Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында газден зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге бағышланған мәжилис болып өтти.
Оған администрация хызметкерлери, бөлим баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.
Айрым пуқараларымыз гүзги-қысқы мәўсим келиўи менен жасалма усылында таярланған жылытыў үскенелеринен пайдаланып, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў жағдайлары ушырасады. Бундай жағдайлардың алдын алыўда филиал хызметкерлери әсиресе, ижарада жасаўшы студент-жасларға газ ҳәм электр үскенелеринен пайдаланыўда итибарлы болыўын турақлы түрде үгит-нәсиятлап барыў зәрүрлиги атап өтилди. Сондай-ақ, филиалда атқарыў тәртибин орынлаўға үлкен жуўапкершилик пенен қараў, анықланған кемшиликлерди ўақтында сапластырыў бойынша ўазыйпалар белгиленип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги