Пәрман ҳәм оның орынланыўы

Өзбекстан әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик тарийхы мәмлекетлик музейинде «Миллий сувенирлер» фестивалы болып өтти.

Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы Мәдений мийрас агентлигиниң басламасы менен биринши мәрте шөлкемлестирилген бул фестивальдан гөзленген мақсет елимизде туристлер арасында мәдений-тарийхый мийрасымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў, Өзбекстанның саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз мәнзил сыпатындағы имиджин беккемлеў бойынша алып барылып атырған ҳәрекетлерге мүнәсип үлес қосыў болып табылады.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмин және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўы шеңберинде усы фестиваль өткерилди,-деди Мәдений мийрас агентлиги баспасөз хызметиниң басшысы Моҳинур Имомова. – Мақсет – елимиздиң туризм потенциалын жоқарылатыў. Соның менен бирге, фестиваль қатнасыўшылары тәрепинен жаратылған миллий сувенирлер саўдасын жолға қойыў арқалы республикамыздың музейлерин ҳәм мәдений мийрас объектлерин тиккелей үгит-нәсиятлаўға имканият жаратылады. Бул болса аймақларды турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыў, өнерментлердиң бәнтлигин тәмийинлеў, оларды ҳәм материаллық, ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди. Фестиваль тек ғана пайтахтымызда емес, ал елимиздиң басқа да аймақларында да болып өтти.

Ташкентли өнермент Умид Йўлдошев та «Миллий сувенирлер» фестивалының қатнасыўшысы.

– Дерлик 25 жылдан берли өнерментшилик пенен шуғылланаман,-деди ол. – Бурынлары тери ийлегенмен. Ҳәзирги күнде болса шәкиртлер менен бирге тери өнимлеринен ҳәр қыйлы буйымлар ислеп шығарып атырмыз. Өнимлеримизди көргизбелерде турақлы түрде көрсетип барамыз. Бүгин де усы фестивальда қатнастық. Бул биз ушын ҳәр тәреплеме пайдалы.

Фестиваль шеңберинде өнерментлердиң көргизбе-саўдасы, таңлаўлар ҳәм шеберлик сабақлары да өткерилди. Фольклор-этнографиялық топарлардың шығыўлары болса қатнасыўшыларға көтериңки кейпият бағышлады.

– Өнермент болғаным ушын бундай илажларға қатнасыў қызықлы. Қосықлар, өнерментлер менен сөйлесиў – ҳәмме-ҳәммеси дөретиўшиге илҳам бағышлайды. Әсиресе, ҳәр түрли дөретиўшилик үлгилерин көрип, кеўил жайнайды. Өзим де  рәсмий түрде дизимнен өтип, сегиз жылдан берли ҳәр қыйлы металлардан хожалық буйымлары ҳәм саўғаға қолайлы өнимлер таярлайман. Өнерим өзиме жағады ҳәм бәрқулла изленемен,-деди өнермент Анатолий Бабаханян.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы