(Қ.Камаловтың «ЕЛ ХЫЗМЕТИНДЕ» атлы китабына пикир)
Өзбекстан Республикасына белгили абыз ақсақал, Қарақалпақ халқының Ел Атасы, «Социалистлик Мийнет Қаҳарманы», «Эл-юрт хурмати» ордени ийеси, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Қаллыбек Камалов өткен әсирдиң 60-80 жылларында республиканың биринши басшысы болған гездеги мийнет жолын қамтыйтуғын «ЕЛ ХЫЗМЕТИНДЕ» атлы китабы үлкен тарийхый шежире.
Өмирде болған ўақыяларға қурылған бул мийнеттиң тек ҳақыйқатлыққа ғана тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасының раўажланыў басқышлары өзиниң өмир жолы менен өрилип, оғада шеберлик пенен жазылғаны соншелли, дәслепки бетлеринен баслап-ақ өзине терең тартып, зор қызығыўшылығымды туўғызды.
Китаптың 500 бетке жақын туратуғын көлемине қарамастан мәнили нақыл-мақаллар менен, ҳақыйқый ўақыялар, фактлер менен көркемленген бул шығарманы жедел оқып шықтым.
Мени автордың ҳәрбир ўақыяны, оның болған күни менен процесин, жүзлеген адамлардың аты-жөнин, олар менен қурған сәўбетлердиң қызықлы пайытларын, қуўанышлары менен иренишлерин, түйген ой-пикирлерин толық сәўлелендирип, оқыўшыға сол персонажлар арасында, сол ўақыялар ишинде жүргендей тәсир қалдыратуғыны ҳайран қалдырды.
Қаллыбек ағаның өз китабын «Өз перзентлери қатарында бизди де кәмалға келтирип, бақытлы өмирге жоллама берген дана халқыма бағышлайман» – деген арнаў сөз бенен баслағанының өзи оның өмир бойы, соның ишинде 25 жыл республиканы басқарған гезде барлық мақсет-мүддесин, умтылыс-ҳәрекетин, тилек-нийетин халқына қалыс хызмет етиўге арнағанын айқын көрсетеди.
Қаллыбек Камал улының «Китап оқыўшыларына» арналған алғысөзди «Мен Абайды ядға билген халықпан» деген қосықтың авторы, қарақалпақ халқының сөз шебери, Өзбекстан Қахарманы, халық шайыры Ибрайым Юсуповты тилге тийек етиў менен баслағаны да оның руўҳый қәсийети бар, ишки мәденияты оғада жоқары, көп оқыған, дөретиўши, билимли тулға екенлигин анық көрсетеди. Усы жерде Ибрайым ағамыздың қазақ ҳәм қарақалпақ халықларының түби бир, туўысқан екенлигин дәлиллейтуғын бир-еки қатар қосығын келтирейин:
«– Мен Абайды ядға билген халықпан,
Әмиў бойы туўып өскен топырағым,
Сизиң менен бир путақлас жапырағым,
Кеўлим ашық – ақшамы жоқ жарық таң,
Мен Абайды ядға билген халықпан.
Шыңғыс таўда шыққан Абай жырлары,
Көп жаңғыртқан қарақалпақ қырларын,
Бердағымның қосығына қосылып,
Қулағыма бирге шерткен сырларын».
Улыўма алғанда, бул китаптың басынан соңына дейин өзбек, қарақалпақ, түркмен ҳәм қазақ халықларының тарийхы менен тәғдири ортақ, өзара дослығы мәңгиликке жалғасатуғын, баўырлас миллетлер екени, өзи Қарақалпақстанды басқарған гезде түрли миллет ўәкиллериниң ел ушын жан аямай мийнет еткени, жәмийеттеги этнослараралық татыўлық пенен бирликтиң нәтийжеси көп айтылады.
Усы пикир-мақаланы оқып отырған ағайинлерге, әсиресе жерлеслериме бул китаптың авторы Қаллыбек Камал улының өмирбаянына қысқаша тоқталыўды жөн көрдим.
Қаллыбек ағамыз 1926-жылы Тахтакөпир районы аймағында дүньяға келген. Ағамыздың билим жолы оғада қурамалы дәўирде басланып, ол мектепте толығы менен билим алыўға жағдайлары жоқ ўақыттың өзинде билимге деген интасын көрсете билген, бойындағы терең изленис қәсийетлериниң өзгешелиги менен көзге түскен.
Талантлы ҳәм билимге жаны қумар Қаллыбек ағамыз 16 жасқа енди толған гезинде Тахтакөпирдеги В.И. Ленин атындағы мектепти ағла питкерип, мийнет жолын ағартыўшылық хызметинен баслап, устазлық пенен ушластырды. Көплеген жасларға тәлим-тәрбия берип, үлги болып, олардың бойына ийги қәсийетлерди сиңдирди.
Екинши Жержүзилик урысы жылларында Нөкистеги жоқары оқыў орнын ағла баҳалар менен тамамлап, жоқары сиясий хызметлерди атқарып, ел экономикасының әҳмийетли тараўларына жетекшилик етип, Коммунал хожалық министри, соң Автомобиль транспорты ҳәм тас жоллар министри лаўазымларын табыслы атқарады ҳәм соның нәтийжесинде Қ. Камаловты Қарақалпақстанның Министрлер Кеңесиниң баслығы хызметине тайынлайды. Жуўаплы жоқары лаўазымларда сиясий дәрежеси көтерилип, мәмлекеттиң ҳәр қыйлы жумысларында шынығып, терең тәжирийбесиниң арқасында республиканың биринши хаткери хызметин 20 жылдан аслам үлкен абырой менен атқарды.
Сөйтип, шерек әсирден аслам ўақыт усы елдиң ең жоқары лаўазымларында күн-түн демей, бел шешпей мийнет етип, халқына ҳадал хызметин сиңирди.
Қәдирли ағамыздың бул мийнетиниң тарийхый мәниси де оғада зор. Өзи ат жалын тартып минип, жоқары лаўазымларда хызмет атқарған қырық жылға жақын ўақыт ишинде Кеңес Аўқамын, Өзбекстан, Карақалпақстан Республикаларын басқарған бийик лаўазым ийелери, бирге қолласып, қатар хызмет ислеген басшылары, кәсиплеслери, қол астында жумыс ислеген орынбасарлары, шәкиртлери ҳаққында анық, дәл минезлемелер берген. Солардың ишинде Москвадағы Аўқамлық уйымлардан А.Н. Косыгин, М.А. Суслов, Е.К. Лигачев, А.П. Кириленко, П.Н. Демичев, Л.М. Замятин, Н.К. Байбаков, Жоқары оқыў министри В.П. Елютин, Аўқамлық Госснаб баслығы В.Э. Дымшиц ҳәм басқалар менен ушырасыўдағы тәсирлерин ашық жазған. Өзбекстан басшылары Ш.Р. Рашидов, И.А. Каримов, Ш.М. Мирзиёев, Қарақалпақ автономиясында бирге мийнет еткен Жуманазаров, Айтмуратов, Юриц, Бабаназаров, Абдиров, Новицкий, Нурымбетов, Рзаев, Жаманқараев, Ожраев, Лунев, Усақов, Цхай, Қойлыбаев, Шербеков, Халмуратов ҳәм басқа көплеген адамлардың жеке өзиншеликлери, уқып-қәбилети, адамгершилик қәсийетлери, басқарыў усыллары туўралы адам қызығарлық, баҳалы мағлыўматлар айтылған.
Бул китапты оқып отырып, ондағы материаллардың тийкарында «Әжайып адамлар өмири» (ЖЗЛ) атамасында жеке китаплар шығарыўға да болады-аў деген ойға келесең.
Қаллыбек Камал улының Москва ҳәм Ташкенттеги үлкен лаўазым ийелери менен ушырасып, олар менен дослық қарым-қатынас орнатыўдағы мақсети елдиң өткен әсирдиң елиўинши жылларынан баслап генжелеп қалған аўыл шарўашылығын өгиз арба, жегин көликтен жаңа техникаларға, өнимдар агроиндустрияға көширип, жаңа санаат түрлерин ашыўға, асфальт ҳәм темир жоллар салыўға, газ қубырларын тартыўға, қурылысты раўажландырыўға, суў хожалығын беккемлеўге, билим бериў тараўын жетилистириўге, денсаўлықты сақлаў мәселелери ҳәм толып атырған басқа машқалаларды шешиўге бағдарланды. Аўқамлық Госплан, Госснаб басшылары менен тиккелей таныс, дос болып, оларға сөзин өткизиўиниң арқасында Қарақалпақстанға бөлинген фондлардан бөлек, темиржол арқалы эшалон-эшалон қурылыс материаллары, мыңлаған тракторлар, бульдозерлер, скреперлер, автомашиналар ағылып келип, халықтың ырысқы-несийбесине жумсалып атты.
Усының бәри Қаллыбек ағамыздың халыққа қаншелли жақын болғанлығын, жан-тәни менен олардың әҳмийетли мәселелерине үлкен кеўил бөлип, нәзеринен ҳеш қашан тыс қалдырмағаны.
Пүткил әлемге мәшҳүр ойшыл алым, дана философ әл-Фарабий буннан мың жылдай бурын ел басқаратуғын тулғаның, патшаның бойында 12 түрли қәсийеттиң болыўы керек екенлигин жазып кеткен еди. Сол айтылған қәсийетлердиң, қойылған талаплардың барлығы Каллыбек ағамыздың бойынан табылады десек, артық айтпаған болармыз.
Қаллыбек ағамыздың адамларды лаўазымына қарап, алалап-бөлмейтуғыны, бәрине кишипейиллик танытып, өзиниң сөзин оларға анық жеткизип, берген ўәдесин мудамы орынлайтуғыны оның ең ҳасыл қәсийетлериниң бири болып табылады. Оның өмирде бир рет гезлескен адам менен өмирлик дос, жолдас болып кеткен жағдайлары да аз емес. Олардың ишинде қазақстанлы пуқаралар да баршылық.
Оның өмирде устаз тутынып, жақсы сыйласқан кәсиплеси, қәдирли досты болған адамлардың бири Өзбекстанды 33 жыл басқарған Шараф Рашидов еди. Ағамыз өз естеликлеринде Ш. Рашидов пенен арадағы көп сәўбетлериниң бирин былай деп келтиреди: «– Қаллыбекжан, – деди ол бир күни. – Қарақалпақ деген өз алдына халық, оның өз тарийхы, тили, мәденияты менен әдебияты бар. Оны бир ўәлаят көлеминде баҳаласақ, қарақалпақ халқын иренжитип аламыз. Өзи Орта Азиядағы жалғыз автономиялы республика, ол да Өзбекстанның қурамында. Солай екен, оның аўырманлығы екеўмиздиң басымызға теңдей түседи.» Қалекеңниң өзиниң айтайын деген ойын Өзбекстанның басшысы өзи айтып отырса, оннан артық қандай сыйласық, қандай түсиниўшилик, қандай қоллаў керек. Соннан кейин Шараф Рашидов басқа ўәлаятларға қарағанда Қарақалпақстанды дизимниң алдыңғы қатарына шығарып, оның жаңа басламаларын қоллап, қәрежет, материаллық ресурслар, техникалар және басқа да көмеклерди бериў бойынша оған айрықша кеўил бөледи.
Бул китапта Өзбекстанның Биринши Президенти Ислам Каримов ҳаққында да терең хүрмет пенен жылы пикирлер айтылған. И.Каримов республиканы басқарған гезде оның Бас министри хызметин абырой менен атқарған, елдеги пүткил экономика тараўларын бүгинги жоқары дәрежеге жеткериўге аянбай күш салған, Өзбекстанның ҳәзирги Президенти Шавкат Мирзиёев туўралы да жақсы пикирлер берилген. Мәмлекеттиң ақыллы, дана басшыларының өзинен соң ел басқарыўдың аўыр жүгин арқалайтын, озық ойлы, парасаты бийик шәкирт таярлайтуғыны – нызамлы қубылыс екенлигин тилге тийек етип, өзине мүнәсип шәкирт тайынлап кеткен И.Каримов туўралы жылы лебизлер билдиреди.
Ҳәзирги күнде Өзбекстанның биринши басшысы болып табылатын Ш. Мирзиёевтиң алты жыл ишинде еки рет сайлаўшылардың үлкен исенимине ийе болғанын, «Жаңа Өзбекстан» қурыўдағы кең көлемли жумысларын, үлкени жәҳән аренасына шығарыў жолындағы ҳәрекетлерин, халқының ең сүйикли улына айланғанын оған исеним артқан Ердиң де, Елдиң де кеўлинен шыққанын ҳағынан ашылып баянлайды.
Өзбекстандағы сайлаў мапазына өзим Қазақстаннан бақлаўшы ретинде бирнеше рет қатнасып, халықтың жаңа басшыға деген үлкен исенимин ҳәм ҳүрметин өз көзим менен көрип, гүўа болдым.
Қаллыбек Камалов республиканың биринши хаткери болып сайланғанға шекем Қарақалпақстан Өзбекстандағы ең артта қалған аймақлар қатарында болып келген. Республикадағы дәстүр бойынша жыл сайын декабрь айы соңында Ташкенттеги Наўайы атындағы опера-балет театрында сол жылдың жуўмақ жыйналысы өтеди екен. Театрдағы адам отыратуғын қатарлар ҳәр ўәлаяттың режени орынлаў көрсеткишине қарай оның ўәкиллерине қатарма-қатар берилетуғын болған. Ал, Қарақалпақстанның аўыз тушытпайтуғын көрсеткишлери ушын республикадан келген делегатлар балконға отырғызылып жүрген. Олар отыратуғын жерди «Кептерлер орны» деп атайды екен. Әлбетте, бул жағдай елден келген азаматлардың намысына тийетуғыны мәлим.
Қаллыбек ағамыздың ҳәрбир истиң көзин табатуғын шебер шөлкемлестириўшилик қәбилети, орай уйымлары басшылары менен дослық қарым-қатнасы, қол астындағы кадрларды инталандырып, халықтың тилин таўып, ортақ жумысқа бирлестире билетуғыны, сиясий ҳәм экономикалық жағынан саўатлылығы, адамгершилик, кишипейил қәсийетлери, егинниң, қурылыстың басында күн-түн демей өзи жүретуғыны, барлық иске жеке өзи бас-көз болатыны Қарақалпақстан Республикасын барлық көрсеткиш бойынша биринши орынға шығарып, «Кептер орыннан» қутқарады.
Усындай халық ушын унамсыз жағдайды жойыў ушын Қаллыбек ағамыз жигерли патриотлық сезими менен мийнет етип, қыйыншылықтың бәрин жеңе билди. Сөйтип, жыл сайынғы жуўмақ жыйналысларда Нөкистен келген делегацияны биринши қатардағы орында отыратуғын дәрежеге жеткизди.
Китапта жазылған, түрли хожалық тараўында атқарылған, соның менен қатар қыйын, шешилиўи аўыр ислерди атап өтсем – оның өзи жеке бир китапқа жүк болатын түри бар. Олардың ҳәрқайсысының уйқысыз, күлкисиз өткен күнлер менен түнлерге толы жеке тарийхы бар.
Сонлықтан бул жерде Қарақалпақстанда дәслепки университет ашыўға байланыслы бес жылға созылған машаққатлы марафонға ғана тоқталып кетким келеди. Олай деп айтыўымның себеби – китапта усы мәселеге тийкар болған бөлимниң өзи «Университет ашыўға байланыслы машқалалар» деп аталған. Ҳақыйқатында да Нөкисте бундай оқыў орнын ашыў – қарақалпақ халқы ушын үлкен абырой болар еди. Бирақ, сол гезде пүткил Кеңес Аўқамында бар-жоғы 63 университет ғана болып, соның ишинде гейпара аўқамлық республикалардың өзинде бир-бирден ғана усындай оқыў орны болғанын орайдағылар алға тартып ҳәм Москвадағы айырым ҳәмелдарлар Қарақалпақ елинде университет ашыўды ертек сыяқлы көрген. Деген менен Қаллыбек Камал улы алған бетинен қайтпай, СССР Жоқары ҳәм орта билим министри В.П. Елютинниң есигин тоздырып, оған: «Қарақалпақлар сан жағынан аз болса да, өз алдына халық, өзиниң тили, мәденияты бар. Географиялық орналасыўына қарай климаты Өзбекстанның басқа ўәлаятларынан толық айырылып турады. Бизде жазда – ыссы, қыста суўық болады. Бизди дүньядағы үлкен үш «қум океаны» (Қызылқум, Қарақум, Үстирт) қоршап тур. Жер асты байлығы көп. Оларды изертлеп, халқымыздың экономикасын, социаллық жағдайын жақсартыўымыз керек, буның ушын кадрлар зәрүр. Сырттан келген кадрлар бизиң жағдайымызға көнбейди, бир-еки жыл ислеп, кетип қалады» – деген. Қаллыбек ағамыз жоўары оқыў орнын ашыў ушын Билим министрлигиниң қатардағы хызметкерлеринен баслап Суслов, Косыгинге дейин барып жүрип, түбинде, 1974-жылдың 26-февралында университет ашыўға рухсат алады. Министрликтегилердиң басқа республикаларда бундай имаратты он жыллап салатуғынын айтып, күлкиге айналдырғанының есесине Нөкистеги оқыў орнын бир жыл ишинде салып питкериўге ўәде берип кетеди. Қарар шығып, университет салыў басланған күннен баслап Қаллыбек Камал улы өзиниң кабинетин қурылыс майданына көширип, барлық ҳүкиметлик байланыс (ВЧ телефон) системаларын сол жерге әкелип, күнине 15-16 саат бойы қурылысшылар арасында болып, ўәде берген ўақытқа университет есигин ашады. Бүгинги күнде бул оқыў орны Орта Азиядағы 20 мыңға жақын студенти бар, ең үлкен университетлердиң бири. Өткен 40 жылдан аслам ўақыт ишинде усы оқыў орнын питкерген ҳәрбир студент қәдирли ақсақал ағамызға алғысын айтып жүриўи керек, ал кейинги жаслар оның ашылыў тарийхын билиўге ҳәм өз дәўиринде исленген оғада зор мийнетти қәстерлеўи тийис деп ойлайман.
Китаптың соңғы бетлеринде Қаллыбек ата жасларға өзиниң тилек-нәсиятын айтады. Өмирден алған сабақтары менен бөлисип, жақсыны да, жаманды да көргенин, абырой-атаққа да ийе болғанын, көп қыйыншылықты бастан өткергенин, елди, халықты ойлап, уйқысыз түнлерди бастан кешкенин, жаманнан қашып, жақсыдан үлги алыўға талпынғанын жәрия етеди.
Әмиўдәрья бойында өмир сүрип жатқан қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен және басқа да этнос ўәкиллерин аўызбиршиликте болыўға, өзара дослықты беккемлеўге шақырады. Ел басқарған Ислам Каримовтың гезинде «Ағайинлер, ҳәр биримиз 40-50 жасқа келип қалдық, арғы жағы жақын қалды, адамларға жақсылық жасап үлгерип қалыңлар» дегенин, ал Шараф Рашидовтың «Мың досың болса да – бул аз, ал бир душпаның болса – бул көп» деп айтқан қанатлы да, тарийхый сөзлерин соны менен қатар дүнья халықларының нақыл, ўәсият сөзлерин, өзиниң өмирлик тәжирийбесин жасларға арнайды.
Халықта «Хан – халқының улы, Ол – әдиллик қулы» деген дана сөз бар. Қ. Камалов ағамыз халқына сүйикли ул болды, елин әдил басқарған, елиниң хызметинде болған ел ағасы бола билди. Сонлықтан да бул китаптың «Ел хызметинде» деп аталғанын оғада орынлы деп билемен.
Улыўма алғанда, бул китап маған үлкен руўҳый азық болды десем – артық айтқан болмас едим, ол басқаларға да сондай тәсир қалдырады деп исенемен. Усы китапты бурынғы Кеңес Аўқамының қурамында болған халықлардың, миллетлердиң тиллерине аўдарып, басып шығарса да дурыс болар еди.
Кейинги жолы кездескен гезимизде Қаллыбек ағамыз киятырған юбилей тойына үлкен таярлығын көрсетип, болашаққа бағдар берип, өзиниң көрегенлигин, зиялылығын танытып, пүткил түрки әлеминиң тарийхын жыйнап, Қарақалпақ халқының жаңа тарийхын жазыў үстинде екенлигин айтып, мени өзиниң 100 жыллық, бир әсирлик юбилейине шақырды. Мени ақсақалымыздың юбилейге таярлығы, өмирге деген қуштарлығы, алдына қойған сиясий мақсети менен жойбарына оғада рийза болдым. Бәримизге усындай күш–жигер дарысы дегим келеди. Сол нийетимиз, тилегимиз қабыл болып, әрманымыз орынланып аталған күнлерге де аман-есен жетейик.
Қарақалпақстанның абызына, аңызына, ардақлысына айланған ақсақалымызға зор денсаўлық тилеймиз ҳәм ул-қызының, ақлық, шақлық, қуўлықларының қызығын еле де көре бериўине шын жүректен тилеклес екенимизди билдиремиз!
Ерсултан Бектурғанов, Қазақстан Республикасының мәмлекетлик ҳәм
жәмийетлик ғайраткери