2021-жыл 11-ноябрь күни Стамбул қаласында Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов басшылығындағы делегация Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Өзбекстан, Венгрия ҳәм Түркменстан сыртқы сиясат уйымларының басшылары Түркий кеңестиң болажақ саммитине таярлықтың шөлкемлестириў мәселелери ҳәм илаж күн тәртибин додалады.
Мәмлекет басшылары кеңесине киргизилетуғын ҳүжжетлердиң жойбарлары көрип шығылды.
Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесин және де раўажландырыў, ағза еллердиң саўда-экономикалық, туризм, мәдений-гуманитарлық, илим-билимлендириў ҳәм басқа да тараўлардағы ҳәр тәреплеме бирге ислесиўин кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.
ӨзА