Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәлимлеме технологиялары орайы ҳәм Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары  Пенсия қоры менен биргеликте пуқараларға қосымша қолайлылық жаратыў ҳәм мәлим ўақытларын үнемлеў мақсетинде телеграм мессенджери арқалы, пенсия ҳәм напақа алыўшы шахсларға мәмлекетлик пенсия тәмийнаты тараўында мәлимлеме бериўши арнаўлы «Pensiya» боты (@pensiyabot) жаратылды.

Бул ҳаққында Қаржы министрлиги Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Пенсия ҳәм напақа алыўшы шахслар индивидуал түрде арнаўлы телеграм бот арқалы төмендеги мағлыўматларды алыўы мүмкин.

– пенсия тәмийинленгенлиги ҳаққында мағлыўматлар;

-пенсия төлеми бойынша мағлыўмат;

-пенсия ҳәм напақа тайынлаў ушын зәрүр ҳүжжетлер:

Сондай-ақ, арнаўлы телеграм бот арқалы Пенсия қорына мүрәжат жоллаў имканияты да жаратылған. Буннан тысқары келешекте жеке жыйналып барылатуғын пенсия есабы  ҳаққында мағлыўматларды алыў режелестирилген.

Арнаўлы телеграм болған толық пайдаланыў ушын тек ғана пенсия қорының дизиминде бар және «SMSPensiya» интерактивлик хызметине жалғанған пуқаралар пайдаланыўы мүмкин.

«SMS-Pensiya» интерактивлик хызметине жалғаныў тәртибин бул силтеме арқалы көриў мүмкин.

 

ӨзА