Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Халқымыздың ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде айқын жәмлеген, ана тәбият ҳәм адамлардың руўхыятын жүз беретуғын жасарыў, жаңаланыў ҳәм раўажланыўларды әсирлер даўамында толық көрсетип киятырған Наўрыз байрамы ең қәдирли миллий байрамларымыздан бири болып есапланады.
Бул әййемги байрамның руўхы ҳәм философиясында жәмленген барлықты қәстерлеп-сақлаў, бәрқулла ол менен үңлес болып жасаў, мийрим-шәпәәт, қайыр-сақаўат, дөретиўшилик, кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик сыяқлы жоқары идеялар бүгинги күнде және де терең мазмун ҳәм әҳмийет ийелеп атырғанын айрықша атап өтиў керек. Елимизде еркин ҳәм абат турмыс қурыў, инсан қәдирин улығлаў сыяқлы мақсетлерди әмелге асырыўға қаратылған кең көлемли демократиялық реформалар процесинде барлық миллий қәдириятларымыз қатары Наўрыз улыўмахалықлық байрам да өзине тән руўхый таяныш болып хыз етпекте.
Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымыз өзиниң ҳуқықлары менен мәплерин, қәдир-қымбатын барған сайын терең аңлап атырған Жаңа Өзбекстан шараятында Наўрыз шын мәнисиндеги улыўмахалықлық байрамға айланып, елимиз тәрепинен үлкен көтеринкилик руўхта белгиленбекте.
Халқымыз әсирлер даўамында қәдирлеп киятырған, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған Наўрыз дүньяны мине усындай теңсиз әҳмийетин есапқа алып ҳәм усы байрамды мәмлекетимизде алып барылып атырған үлкен өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар процесине үнлес тәризде, ҳәр тәреплеме жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде:
- 2022-жыл Наўрыз улыўмахалықлық байрам мәмлекетимизде «Ассалам, Наўрыз – жаңаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат байрамы!» деген баслы идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер тәризинде көтериңки руўхта ҳәм жоқары дәрежеде белгилесин.
- Төмендегилер:
2022-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Шөлкемлестириўшилик комитет 1-қосымшаға муўапық;
2022-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамды өткериў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Шөлкемлестириўшилик комитет (А.Н.Арипов) «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың нәтийжели орынланыўы ҳәм Наўрыз улыўмахалықлық байрамның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, барлық қала ҳәм районлар, аўылларда улыўмахалықлық сейиллер тәризинде кеңнен белгилениўин тәмийинлесин.
- Орынларда Наўрыз улыўмахалықлық байрамды жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
Наўрыз күнлеринден инсан ҳәм тәбият арасындағы үнлеслик, ана жерге меҳир ҳәм итибар айқын өз көринисин табыўын сәўлелендиретуғын, қоршаған орталықты, оның байлықларын қәстерлеп-сақлаў, бүгинги тыныш турмысты қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға, инсан қәдирин улығлаўға шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;
кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли демократиялық реформалар, халқымыздың турмысы, кеўли ҳәм сана-сезиминде жүз берип атырған унамлы өзгерислерди Наўрыздың әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлерине үнлес тәризде, тәсиршең усылларда сәўлелендириў;
Ташкент қаласындағы «Жаңа Өзбекстан» комплексинде өз алдына бағдарламалар тийкарында халық сейиллерин шөлкемлестириў;
байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм ветеранлары, кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қәдирлеў, Меҳрибанлық ҳәм Мүриўбет үйлери тәрбияланыўшылары, Сақаўат үйлеринде жасап атырғанлар, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Меҳир дәптери»не киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайынан хабар алыў, оларға бийғәрез жәрдем бериўге байланыслы қайырқомлық илажларды әмелге асырыў;
мәмлекетимизде басланған «Жасыл мәкән» улыўма миллий жойбарда белгиленген илажларды шөлкемлестириў, Наўрыз улыўмахалықлық байрамы алдынан республикамыздың барлық аймақларында, ҳәр бир көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзартластырыўға қаратылған улыўмахалықлық көмеклерди өткериў;
миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў бойынша әмелге асырылып системалы жумыслардың әмелий нәтийжелери, елимизде жасап атырған түрли милллет ҳәм халық ўәкиллериниң Наўрыз улыўмахалықлық байрамын белгилеўге байланыслы үрп-әдетлер, дәстүр ҳәм қәдириятларды кеңнен сәўлелендириў;
байрам илажлары болып өтетуғын орынларда өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткериў, китап текшелери, көшпели саўда дүканларын шөлкемлестириў, бәҳәр тағамларын таярлаў ҳәм олардың саўдасын жолға;
барлық қала ҳәм аўылларда өткерилетуғын байрам илажларында, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақтың халқы арасында оны белгилеўге байланыслы үрп-әдет ҳәм дәсүрлердиң мазмун-мәниси менен әҳмийетин кеңнен сәўлелендириў.
- Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков):
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы (М.М.Ходжиматов) ҳәм Жазыўшылар аўқамы (С.С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласында Наўрыз улыўмахалықлық байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын;
концерт тамашасын тәжирийбели сценарист ҳәм режиссёрлар, композиторлар, балетмейстерлер, сахна художниклери, қәбилетли жас атқарыўшылар, фольклор көркем өнери ўәкиллери менен биргеликте жоқары көркемлик дәрежесинде таярлаў илажларын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери:
а) бир ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Наўрыз улыўмахалықлық сейиллерин өткериў бойынша аймақлық илажлардың бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери өткерилетуғын тийкарғы майданлар, қыябанлар ҳәм көшелерди белгилеў, оларды миллий усылда байрамға сай безеў ҳәм сахналарды орнатыў;
орынларда болып өтетуғын улыўмахалықлық сейиллерге жергиликли фольклор топарлары, көркем өнер ҳәўескерлик топарлары, цирк өнери усталары, шаңарақлық ансамбльлер, бақсылар, шайырлар, сондай-ақ, профессионал атқарыўшылар ҳәм қәбилетли эстрада артистлерин белгиленген тәртипте кеңнен тартыў;
байрам илажлары шеңберинде ҳәр бир аймаққа тән болған халық ойынлары, тамашалар, көргизбелер өткериў, бәҳәр тағамлары сатылатуғын ашық асханаларды жайластырыў;
б) байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда, көшелер, қыябанлар ҳәм майданларды безеўде маман қәнигелерден ибарат дөретиўшилик топарларды кеңнен тартсын;
в) барлық илажлар карантин қағыйдалары ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик талапларына қатаң бойсынылған ҳалда өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өткерилетуғын байрам илажлары:
Ташкент қаласында республикалық бюджет ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетиниң қаржылары есабынан тең үлеслерде;
Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлер есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў жумысларын ҳәм байрам илажларын ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 17-февраль