АҚШ Президенти Жо Байден ҳәкимшилиги мәмлекетке келетуғын туристлер ушын енгизилетуғын қағыйдаларға толық түсиник береди.
«Reuters» хабарына бола, бәринен бурын, Ақ үй толық емленген сырт ел пуқараларына АҚШқа кириўге байланыслы шеклеўлер бийкар етилип, олар 8-ноябрьден баслап мәмлекетке киргизилетуғыны ҳаққында мәлим еткен еди.
Ақ үй туристлер қандай тәризде вакцинация мандатынан жырақ болыўы мүмкин екенлигин түсиндирмекши.
Сондай-ақ, туристлердиң АҚШқа келиўи алдынан шаншылғаны ҳаққында тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер бойынша авиакомпанияларға қойылатуғын талапларға да айдынлық киргизиледи.
ӨзА