Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Жүзимшилик ҳәм виношылықты буннан былай да раўажландырыў, ислеп шығарылып атырған алкоголь ҳәм темеки өнимлерин реализациялаў системасын жетилистириў, олардың ислеп шығарылыўын ҳәм айланысын нәтийжели мониторинг етиў, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын қысқартыў ҳәм елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:
а) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанында Жүзимшиликти ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлигин (кейинги орынларда – Агентлик) шөлкемлестириў;
б) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанында Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясын (кейинги орынларда – Инспекция) шөлкемлестириў;
в) «Ўзшаробсаноат» АЖның басқарыў уйымлары мәжилислеринде жәмийеттиң шөлкемлер устав капиталларындағы үлесин 1-қосымшаға муўапық Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине бериў арқалы жәмийетти сапластырыў мәселесин көрип шығыўды алға қойыў;
г) төмендегилердиң устав капиталындағы үлесин:
«Ўзшаробсаноат» АЖ «Зомин узумчилик ўқув маркази» ЖШЖны келешекте оны Агентлик жанындағы «Узумчилик ўқув маркази» МУКқа айландырған ҳалда;
«Ўзшаробсаноат» АЖның «Марказий синов лабораторияси» ЖШЖны келешекте оны Агентлик жанындағы «Энология лабораториясы» МУКқа айландырған ҳалда Агентликке бериў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.
- Төмендегилер белгиленсин:
а) Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип:
жүзимшилик ҳәм виношылық тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты жүргизиў, сондай-ақ, жүзимшиликти ҳәм виношылықты жедел раўажландырыўға қаратылған комплексли мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;
жүзим, тийкарынан оның техникалық сортлары плантацияларын кеңейтиўге ҳәм виношылықты раўажландырыўға, заманагөй ресурс үнемлейтуғын технологияларды енгизиўге, виношылық кәрханаларын комплексли модернизациялаўға жәрдемлесиў;
бәсекиге шыдамлы виношылық өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ушын тиккелей инвестицияларды тартыўда жүзим жетистириўшилер ҳәм вино таярлаўшыларды қоллап-қуўатлаў, сыртқы базарлар конъюнктурасын терең маркетинг изертлеўлерин өткериў жолы менен тараўдың экспорт потенциалын арттырыў, сондай-ақ, жергиликли виношылық өнимлерин республикада соның ишинде, сырт елде де ғалаба ен жайдырыў;
сырт ел ҳәм жергиликли билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары ҳәм тармақтың жетекши өндирисшилери менен бирге ислесиў арқалы жүзимшилик ҳәм виношылық тараўында жоқары қәнигели кадрларды таярлаўға жәрдемлесиў;
жүзим нәллерин жетистириўшилердиң жумысын тәртипке салыў, жүзим, мийўе-жемислерден таярланған алкоголь өнимлериниң сапасын анықлаў бойынша Инспекция менен бирге ислесиў;
Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте жүзим плантацияларының электрон реестрин жүргизиў;
б) Инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип:
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў, сондай-ақ, алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы бойынша жумысты лицензияластырыў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў, және олардың айланыс көлемлерин мониторинг етиў ҳәм қадағалаў бойынша мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм раўажландырыў;
алкоголь ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарыў ушын кәрханалар арасында тутыныў этил спиртин белгиленген тәртипте бөлистириў;
мәмлекетлик стандартларға ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына қатаң әмел еткен ҳалда тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўда техникалық ҳәм технологиялық нормаларға муўапықлығын қадағалаў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң сақланыў сапасын ҳәм айланысын, соның ишинде, тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўда қолланылатуғын шийки зат ҳәм жәрдемши материаллардың сапасын қадағалаў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылар және алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар тәрепинен лицензиялық талапларға әмел етилиўин қадағалаў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың айланысының ҳақықый көлемлерин мониторинг етиў, сондай-ақ, алкоголь ҳәм темеки өнимлери ушын жаңа үлгидеги акциз маркаларын ислеп шығыўға қатнасыў;
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўшылар және алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланатуғын кәрханалар тәрепинен салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң өз ўақтында ҳәм толық түсирилиўин тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик салық хызмети уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў;
жүзим, мийўе ҳәм жемислерден таярланған алкоголь өнимлериниң сапасын анықлаў бойынша Агентлик пенен бирге ислесиў.
- Сондай тәртип белгиленсин, оған муўапық:
тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў және алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы Инспекция тәрепинен белгиленген тәртипте берилетуғын лицензиялар тийкарында әмелге асырылады;
алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшылар өнимди тек көтере саўда шөлкемлерине реализациялаў, пиво өнимлери, көбикленетуғын ҳәм тәбийғый винолар буған кирмейди;
барлық юридикалық шахслар нызамшылықта белгиленген тәртипте алкоголь өнимлериниң көтере саўдасы менен шуғылланыўға ҳақылы;
жергиликли пиво өнимлери, көбикленетуғын ҳәм тәбийғый виноларды реализациялаў барлық саўда кәрханалары, сондай-ақ, мийманханалардың хызметлерин және алкоголь өнимлерин реализациялаў ҳуқықын беретуғын рухсат етиў гүўалығы болмастан улыўма аўқатланыў хызметин көретиўши шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин;
Инспекция жанындағы этил спиртиниң сапасын анықлаў бойынша лабораториялар, олардың тийисли тәризде ислеўи ушын зәрүр техникалық шараятларды тәмийинлейтуғын тутыныў этил спиртин ислеп шығаратуғын кәрханаларда жайласады;
ислеп шығарыўшылар тәрепинен тутыныў этил спиртин реализациялаў 100 процент ҳақыны алдыннан төлеў шәртлеринде әмелге асырылады;
алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшылар алдыннан төлемди әмелге асырмай алкоголь өнимлерин реализациялаў ҳуқықына ийе;
алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшылар тәрепинен тутыныў этил спиртин Инспекция тәрепинен бөлистирилген көлемлерден зыят көлемде сатып алыў Инспекцияны белгиленген тәртипте хабардар етиў арқалы әмелге асырылады;
алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў көлемлерин режелестириў ислеп шығарыўшылар тәрепинен базар конъюнктурасын есапқа алған халда әмелге асырылады.
- 2020-жыл 1-январьдан баслап арақ ҳәм (ямаса) ликёр-арақ өнимлерин ислеп шығарыўшылар ушын алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жумысты әмелге асырыўға төмендеги қосымша лицензиялық талаплар енгизилсин:
үш жыл ишинде өзиниң техникалық жүзим сортлары плантацияларын бир тегис жаратыў ҳәм келешекте вино материалларын ҳәм (ямаса) вино ислеп шығарыўды шөлкемлестириў. Онда техникалық жүзим сортлары егилгеннен кейинги үш жылдан соң техникалық жүзим сортлары плантацияларының майданы арақ ҳәм (ямаса) ликёр-арақ өнимлерин жыллық ислеп шығарыў көлеминиң 75 процентке шекем туўра келетуғын вино материаллары ҳәм (ямаса) вино ислеп шығарыў ушын зәрүр болған зүрәәтти жыйнаў имканиятын бериўи керек;
арақ және тутыныў этил спиртинен арақ ямаса ликёр-арақ өнимлерин ислеп шығарыў бойынша бар болған жыллық өндирис қуўатлықларынан орнатылған қуўатлықлардың 60 процентинен аз болмаған муғдарда пайдаланылыўын тәмийинлеў. Бунда жыллық өндирислик көлем абсолют алкогольға қайта есаплағанда кеминде 100 мың деалитрди қураўы керек;
арақ ислеп шығармайтуғын кәрханаларда тутыныў этил спиртинен ликёр-арақ өнимлерин ислеп шығарыў бойынша қолда бар жыллық өндирис қуўатлықларынан орнатылған қуўатлықлардың 50 процентинен аз болмаған муғдарда пайдаланылыўын тәмийинлеў;
онда жүзим, мийўелер ҳәм жемислерден таярланған алкоголь өнимлерине минимал ислеп шығарыў көлеми бойынша лицензиялық талап орнатылмайды.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Этил спирти, алкогольли өнимлер ислеп шығарыў ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў жумысын лицензиялаў комиссиясы тәрепинен алкогольли өнимлер ислеп шығарыў жумысын әмелге асырыўға бурын берилген лицензиялар, әмел етиў мүддетине қарамастан, 2019-жыл 1-июльге шекем ҳақыйқый есапланатуғыны ҳәм жаңа лицензия талапларын есапқа алған ҳалда қайта рәсмийлестирилиўи шәрт екенлиги белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
Ташкент қаласы, Абай көшеси, 6-жай мәнзили бойынша жайласқан сапластырылып атырған «Ўзшаробсаноат» АЖның имаратлары ҳәм объектлерин үскенелери ҳәм шөлкемлестириў техникасы менен бирге Агентлик ҳәм Инспекцияның оператив басқарыўына бериў, сондай-ақ, сапластырыў процеси жуўмақланғаннан кейин жәмийеттиң қалған ақша қаржылары ҳәм тийкарғы қуралларын Агентлик ҳәм Инспекцияға теңдей үлеслерде бөлистириў;
бир ай мүддетте «Өзстандарт» агентлиги балансындағы этил спиртиниң сапасын анықлаў бойынша лабораториялардың мүлкин Инспекцияның оператив басқарыўына бериў;
2019-жыл 1-октябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте алкоголь, ликёр-арақ ҳәм вино өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрханалардағы мәмлекетлик үлеслерди сатыў ушын, соның ишинде, техникалық сортлы жүзимзарларды жаратыў ҳәм ислеп шығарыў қуўатлықларын модернизациялаўды нәзерде тутқан ҳалда инвестициялық талапларды таярлаў;
2019-жылдың ақырына шекем «Ўзшаробсаноат» АЖның усы Пәрманға 1-қосымшада нәзерде тутылған агрофирмалар, көтере базалар ҳәм басқа да шөлкемлердиң устав қорларындағы мәмлекетлик үлеслерди белгиленген тәртипте саўдаға қойыўды тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги потенциалы жоқары, соның ишинде, сырт ел инвесторларын усы Пәрманға муўапық реализацияланатуғын объектлер ҳаққында кеңнен хабардар етиў ҳәм оларды сатып алыўға тартыў бойынша зәрүр илажларды қабыл етсин.
- Экономика ҳәм санаат министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте, технологиялық ҳәм экономикалық мақсетке муўапықлығын есапқа алған халда, тутыныў этил спиртин ислеп шығарыўшылар тәрепинен өзиниң бийдай атызларын шөлкемлестириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги еки ай мүддетте усы Пәрманның талапларын есапқа алған ҳалда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:
алкоголь өнимлериниң айланысын есапқа алыў мәлимлеме системасына жалғаныўды тийкарғы лицензия талабы сыпатында белгилеген ҳалда алкоголь өниминиң көтере саўдасын әмелге асырыў бойынша лицензия жумысының жаңа түрин енгизиў;
алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң билимлендириў, спорт ҳәм диний мәкемелерден туўры сызық бойынша еки жүз метрден артық радиуста жайласқан саўда объектлеринде, сондай-ақ, улыўма саўда майданы мың квадрат метрден артық болған саўда комплеслери (базарлар) ҳәм ярмарка павильонларында реализациялаў;
республика аймағына алкоголь өнимлерин полиэтилен, полистирол ҳәм басқа да полимер материалларынан таярланған полимер тутыныў ыдысларында алып кириўди қадаған етиў ҳәм жуўапкершиликти орнатыў, пиво ҳәм вино өнимлери буған кирмейди.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2019-жыл 5-февраль