Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 11-январь күни видеоконференцбайланыс түринде шөлкемлестирилген Түркий мәмлекетлер шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезексиз мәжилисинде қатнасты.

Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, мәжилисте Әзербайжан, Қырғызстан, Қазақстан, Түркия, Өзбекстан, Венгрия ҳәм Түркменстан сыртқы ислер министрликлери басшылары Қазақстандағы жағдайды додалады.

Шөлкем ағзаларының Қазақстан халқы ҳәм басшысын исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм тилеклес екенлигин атап өтти. Тез арада мәмлекетте тынышлық ҳәм турақлылық орнатылатуғынына исеним билдирилди.

Мәжилис жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.

ӨзА