Өзбекстан Республикасы Гимни қабылланғаныӊ 29 жыллық сәнеси Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де салтанатлы түрде белгилеп өтилди.
Онда мектеп директоры Оралбай Шерназаров, директордыӊ руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Ғумшагүл Досымбетова, өзбек тили пәни муғаллими Санъат Юсуповлар шығып сөйлеп, оқыўшыларға мәмлекетлик нышанлар, соныӊ ишинде мәмлекетлик гимнниӊ халқымыз турмысында, әсиресе, өсип киятырған жас әўладты Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдағы орны ҳәм әҳмийети туўралы илаж қатнасыўшыларына кеӊ түрде түсиниклер берди.
Илаж оқыўшылардыӊ ана-Ўатанды жырлаўшы шайырлардыӊ йошлы қосықлары менен даўам етти.
Ғумшагүл Досымбетова,
Нөкис районындағы 18-санлы мектеп директорыныӊ орынбасары
Қарақалпақстан хабар агентлиги