралларын ҳәм кредитлерин тартыў бойынша турақлы және системалы түрде зәрүр шөлкемлестириў-әмелий илажлар көриў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың мазмун-мәниси ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
- 13. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 14. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Т.К.Норбоеваға ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 7-март