Кеше, 7-февраль күни Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Шерзод Шерматов Қарақалпақстан Республикасына болған хызмет сапары шеңберинде аймақта тараўдың раўажланыўы жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.
Министр қатнасыўында «Өзбектелеком» АК Қарақалпақстан филиалында жыйналыс болып өтти. Онда системадағы шөлкем, кәрхана ҳәм мобиль байланыс операторлары аймақлық филиал және бөлимшелериниң басшылары қатнасты.
Жыйналыс шеңберинде ҳәзирги ўақытта тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм усы бағдардағы алдағы жобалар додаланды.
Атап айтқанда, системадағы шөлкем, кәрхана ҳәм мобиль байланыс операторларының қаржы-хожалық жумысларын жетилистириў, республиканың алыс аймақларын да жоқары тезликтеги интернет пенен қамтып алыў, байланыс хызметкерлерине шараят жаратыў мәселелери көрип шығылды.
Шерзод Шерматов тәрепинен республикамыз халқын сапалы телекоммуникациялық, мобиль ҳәм почта хызметлери менен тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге ўазыйпалар белгиленди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.