Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети елимиздеги әҳмийетли сиясий илаж – Президент сайлаўында бақлаўшы сыпатында қатнасқан Россияның Өзбекстан менен дослық ҳәм бирге ислесиў жәмийетиниң баслығы Игорь Круговых пенен ушырасыў болып өтти.

Илажда комитеттиң баслығы Рустамбек Қурбонов кейинги жылларда мәмлекетимизде әмелге асырылған миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейилликти тәмийинлеў, дослық орталығын ҳәм көп миллетли шаңарақ сезимин беккемлеўге байланыслы кең көлемли жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Соның ишинде, дослық ҳәм көп миллетли бирден-бир шаңарақ сезими орталығын беккемлеў, жасларды миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, пуқаралардың татыўлығының турақлылығын, түрли миллетлердиң ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлериниң жумысларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм буннан былай да раўажландырыўға хызмет етип киятырғаны айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, ол Өзбекстан менен дослық ҳәм бирге ислесиў жәмийети менен әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Комитеттиң баслығы мийманды келеси жыл мәмлекетимизде 30-июль – «Халықлар дослығы» күни шеңберинде өтетуғын илажларда қатнасыў ушын мирәт етти.

Игорь Круговых та еки мәмлекет арасында түрли тараўлар, соның ишинде, мәденият бағдарындағы бирге ислесиў байланысларының және де раўажланып атырғанын, онда еки мәмлекет халықлары арасындағы халық дипломатиясына тийкарланған байланыслар айрықша әҳмийетке ийе екенин айтып өтти.

Ол келешекте еки тәреплеме байланысларды буннан былай да раўажландырыўда биргеликте ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында Игорь Круговых Өзбекстанда усы жылдың 24-октябрь күни шөлкемлестирилген президентлик сайлаўына да тоқтап, сайлаў процесслери жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, сайлаў шөлкемлестириўшилик жағынан да жоқары дәрежеде өткенин, даўыс бериў процеси халықаралық нормаларға толық жуўап беретуғынын атап өтти.

 

Н.УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы