Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайында «Жаңа Өзбекстан Үшинши Ренессанс босағасында» китабының презентациясы өткерилди.

Илажға жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары, тарийхшы, философ ҳәм әдебияттаныўшы илимпазлар, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайының хызметкерлери, журналистлер қатнасты.

Бул китап экономика илимлериниң докторы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен экономист, сенатор Муртазо Раҳматов ҳәм академик, биология илимлериниң докторы, профессор Баҳриддин Зарипов авторлығында жазылған.

Шығарма Жаңа Өзбекстанның стратегиялық жолын толық ҳәм анық көз алдымызға келтириўге имканият береди. Онда Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жедел реформалар, раўажланыўдың жаңа басқышында қолға киргизилип атырған табыслар ҳаққында сөз болады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы ҳәм Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыў бағдарындағы басламасы бүгин шынлыққа айлана баслағаны, Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессанс сөзлери турмысымызда өз-ара үнлес болып жаңлап атырғаны, халқымызды уллы мақсетлерге руўхландырып атырғаны атап өтиледи.

Соның менен бирге, елимиздиң дүнья тарийхында еки уллы Ояныў дәўирине бесик болғаны, жәҳән илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан уллы ойшылларды жетистирип бергени шеберлик пенен қәлемге алынған. Әсиресе, Үшинши Ренессансқа қойылып атырған тырнақ тасы ҳәм жаңа цивилизация тийкарлары анық дәлиллер тийкарында ашып берилген.

Шығарма китапқумарлардың кең қатламына арналған болып, барлық билимлендириў мәкемелери, атап айтқанда, жоқары оқыў орынлары, шөлкемлер менен уйымлар, ҳәр бир шаңараққа кирип барыўы мақсетке муўапық. Қандай заманда болмасын, уллы бурылыслар, өзгерис ҳәм жаңаланыўлар, бәринен бурын, халықтың қәдирети, потенциалы ҳәм күшине сүйенеди.

 

Дилобар МАМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы