Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде халық ўәкиллери аўыр социаллық  жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў және оларды мәнзилли қоллап-қуўатлаў илажларын  күшейтиўге қаратылған – «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.

Атап өтилгениндей, усы нызам жойбары менен «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы, «Ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы, «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

Нызам жойбары менен пуқаралар жыйыны мәҳәлле аймағында басым ҳәм зорлық көрсеткен ямаса көрсетпекши болған шахсларды анықлаў ҳәм олар менен алып барылатуғын профилактика жумысларында қатнасыўы белгиленбекте.

Сондай-ақ, мийнет уйымлары тәрепинен аўыр социаллық жағдайда қалған, жумыс излеп атырған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў, кәсипке бағдарлаў илажларын көриў жойбарда өз көринисин таппақта.

Мәжилисте нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.

 

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы