Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

2018-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде республиканың 159 районындағы 417 аўылдың архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм аймақларды комплексли раўажландырыў мақсетинде олардағы жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлеринде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5386-санлы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў 2019-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы (кейинги орынларда  Бағдарлама деп аталады) шеңберинде ҳәр бир районда  үшеўден аўыл (мәҳәлле) да халықтың жасаў шараятларын түп-тийкарынан жақсылаў, турмыс тәризи ҳәм дәрежесинде сезилерли унамлы өзгерислерди тәмийинлеў, усы аўыл (мәҳәлле)лардың келбетин заманагөйлестириў ҳәм онда жасайтуғын адамлар ушын жумыс орынларын жаратыў мақсетинде:

  1. 2019-жылы Бағдарлама шеңберинде төмендегилер:

елимиздиң 159 районында 1,6 миллионнан аслам халық жасайтуғын 478 аўылда әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының тийкарғы көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

әмелге асырылатуғын илажлар ушын жумсалыўы режелестирилген 4,8 триллион сум муғдарындағы қәрежетлердиң дәреклери  2-қосымшаға муўапық;

улыўма узынлығы 5 476 километрден ибарат регионаллық жоллар (ишки көшелер)ды оңлаў ҳәм реконструкциялаў илажлары 3-қосымшаға муўапық;

1,3 триллион сум муғдарындағы қаржылардың есабынан аўылларды абаданластырыў илажлары 4-қосымшаға муўапық;

36 мыңнан аслам және улыўма узынлығы  2 458 километр болған түнги көшени жақтыландырыў және 21 байланыс системасын жақсылаў илажлары 5-қосымшаға муўапық;

халыққа транспорт хызметин көрсетиў системасын жетилистириў, атап айтқанда 556 автобәндирги қурыў және улыўма 46,3 миллиард сумлық 189 заманагөй автобуслар сатып алыў бойынша илажлар 6-қосымшаға муўапық;

ишимлик суўы тәмийнаты системасын жақсылаў мақсетинде 2 219 километр жаңа тармақ және 221 суў қурылмасын қурыў, 729 километр тармақлар және 163 суў қурылмаларын реконструкциялаў илажлары 7-қосымшаға муўапық;

361 миллиард сум муғдарындағы қаржылардың есабынан электр ҳәм газ тәмийнаты системасын жақсылаў илажлары 8-қосымшаға муўапық;

214,2 мың жеке тәртиптеги турақ жайларды оңлаў бойынша илажлар 9-қосымшаға муўапық;

1 182 көп квартиралы турақ жайларды оңлаў илажлары 10-қосымшаға муўапық және 378 көп квартиралы турақ жайлардың аймақларын абаданластырыў илажлары 11-қосымшаға муўапық;

280 мектепке шекемги билимлендириў, 510 мектеп, 237 денсаўлықты сақлаў және 439 басқа да социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў илажлары 12-12.4-қосымшаларға муўапық;

жәми 2 532 базар инфраструктурасы объектлерин қурыў ҳәм оңлаў бойынша илажлар 13-қосымшаға муўапық;

ирригация-мелиорация тараўында, соның ишинде, 296 километр ирригация ҳәм 1 538 километр мелиорация объектлерин қурыў ҳәм оңлаў, 584 километр ирригация объектлерин тазалаў бойынша әмелге асырылатуғын илажлар 14-қосымшаға муўапық;

талап етилетуғын тийкарғы түрдеги қурылыс ҳәм пардозлаў материаллары ҳаққындағы көрсеткишлер 15-қосымшаға муўҳапық;

Бағдарлама параметрлериниң орынланыўын өз мүддетинде ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар режеси  16-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасын 2018-жылы әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3630-санлы қарары менен шөлкемлестирилген «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўды муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда Республикалық комиссия деп аталады) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

бир ай мүддетте усы қарар параметрлеринен келип шыққан ҳалда, аўылларда 2019-жылы әмелге асырылатуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының жергиликли ҳәкимликлер ҳәм тийисли министрлик (уйым)лер тәрепинен ислеп шығылған және Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Қаржы министрлиги менен келисилген район ҳәм аўыллар кесиминдеги мәнзилли дизимлерди тастыйықласын;

Бағдарламаға киргизилген аўыллық елатлы пунктлердеги бар турақ жайлар, имарат ҳәм объектлер, инфраструктуралық объектлер, ишимлик суў системалары, жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникациялардың техникалық жағдайын үйренип шығып, сол тийкарда 2019-жылы қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларының «тармақлық кестелерин» ислеп шығып, тастыйықлаў және орынланыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.

Республикалық комиссия (А.Раматов)ға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң басламалары тийкарында тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен келискен ҳалда Бағдарламаға қосымша аўылларды киргизиў және әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыў, экспертизадан өткериў нәтийжелери бойынша жумыс көлемлери ҳәм баҳаларына анықлық ҳәм дүзетиў киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Бағдарлама шеңберинде орынланатуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ушын ажыратылған қаржылардан мақсетли және нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, объектлердиң жумыс көлеми ҳәм жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлери баҳасының тийкарсыз рәўиште арттырылып жиберилиўине жол қоймаў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери жеке жуўапкер болып табылады.

Бағдарлама шеңберинде орынланатуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша жумыс көлеми ҳәм сметалық баҳасы арттырылған жағдайда қосымша талап етилетуғын қаржылар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлериниң қосымша қаржылары есабынан әмелге асырылатуғынына белгилеп  қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, тийисли министрликлер, уйымлар менен биргеликте республика бюджети ҳәм мақсетли қорлардың есабынан қаржыландырылатуғын социаллық инфраструктуралық объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде әмелге асырсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниялары, сондай-ақ, министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелери системасындағы буйыртпашы хызметлер Бағдарламаға киргизилген объектлер бойынша буйыртпашы етип белгиленсин.
  3. Республикалық комиссия (А.Раматов):

Бағдарламада қатнасып атырған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери, министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып, өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлесин және жүзеге келген машқалалы мәселелерди оператив түрде шешиў илажларын көрсин;

қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўын өз ўақтында ҳәм толық тәмийинлеў бойынша системалы мониторинг жүргизип, турақлы түрде  додалап барсын;

Бағдарлама параметрлериниң орынланыўын кешиктирген ямаса тәмийинлемеген жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларына интизамий илажлар көриў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы қаржы министри Ж.Қўчқоров және Бас министрдиң инвестициялар ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар мәселелери бойынша орынбасары Э.Ғаниев мәмлекетлик және хожалық басқарыў уйымлары тәрепинен усынылған жойбарлар тийкарында Бағдарламаны әмелге асырыўға халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел ҳүкиметлери финанс шөлкемлериниң узақ мүддетли жеңилликли кредитлерин ҳәм басқа да қаржы дәреклерин тартыў илажларын көрсин.

Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Энергетика министрлиги Бағдарламаға киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде социаллық тараў объектлери, жол-транспорт инфраструктурасы ҳәм инженерлик-коммуникация тармақлары қурылысы ушын жойбарлардың финанслық-экономикалық есабын (жойбарлаў алды ҳүжжетин) бир ай мүддетте таярлап, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине усынсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, «Ўзметкомбинат» АЖ, «Ўзсаноатқурилишматериллари» ассоциациясы, «Ўзнефтьмаҳсулот» АЖ буйыртпашылар ҳәм жойбарлаў шөлкемлериниң тийкарланған есап-санақлары бойынша Бағдарлама шеңберинде 2019-жылы аўыллық елатлы пунктлерде социаллық тараў объектлерин, инженерлик-коммуникация тармақларын қурыў ҳәм оңлаў ушын биржа котировкаларының орташа баҳаларына муўапық ҳақысын алдын ала төлеў шәрти менен металл прокаты, цемент ҳәм жанылғы-майлаў өнимлери ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер:

усы қарардың талаплары өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў үстинен қадағалаў алып барылыўы бойынша – Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары – Өзбекстан Республикасы транспорт министри А.Раматовқа;

усы қарар менен тастыйықланған топланған көрсеткишлерге ҳәм тийкарғы параметрлерге муўапық турақ жайларды оңлаў, инженерлик-транспорт коммуникацияларын және инфраструктура объектлерин өз ўақтында ҳәм сапалы қурыў ҳәм оңлаў бойынша – Өзбекстан Республикасы қурылыс министри А.Тўхтаевқа;

қурылыс-монтажлаў жумысларының өзине түсер баҳасын төменлетиў ҳәм оларда жергиликли заманагөй қурылыс материалларын ҳәм үскенелерин кеңнен қолланыўға қаратылған илажларды избе-из әмелге асырыў бойынша – Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм санаат министри Б.Хўжаевқа жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                            Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл  20-февраль