Қазақстан денсаўлықты сақлаў министрлиги мәмлекетте коронавирустың «Омикрон» штаммы менен 8 кеселлениў жағдайы анықланғанын мәлим етти.
Министрликтиң мағлыўматына бола, Алматыда жети адам, Нур-Султанда және бир адам усы мутацияны жуқтырып алған.
«Омикрон» версиясының өзине тән белгиси – инфекциясының жоқары тарқалыўы ҳәм қайта инфекция қәўпиниң артыўы болып есапланады», делинеди Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлемесинде.
Атап өтилиўинше, «Омикрон» «Дельта» штаммынан 70 мәрте тез тарқалады. 6-январь жағдайына бола, Қазақстанда коронавирус инфекциясы менен кеселленгенлердиң улыўма саны 990 мыңнан артқан.
Қарақалпақстан хабар агентлиги