Бүгин ЮНИСЕФтиң Европа ҳәм Оралық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық директоры Афшан Хан ханым Өзбекстанға бир ҳәптеге келеди.

Бул оның усы лаўазымда мәмлекетке 2018-жылдан бери екинши сапар етиўи болып есапланады.

16-21-ноябрь күнлериндеги сапар етиўи даўамында Хан ханым Өзбекстан ҳүкимети ҳәм ЮНИСЕФ арасындағы 2021-2025-жылларға мөлшерленген Мәмлекетлик бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша келешектеги режелерди додалаў ушын жоқары мәртебели ҳүкимет ўәкиллери менен ушырасады. Пайтахтта ҳәм Қарақалпақстанда болып өтетуғын ушырасыўларда мәмлекетте балалардың ҳуқықларын әмелге асырыў, халықты социаллық қорғаў ҳәм балаларды қорғаў системасы, ана ҳәм бала саламатлығы, сапалы ҳәм инклюзив мектепке шекемги ҳәм орта билимлендириў, климат өзгериўиниң балалар ҳәм жасларға тәсири, COVID-19ға қарсы гүресиў мәселелериниң тийкарғы бағдарлары ҳәм тәреплерине итибар қаратылады.

«Мен Өзбекстанға келгенимнен ҳәм ЮНИСЕФ Өзбекстан ҳүкимети менен биргеликте балалардың мәплери ушын көрилетуғын мәселелерди беккемлеў бағдарында ерискен жетискенликлердиң гүўасы болғанымнан оғада қуўанышлыман», деди Хан ханым.

«COVID-19, климаттың өзгериўи ҳәм қоршаған орталықтың деградациясы сыяқлы жаңа машқалалар балалардың саламатлығына және де көп тәсир етип атырғанын көремиз, имканият ҳәм жуўапкершилигимиз бар екен, биргеликте ерискенлеримизге сүйенип, балалардың мәплери ушын ҳәрекетлеримизди даўам еттиремиз».

ЮНИСЕФтиң регионаллық директоры пуқаралық жәмийети шөлкемлери, соның ишинде, майыплығы болған шахслар шөлкемлериниң ўәкиллери менен, сондай-ақ, балалар, жаслар ҳәм шаңарақлар менен де сәўбетлеседи.

Сапар етиў даўамында ЮНИСЕФтиң регионаллық директоры «Zamin» халықаралық жәмийетлик фонды менен биргеликте шөлкемлестирилген «Майыплығы болған балалар ушын инклюзияны тәмийинлеў» атамасындағы жоқары дәрежедеги халықаралық форумда қатнасады.

Форум Жәҳән балалар күни ҳәм ЮНИСЕФтиң 75 жыллығына бағышланған.

Мағлыўмат орнында, Афшан Хан ханым 30 жылдан аслам ўақыт даўамында халықаралық пуқаралық хызметинде жумыс алып барып атыр. Алдын ол ЮНИСЕФтиң Айрықша жағдайлар бағдарламаларын әмелге асырыў департаментиниң директоры ҳәм басқа да жоқары лаўазымларды ийелеген. Соның ишинде, Мәмлекетлик сектор альянслары ҳәм ресурсларды мобилизациялаў департаментиниң директоры, Шығыс ҳәм Қубла Африка бойынша регионаллық директор орынбасары ҳәм ЮНИСЕФтиң Ямайкадағы ўәкилханасының басшысы лаўазымларында жумыс ислеген.

 

З.Мирзабоева, ӨзА