Қазақстан денсаўлықты сақлаў министрлиги мәмлекетте коронавирустың «Омикрон» штаммы менен 8 кеселлениў жағдайы анықланғанын мәлим етти.

Министрликтиң мағлыўматына бола, Алматыда жети адам, Нур-Султанда және бир  адам усы мутацияны жуқтырып алған.

«Омикрон» версиясының өзине тән белгиси – инфекциясының жоқары тарқалыўы ҳәм қайта инфекция қәўпиниң артыўы болып есапланады», делинеди Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлемесинде.

Атап өтилиўинше, «Омикрон» «Дельта» штаммынан  70 мәрте тез тарқалады. 6-январь жағдайына бола, Қазақстанда коронавирус инфекциясы менен  кеселленгенлердиң улыўма саны  990 мыңнан артқан.

Қарақалпақстан хабар агентлиги