2022-жыл 19-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Шет тиллерин үйрениўди жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 34-санлы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, Шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыў агентлигиниң бюджеттен тыс қорына бир мәртелик 15 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратылады.
2022-жыл 1-марттан шет тили пәни муғаллимлериниң тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў компетенцияларын раўажландырыўға және сертификатқа ийе болыўына бағдарланған оқыў курслары шөлкемлестириледи.
2022-2023-оқыў жылынан мектеплер ушын заманагөй тил үйретиў методикалары тийкарында ислеп шығылған шет тили сабақлықлары басып шығарылады.
Сондай-ақ, 2022-2023-оқыў жылы қабыллаўынан шет тиллери бойынша кадрлар таярлаўға қәнигелестирилген бир қатар жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында шет тили пәнинен тыңлап түсиниў, оқыў, жазыў ҳәм сөйлеў компетенцияларын анықлаў және баҳалаўға бағдарланған кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткериў жолға қойылады. Атап айтқанда:
Пәнлер комплексине шет тили биринши пән сыпатында киргизилген төмендеги жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына:
– Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети;
– Самарқанд мәмлекетлик шет тиллери институты;
– Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети.
Төмендеги жоқары оқыў орынларының шет тиллери бойынша педагогларды таярлайтуғын бакалавриат тәлим бағдарларына:
– Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети;
– Қоқанд мәмлекетлик педагогикалық институты;
– Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты.
Шет тили пәнинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен әмелге асырылады.
2024-2025-оқыў жылынан жоқары оқыў орынларына кириў имтиханлары ушын белгиленген мәжбүрий пәнлер комплексине шет тили пәни басқышпа-басқыш киргизиледи.
2022-жыл 1-сентябрьден мектепке шекемги, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал, сондай-ақ, мектептен тыс билимлендириў шөлкемлери шет тили пәни муғаллимлериниң аттестациясы процеси оқыў пәни бойынша қәнигелик сынақлары Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
2022-жыл 1-февральдан 2024-жыл 1-январьға шекем Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери:
– имарат ҳәм объектлер ижара төлеми қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлегин төлеп бериў тәртиби енгизиледи;
– министрлик ҳәм мәкемелер системасындағы колледж және техникумларда жумысларын алып барғанда ижара төлеминен азат етиледи (сақлаў ҳәм коммуналлық төлемлер бойынша қәрежетлер буған кирмейди).
2022-жыл 1-февральдан C1 дәрежесиндеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық тән алынған сертификатқа ийе рус тили пәни муғаллимлерине сертификат алынған күннен баслап 2 жыл даўамында үстеме төленеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.