Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоевтың Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки Орайлық Азия бойынша басқарыўшы директоры Ж.Харгитай менен ушырасыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан ҳәм халықаралық финанс мәкемеси арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.
Ҳәзирги күнде елимиз ўәлаятларында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң бир неше регионаллық ўәкилханалары ашылған.
Мәртебели мийман Өзбекстанда сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, банк-финанс ҳәм салық системаларындағы өзгерислер, пул-кредит сиясатын беккемлеўге қаратылған итибарға жоқары баҳа берди.
– Усы жылдың июнь айынан баслап Өзбекстанға турақлы келип тураман,-деди Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Орайлық Азия бойынша басқарыўшы директоры Харгитай. – Соны атап өтиў орынлы, елиңизде ҳәр бир тараўда өсиў ҳәм өзгерислер, раўажланыў жүз берип атырғанына гүўа болдым. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки ҳәр қыйлы тараўлардағы жойбарларға 600 миллион доллар муғдарында қаржы қаратылды. Энергетика, билимлендириў, киши бизнес ҳәм исбилерменлик сыяқлы жумыс бағдарларына инвестиция киргизилди.
Өзбекстанда бир қанша кәрханалар мәмлекетлик бюджеттен шығарылып, меншиклестирилгенин бақлаўларым даўамында гүўасы болдым. Бул болса экономикалық өсиўге унамлы тәсир етеди. Тараўларға жаңа технологиялар киргизилген. Мәмлекетиңизде сырт ел инвесторлары ушын кең имканиятлар бар. Соның ушын инвесторларды тартып, жаңа технологияларды әмелге асырыўды режелестирип атырмыз.
Тәреплер Өзбекстанда халықаралық шөлкем қатнасыўында әмелге асырылып атырған ҳәм инфраструктуралық жойбарлардың параметрлери, сондай-ақ, финанслық турақлылықты беккемлеў, қамсызландырыў базарын раўажландырыў ҳәм тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелерди додалады.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы