Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге бағышланған мәжилис болып өтти.

Оған администрация хызметкерлери, бөлим баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Айрым пуқараларымыз гүзги-қысқы мәўсим келиўи менен жасалма усылында таярланған жылытыў үскенелеринен пайдаланып, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушырасады. Бундай жағдайлардың алдын алыўда филиал хызметкерлери әсиресе, ижарада жасаўшы студент-жасларға газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўда итибарлы болыўын турақлы түрде үгит-нәсиятлап барыў зәрүрлиги атап өтилди.  Сондай-ақ, филиалда атқарыў тәртибин орынлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қараў, анықланған кемшиликлерди ўақтында сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги