Мәмлекетимизде гөш ҳәм гөш өнимлери баҳасының артып барыўы ўатанласларымыздың усы түрдеги азық-аўқат өнимин сатып алыў имканиятын төменлетиўге себеп болмақта.

Медициналық стандартларға бола, халықтың шарўашылық өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ушын 1,5 миллион тонна гөш (бир адамға 42,8 килограмм) керек болады.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 25-октябрьде «Өзбекстан Республикасы Салық кодексине халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеўге қаратылған қосымша киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойды. Оған бола, 2021-жыл 10-октябрьден 31-декабрьге шекемги дәўирде гөш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар (қарамал ҳәм қус) ҳәм оларды сойыўдан алынатуғын өнимлер, картошка ҳәм музлатылған балықты реализациялаў бойынша айланыс, сондай-ақ, оларды Өзбекстанға алып кириў қосымша қун салығынан азат етиледи. Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, усы жылдың май айында мәмлекетимиз басшысы гөш ҳәм өсимлик майының жәҳән базарындағы баҳалары 1 жылдан берли тоқтаўсыз өсип атырғаны барлық басшыларды зәрүр илажларды көриўге ийтермелеўи керек екенлигин атап өткен еди.

Бул ҳүжжет халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў, баҳалардың турақлылығын сақлаўға хызмет етеди.

 

Муҳайё Тошқораева, ӨзА