Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПП–60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў, олардың жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кадрлар потенциалын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыў, журналистика тараўын раўажландырыў мақсетинде:
- а) 2022-жыл 1-июльден баслап 2025-жыл 1-июльге шекем:
ғалаба хабар қураллары пайда салығын белгиленген салық ставкаларына салыстырмалы түрде 50 процент азайтылған салық ставкалары бойынша төлейтуғыны, реклама өзгешелигине ийе ғалаба хабар қураллары буған кирмейтуғыны;
Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын, белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып кирилетуғын полиграфиялық үскенелер, заманагөй ҳәм радиотелевизиялық үскенелер ҳәм қағаз бажыхана бажысынан азат етилетуғыны;
б) 2023-жылдан баслап тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және басқа да мәкемелерге 110 нусқа күнделикли баспа басылымлар ҳәм 67 нусқа китап өнимлериниң мәжбүрий бийпул нусқаларын жибериў әмелияты бийкар етилетуғыны, олар тәрепинен баспа өнимлерин сатып алыў тәртиби енгизилетуғыны (Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы буған кирмейтуғыны). Онда, тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен сатып алыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратылатуғыны;
в) бюджет шөлкемлерине олардағы «китапхана фонды» қәрежет статьясы арқалы күнделикли баспа басылымлар, олардың электрон түри ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларына жазылыў ушын қаржы қаратыўға рухсат берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-октябрьден баслап балалар ушын мөлшерленген теле- ҳәм радиоөнимлерди ислеп шығарыў ҳәм эфирге жибериў бойынша ҳәр жылы ең жақсы 30 жойбар ушын ҳәр бир базалық есаплаў муғдарының 300 есесине шекемги муғдарда таңлаў жәрияланады. Бул бағдардағы қәрежетлер Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигине қосымша ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады.
- Белсенди журналистлерди турақлы хошаметлеў ҳәм олардың арасында дөретиўшилик саламат бәсеки орталығын раўажландырыў мақсетинде ҳәр шеректе:
ғалаба хабар қуралларында жәрияланған 100 ге шекем ең жақсы материал ушын авторлар (дөретиўшилик топар ағзалары) төменнен жоқарыға өсип барыў тәртибинде базалық есаплаў муғдарының 50 есесине шекемги муғдарда ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады;
әмелий ҳәм айрықша әҳмийетке ийе болған 100 ге шекем ең жақсы аналитикалық материалды таярлаў ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәриялаў ушын мәмлекетлик грантлар ҳәм мәмлекетлик социаллық буйыртпаларды бериў бойынша таңлаў жәрияланады.
Мәлиме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) ең жақсы материалларды кең жәмийетшилик ҳәм маман бийғәрез экспертлер тәрепинен ашық-айдын усылда электрон анықлаў системасын – арнаўлы электрон платформаны иске қоссын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- 2023-жылдан баслап журналистлер арасында ҳәр жылы дәстүрий өткерилип киятырған «Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды демократиялық принциплер тийкарында және де ашық-айдынлық пенен өткериўге итибар қаратылсын, сондай-ақ, «Алтын қәлем» миллий сыйлығының жеңимпазлары:
бас миллий сыйлық ушын – автомобиль;
биринши орын ушын – базалық есаплаў муғдарының 200 есеси;
екинши орын ушын – базалық есаплаў муғдарының 175 есеси;
үшинши орын ушын – базалық есаплаў муғдарының 150 есеси;
12 ҳошаметлеўши номинацияның ҳәр бири ушын – базалық есаплаў муғдарының 100 есеси муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықлансын.
«Алтын қәлем» миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўды өткериўге байланыслы қәрежетлер «Илҳам» жәмийетлик фондының қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер өзиниң шөлкемлестириўиндеги күнделикли баспа басылымларының заманагөй электрон түри, соның ишинде, мобиль қосымшалары тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге 2022-2024-жылы ажыратылған Мәмлекетлик бюджет және олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан жаратылыўын шөлкемлестиреди, кейинги жылларда оларды модернизациялаў ушын қаржы ажыратып барады;
б) 2023-жыл январьдан баслап:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң шөлкемлестириўинде болмаған ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилгенине кеминде еки жыл болған күнделикли баспа басылымлардың заманагөй элеткрон түрин, соның ишинде, олардың мобиль қосымшаларын жаратыў ҳәм модернизациялаў ҳәм бир жыл даўамында жүргизиў қәрежетлерин қаплаў ушын 2026-жыл 1-январьға шекем ҳәр жылы ең жақсы 20 жойбар бойынша таңлаў жәрияланады. Онда, ҳәр бир таңлаў ушын Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги муғдарда қаржы ажыратылады;
күнделикли баспа басылымлар, китап ҳәм басқа да баспа өнимлерине аралықтан турып жазылыў ҳәм олардың буйыртпашыға шекем өз ўақтында жеткерип берилиўин бақлап барыў имканиятын беретуғын «Жазылыў» бирден-бир электрон платформасы, соның ишинде, оның мобиль қосымшасы жаратылады;
2026-жыл 1-январьға шекем физикалық шахслар тәрепинен «Жазылыў» бирден-бир электрон платформасы арқалы жазылған жәмийетлик-сиясий, руўхый-ағартыўшылық, әдебий-көркем, ҳуқықый, илимий-галабалық күнделикли баспа басылымлары жазылыў баҳасының 10 процент, балалар ушын мөлшерленген күнделикли баспа басылымлары жазылыў баҳасының 20 процент муғдары Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан жазылыўшылардың банк карталарына бир ай мүддет ишинде қайтарылады («Cashback»), реклама өзгешелигине ийе болған күнделикли баспа басылымлар буған кирмейди. Онда, бул қәрежетлер Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине қосымша ажыратылатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) ҳәм Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) 2022-жылдың ақырына шекем Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан «Жазылыў» бирден-бир электрон плтаформасы, соның ишинде, оның мобиль қосымшасын жаратсын ҳәм электрон төлем системалары менен интеграцияласын және оның турақлы түрде модернизацияланыўын, техникалық қоллап-қуўатланыўы ҳәм жумыс алып барыўын тәмийинлесин.
- Журналистика тараўында кадрлар таярлаў процесин әмелият пенен интеграциялаў, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм журналистлердиң шет тиллерди үйрениўин хошаметлеў мақсетинде 2022-жыл 1-сентябрьден баслап:
а) жоқары билимлендириў мәкемелеринде журналистика бағдары бойынша сабақ беретуғын профессор-оқытыўшылардың авторлық көрсетиў ҳәм еситтириўлери ҳәм ири аналитикалық мақалалары оларды материаллық ҳошаметлеў көзқарасынан илимий мақалаға теңлестириледи;
б) ғалаба хабар қураллары редакциялары, басылымлар, баспа кәрханалары ҳәм мәлимлеме хызметлеринде кеминде бес жыл жумыс ислеген ҳәм усы бағдарлар бойынша жоқары билимлендриў мәкемелеринде сабақ берип атырған, Өзбекстан Республикасының ҳүрметли атақларына ийе болған шахслар мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери бойынша 1-қосымшаға муўапық профессор ҳәм доцент илимий атағына ийе болған шахсларға теңлестириледи;
в) жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорларына журналистика тараўы бойынша кадрлар таярлаў процесине ғалаба хабар қуралларының белгили ҳәм тәжирийбели хызметкерлерин, тараўдың жетик қәнигелерин тартыў және олардың мийнетин жоқары билимлендириў мәкемесиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қосымша хошаметлеў ҳуқықы бериледи;
г) журналистика тараўында кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелери кафедраларының қәнигелестирилген бөлимлери 2-қосымшаға муўапық шөлкемлестириледи;
д) ғалаба хабар қуралларында кеминде бир жыл даўамында тийкарғы жумыс орны сыпатында ислеп киятырған журналистлер ҳәм редакция хызметкерлериниң:
шет тиллерге оқытыў бойынша оқыў курсларында оқыў қәрежетлериниң 50 проценти, бирақ базалық есаплаў муғдарының 15 есесинен артпаған бөлеги компенсацияланады. Онда, олар шет тиллери бойынша В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеминде оқыўға байланыслы ҳақыйқый қәрежетлерди дәлийллейтуғын ҳүжжетлерди усыныўы керек;
шет тиллери бойынша В2 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыў ушын имтихан тапсырыў қәрежетлери толық компенсацияланады.
Онда, усы «д» киши бәнтте белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының мәлимлеме тараўы ҳәм ғалаба коммуникацияларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қапланады.
- Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы жоқары уйымының қарары менен Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Өзбекстан Журналистлер аўқамы деп қайта аталғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Наўайы көшеси, 16-үй мәнзилиндеги имаратқа тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
2023-2024-жылларда 50 журналист ҳәм редакция хызметкерлери сырт мәмлекетлерге маманлық арттырыў, тәжирийбе үйрениў, стажировка өтеў ҳәм абырайлы медиа илажларда қатнасыў ушын жибериледи ҳәм олар ушын сырт елли маман қәнигелер тартылған ҳалда оқыў курслары шөлкемлестириледи. Бул бағдардағы тийисли қәрежетлер Өзбекстан Журналистлер аўқамына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери ҳәр жылы Өзбекстан Журналистлер аўқамының тийисли аймақлық бөлимлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, сақлаў қәрежетлерин қаплаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан белгиленген тәртипте субсидия сыпатында қаржы ажыратып барыў илажларын көрсин.
- Журналистлердиң нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Журналистлер аўқамының төмендегилерди аўқам тәрепинен әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
журналистлер ҳәм мәмлекетлик уйымлар, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер арасында жүзеге келген келиспеўшиликлердиң судқа шекем шешилиўине жәрдемлесиў;
журналистлердиң профессионал жумысына байланыслы жынаят ислери бойынша жумыс алып барыўда олардың жәмийетшилик қорғаўшылары сыпатында нызамда белгиленген тәртипте қатнасыў;
теле- ҳәм радиоканаллардың көркем кеңеслериниң жумысына тартылған маман экспертлерди Өзбекстан Журналистлер аўқамына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан турақлы түрде хошаметлеп барыў.
- Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы жоқары уйымының қарары менен Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы деп қайта аталғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Өзбекстан Миллий медиа ассоциациясы тәрепинен усыныс етилген медиа жойбарларды әмелге асырыў режелерине муўапық министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлерге олардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан шәртнама тийкарында медиа өнимлер жаратыў, оларды реализациялаў ҳәм басқа да медиа жойбарларды әмелге асырыўға рухсат берилетуғыны белгиленсин.
- Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға ғалаба хабар қураллары ушын грантлар, социаллық буйыртпалардың саны ҳәм муғдарын арттырып барыў ҳәм бул бағдарда өз алдына таңлаўлар өткериў усыныс етилсин.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Х.Шерматов) Әдиллик министрлиги (Р.Қ.Давлетов), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) менен биргеликте үш ай мүддетте телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў, телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларынан пайдаланыў және оларға хызмет көрсетиў ушын белгиленген мәмлекетлик бажы муғдарын 50 процентке шекем азайтыў ҳәм оны жыл даўамында бөлип-бөлип төлеўди енгизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, төмендегилер ушын мәмлекетлик бажының өз алдына муғдарлары нәзерде тутылады:
телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) тармақларын жойбарлаў ҳәм қурыў;
мәмлекет көлеминде телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў) ямаса аймақлық телерадиоеситтириўлерди тарқатыў (көрсетиў);
радиоеситтириўлерди тарқатыў.
- Ташкент қаласы, Мирабад районы, Матбуотчилар көшеси 32-үй мәнзилинде жайласқан «Баспасөз үйи» имарат ҳәм объектлери Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында берилсин.
Усы имаратқа күнделикли баспа басылымларының редакциялары ижара ҳақын төлеместен (коммуналлық төлемлер ҳәм көрсетилетуғын басқа да хызметлер буған кирмейди) жайластырыў мүмкин екени белгиленсин.
- Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте:
усы қарардың 12-бәнтинде келтирилген имарат ҳәм объектлер және оларға тутас аймақта заманагөй медиа қалаша шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлерди 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизсин;
усы жойбар бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин таярлаў ушын 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жумсалған ҳәм өзлестирилмеген қаржылар есабынан жетерли муғдарда қаржы ажыратыў илажларын көрсин.
Заманагөй медиа қалаша жойбары жуўмағына жеткерилгенге шекем Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги өз жумысын Ташкент қаласы, Мирабад районы, Буюк Турон көшеси, 42-үй мәнзилинде жайласқан имаратта даўам еттирсин.
- 2022-2023-жылларда ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын буннан былай да раўажландырыў илажлары бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер ҳәм уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң басшылары бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екени көрсетип өтилсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-августтағы «Өзбекстан дөретиўшилерин қоллап-қуўатлаў «Илҳам» жәмийетлик фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3184-санлы қарары 2-бәнтиниң үшинши абзацындағы, 5-бәнтиниң екинши абзацындағы, 10-бәнтиндеги ҳәм қарарға 1-қосымшаның он бесинши абзацындағы тийисли келисимдеги «Журналистлер дөретиўшилик аўқамы» сөзлери тийисли келисимдеги «Журналистлер аўқамы» сөзлери менен алмастырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-августтағы «Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3195-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимов ҳәм Мәлимлеме ҳәм галаба коммуникациялар агентлиги директоры А.А.Ходжаев белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары – Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Ш.И.Асадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 27-июнь