Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен студентлер және оқыўшы-жаслар ушын қысқы дем алыс усы жылдың 25-декабрь күнинен 2022-жылдың 10-январына шекем етип белгиленди. Усы дем алыс дәўиринде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға арналған жыйналыс болып өтти.
Жыйналысты институттың Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры Қувондиқ Қодиров ашты ҳәм басқарып барды.
Жыйналысқа институттың жаслар тәрбиясына жуўапкер хызметкерлери – факультетлердиң декан орынбасарлары, жаслар аўқамы институт басланғыш шөлкеминиң жетекшиси, Студентлер Кеңеси басшылары, тьюторлар ҳәм психолог, сондай-ақ, педагог-тәрбияшылар қатнасты.
Жыйналыс даўамында:
– дем алыс дәўиринде тастыйықланған жоба тийкарында студентлер менен руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы жумысларды үзликсиз даўам еттириў;
– жаслар арасында ҳәр қыйлы жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайлары профилактикасын күшейтиў және олардың ата-аналары менен турақлы байланыста болыў;
– дем алыс даўамында Президент Ш.Мирзиёевтиң «Жаңа Өзбекстан стратегиясы» китабы тийкарында «Ўатанымның раўажланыўына өз үлесимди қосаман» атамасындағы мақалалар таңлаўын шөлкемлестириў;
– дем алыс дәўиринде «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни»не бағышланған мақалалар, шығармалар, сүўретлер, қосықлар ҳәм видеороликлер таңлаўларын онлайн тәризде шөлкемлестириў және ҳәр бир бағдар бойынша факультет жеңимпазлары дизимин 12-январь күни институт жумысшы топарына тапсырыў;
– дем алыс дәўиринде Студентлер турақ жайында қалатуғын түркменстанлы ҳәм қазақстанлы сырт елли студентлердиң жағдайынан турақлы хабар алыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер көрип шығылды және ўазыйпалар белгилеп алынды.
Жыйналысқа қатнасқан жуўапкерлер менен биргеликте көрип шығылған мәселелерди системалы түрде әмелге асырыў механизмлери де келисип алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.