Ташкентте 24-ноябрь күни БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Орайлық Азия ушын 2022-2025-жылларға мөлшерленген Бағдарламаға қол қойыў ҳәм иске қосыў мәресими болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының атқарыўшы директоры Гада Вали басқарманың Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкили Ашита Миттал, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыртқы сиясат уйымларының жуўапкерлери, сондай-ақ, мәмлекетимиздеги БМШ бөлимлери, халықаралық структуралар, тийкарғы шерик ҳәм донор шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Иске қосылған усы жаңа бағдарлама жәрдеминде БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы ағза мәмлекетлерге тынышлық, қәўипсизликти беккемлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, регионды нәшебентлик затлардан, жынаятшылықтан, коррупция ҳәм терроршылықтан жырақ аймаққа айландырыў арқалы раўажланыўға ерисиўде техникалық жәрдем береди.
– Глобализация ҳәм халықаралық келиспеўшиликлердиң трансформация шараятында трансмиллий қәўип-қәтер, қарама-қарсылықларға қарсы биргеликте гүресиў, бул процессте нәтийжели регионаллық бирге ислесиўди жолға қойыў мәмлекетлеримиз ушын күн тәртибиндеги ең тийкарғы ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар екенлиги гүмансыз, – деди Өзбекстан сыртқы ислер министри А.Комилов. – БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Орайлық Азия ушын 2022-2025 –жылларға мөлшерленген Бағдарламасына киргизилген мәселелер трансмиллий қәўиплер менен байланыслы көп қырлы машқалаларды сапластырыўда, бундай унамсыз жағдайларға қарсы биргеликте гүрес алып барыў нәтийжелилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
– Орайлық Азия ушын ислеп шығылған бул жаңа Бағдарлама миллий тийкарғы бағдарларға, Турақлы раўажланыў мақсетлерине, соның ишинде, тыныш жәмийет, исенимли есабат астында жумыс ислейтуғын әдалатлы институтлар қурыў, гендер теңликке, жетик денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм нызам үстинлигине ерисиў, инсан ҳуқықы шеңберинде глобал шерикликти жолға қойыў бойынша талапларға толық жуўап береди, – деп атап өтти өз гезегинде Гада Вали ханым.
Бағдарлама регионымыздағы барлық мәмлекетлер ўәкиллериниң қатнасыўында дерлик бир жыл даўам еткен, бул әҳмийетли мәселениң барлық тәреплерин қамтып алған мәсләҳәтлесиў, сөйлесиўлер даўамында ислеп шығылды. БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының 2015-2021-жылларда әмелге асырылған алдынғы альтернатив бағдарламаның алдынғы тәжирийбесине тийкарланған усы ҳүжжет структураның 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиясына да сәйкес келеди. Қалаберди, Орайлық Азияның бес мәмлекети тәрепинен белгилеп алынған ҳәм төмендеги бес бағдарда көрсеткен тийкарғы ўазыйпаларға тийкарланған техникалық жақтан қоллап-қуўатлаўға ҳәм эксперт жәрдемин көрсетиўге қаратылған регионаллық бирге ислесиў ушын стратегиялық дәрек болып хызмет етеди:
– Трансмиллий жәмлескен жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм усы иллетке қарсы гүресиў;
– Жынаятшылықтың алдын алыў, әдил суд системасына кең жол ашыў ҳәм нызам үстинлигин беккемлеў;
– Нәшебентлик затларды қабыллаў машқаласын шешиў, Нәшебентлик затларды қабыллаўға бейимлилик ҳәм руўхый түскинликти емлеў ҳәм АИЖС/АИВ профилактикасы;
– Терроршылық, зорабанлық экстремистлик ҳәм зорабанлыққа алып баратуғын радикаллықтың алдын алыў ҳәм усы иллетлерге қарсы гүресиў;
– Изертлеўлерди, тенденциялар анализин, сиясат, мәлимлеме-ағартыўшылық жумыс ҳәм суд-экспертизасын ислеп шығыў тараўындағы жумысларды қоллап-қуўатлаў.
Усы тийкарғы тәреплерге итибар қаратқан ҳалда, БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасы Орайлық Азия мәмлекетлерин қоллап-қуўатлаўда оператив, нәтийжелиликти арттырыўға умтылмақта. Соның ишинде, Аўғанстандағы жағдай өзгериўи тийкарында регионда нәшебентлик затлар, жынаятшылық ҳәм терроршылық пенен байланыслы машқалаларды сапластырыўға үлес қосыў да нәзерде тутылған.
Мәресим даўамында басқарманың Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкили Ашита Миттал тәрепинен БМШтың Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының Орайлық Азия ушын 2022-2025-жылларға мөлшерленген Бағдарламасының презентациясы көрсетилди. Сөйлесиўлерде тийкарғы шерик ҳәм донор структуралар ҳәм сырт мәмлекетлердиң ўәкиллеринен Орайлық Азия регионаллық мәлимлеме-муўапықластырыў орайы және АҚШ,Россия ҳәм Япония экспертлери қатнасты.
Әнжуман жуўмағында Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасының атқарыўшы директоры Гада Вали Бағдарламаға қол қойды ҳәм ҳүжжет рәсмий күшке кирди.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы