Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

 Кейинги жылларда республикамыздың аграр секторын халықаралық стандартларға муўапық және елимиз аймақларының тәбийғый ықлым ҳәм топырақ шараятларына жуўап беретуғын заманагөй жергиликли ҳәм сырт ел аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеў бойынша жедел илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, бир ғана 2018-жылы аўыл хожалығы өнимлерин өндириўшилерге, биринши гезекте, фермер хожалықлары, пахта-тоқымашылық өндиристи шөлкемлестириўшилер ҳәм кластерлерге 33,7 мыңнан аслам аўыл хожалығы техникасы жеткерип берилди. Бул болса 2017-жылғы көрсеткишлер менен салыстырғанда 1,5 есеге көп.

Әмелге асырылып атырған илажларға қарамастан, қолда бар аўыл хожалығы техникаларының 25 проценттен асламы 15 жылдан артық мүддет даўамында эксплуатация етилмекте, сонлықтан аўыл хожалығы өнимлерин өндириўшилерди сапалы ҳәм арзан техникалар менен тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта ҳәм мәмлекет тәрепинен буннан былай да қоллап-қуўатлаўды талап етпекте.

Аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшыларды сапалы аўыл хожалығы техникалары менен тәмийинлеўди мәмлекет тәрепинен қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, бул процесске коммерциялық банклердиң қаржы қәрежетлерин тартыў мақсетинде:

 

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлигиниң аўыл хожалығы тараўындағы кәрханалардың аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:

жергиликли ғәлле орыў ҳәм пахта териў техникаларын жеткерип бериўди қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының (кейинги орынларда – Қор) Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының 50 процентинен аспаған процент ставкасы бойынша ҳәм қайтарылыў мүддети қәрежетлер қапланыў мүддетине қарай 7 жылдан 10 жылға шекем болған қарыз қаржылары есабынан әмелге асырылады және қаржыландырыў көлеми Қордың дәраматларын ҳәм қәрежетлерин қәлиплестириўде белгиленеди;

аўыл хожалығы тараўындағы кәрханалардың ғәлле орыў ҳәм пахта териў техникасынан тысқары, республикада ислеп шығарылған барлық түрдеги тракторлар, ғәлле ҳәм пахта сеялкалары, сондай-ақ, үш ямаса оннан артық плуг корпусларын сатып алыў ушын кредит ҳәм лизинг шәртнамалары бойынша процент қәрежетлери коммерциялық банклер ҳәм лизинг компаниялары тәрепинен белгиленген процент ставкасының 10 процентлик пункти муғдарында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қапланады. Бунда процент қәрежетлерин қаплаўдың усы муғдары Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң қайта қаржыландырыў ставкасының өзгериўине қарай Қаржы министрлиги тәрепинен қайта көрип шығылыўы мүмкин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

а) 2019-жылы эксперимент тәризинде Жиззақ, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен пахта териў жумысларына тартылатуғын пахта териў машиналарының хызметинен пайдаланғаны ушын қәрежетлердиң 30 процентин қаплап бериўди тәмийинлесин;

б) Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте пахта териў машиналарының хызметине ҳақы төлеў қәрежетлерин қаплап бериў бойынша эксперимент нәтийжелери тийкарында 2019-жыл 1-декабрьге шекем усы әмелиятты елимиздиң басқа да аймақларына енгизиў бойынша тийкарланған усынысларды киргизсин;

в) 2019-жыл 20-апрельге шекем:

усы қарарда нәзерде тутылған мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

«Ўзагролизинг» АЖ, «Ўзмашлизинг» ЖШЖ ҳәм аўыл хожалығы техникасын ислеп шығарыўшылар арасындағы 2018-жылдың IV шерегинде лизинг тийкарында жеткерип берилген техникалар ушын өз-ара есап-санақларды әмелге асырыўға 155,6 миллиард сум муғдарындағы қаржылар Қордың қаржылары есабынан ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. АК «Халық банки» ҳәм «Микрокредитбанк» АКБның Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Өзбекстан Республикасы акционерлик коммерциялық Халық банки ҳәм «Микрокредитбанк» акционерлик коммерциялық банкиниң қаржылық жағдайын жақсылаў және жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3694-санлы қарарына муўапық олардың устав капиталына қаратылған қаржылардың 30 процентин 2019-жылы жергиликли аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў ушын мақсетли кредитлер ажыратыўға қаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Жергиликли ислеп шығарыўшылар тәрепинен аўыл хожалығы техникаларын сатыўдан түскен қаржылар 2020-жыл 1-январьға шекем қосымша қун салығынан азат етилсин.

2020-жыд 1-январьға шекем лизинг компаниялары ҳәм коммерциялық банклер ушын қосымша қун салығы лизинг хызметлери бөлегинде қосымша қун салығынан азат етилген, соның ишинде, импорт етилген лизинг объектин сатып алыў баҳасы ҳәм сатыў баҳасы арасындағы унамлы айырмашылықтан есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте аўыл хожалығы техникаларын жергиликли ислеп шығарыўларға жыллық 5 процент ставкада, соның ишинде, коммерциялық банклердиң 1 процент маржасын есапқа алған халда мақсетли кредитлер ажыратыў ушын 50 миллион АҚШ долларын коммерциялық банклерге олардың буйыртпалары тийкарында еки жыл мүддетке депозит сыпатында жайластырсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети :

бир ай мүддетте 2019-2021-жылларда жергиликли ислеп шығарылған аўыл хожалығы техникаларын лизинг тийкарында жеткерип бериўди қаржыландырыў мақсетинде ҳәр жылы 100 миллион АҚШ долларынан аз болмаған муғдарда халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлериниң узақ мүддетли жеңилликли кредит линиялары тартылыўын тәмийинлесин;

Елимизде аўыл хожалығы техникалары ушын аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириўге қаратылған инвестициялық жойбарлардың жедел әмелге асырылыўы үстинен системалы мониторинг орнатсын ҳәм бунда «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖға әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. «Ўзагротехсаноатхолдинг» ҳәм «Ўзагросервис» акционерлик жәмийетлери және олардың қурамына киретуғын кәрханалардың басқарма уйымлары, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң таңлаў тийкарында ең жақсы усынысларын ажыратып алыў жолы менен:

«Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖның хожалық жәмийетлери устав капиталындағы (фондындағы) үлеслерин кәрханалардың тийкарғы жумыс түрин сақлап қалыў шәрти менен 1-қосымшаға муўапық;

аймақлық «Агросервис МТП» ЖШЖның машина-трактор парклери устав капиталындағы (фондындағы) үлеслерин исбилерменлик субъектлерине баҳалаў нырқында машина-трактор парклериниң тийкарғы жумыс түрин (механизация ҳәм сервис хызметлерин көрсетиў) сақлап қалыў ҳәм 5 жыл мүддетке бөлип төлеў шәрти менен 2-қосымшаға муўапық сатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

 

  1. «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖның хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы (фондындағы) үлесин 1-қосымшаға муўапық сатыўдан түскен қаржылар «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖның инвестициялық жойбарларын әмелге асырыўға қаратылатуғыны;

машина-трактор парклери сатылмаған жағдайда, басланғыш нырқты олар сатыўға қойылған сәнеден еки ай өткеннен соң ҳәр 15 күнде басқышпа-басқыш 10 процентке азайтыў механизмин қолланған халда, бирақ номинал нырқтан кем болмаған баҳада кең жәмийетшиликке сатыўға қойылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги хожалық жәмийетлериниң устав капиталындағы үлеслерин баҳалаў және оларды сатыў бойынша таңлаўларды жәриялаўда ҳәм өткериўде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖ ҳәм «Ўзагросервис» АЖға ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖ менен биргеликте бир ай мүддетте тиккелей сырт ел инвестицияларын тартқан ҳалда аўыл хожалығы техникалары ушын комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди ислеп шығарыўды кеңейтиў және 2021-жылдың ақырына барлық түрдеги аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыўда локализациялаў дәрежесин кеминде 40 процентке жеткериўди нәзерде тутатуғын «Жол картасын» ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.

 

  1. «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖ, «Ўзагролизинг» АЖ коммерциялық банклер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары менен биргеликте бир ай мүддетте жергиликли ислеп шығарылған аўыл хожалығы техникаларын сатып алыў бойынша буйыртпалар портфелин қәлиплестирсин.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында қаржыландырылыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.

 

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрициясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, сондай-ақ, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары усы қарар қағыйдаларының кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.

 

  1. «Ўзагротехсаноатхолдинг» АЖ Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги және басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

 

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 4-апрель