Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиз ўәлаятлары Қарақалпақстан Республикасы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыўға жәрдем бериў мақсетинде районларға бириктирилген еди.

Соның ишинде, Самарқанд ўәлаяты Қарақалпақстан Республикасының Нөкис районын өз тәжирийбеси тийкарында буннан былай да раўажландырыўға жәрдемлеседи.

Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Эркинжон Турдимов басшылығындағы бир топар жуўапкер адамлар, исбилерменлер өткен жылы декабрь айында усы районда болып, жергиликли басшылар менен биргеликте районды 2022-2024-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың перспективаларын додалаған еди.  Районда бағшылық, балықшылық, қусшылық, тоқымашылық, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм металл профиллерин ислеп шығарыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыў режелестирилди.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис районы мәҳәллелеринде усы бағдардағы әмелий жумыслар басланып, Тақыркөл аўылында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 100 шаңараққа  40 таўықтан тарқатылды. Қырантаў ҳәм Тақыркөл АПЖларындағы 100 шаңарақтың қыйтақ жеринде ыссыхана шөлкемлестирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги