21-октябрь-Өзбек тили байрамы күни
Пайтахтымыздағы Жазыўшылар қыябанында 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Өзбек тилине Мәмлекетлик тил статусы берилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда Министрлер Кабинетиниң Мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тилди раўажландырыў мәселелери департаментиниң басшысы Абдуғаффор Қирғизбоев мәмлекетимизде өзбек тилине итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенин атап өтти.
Президентимиздиң Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен халқымызға байрам қутлықлаўында ана тилимизди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер тийкарғы ўазыйпа сыптында белгилеп берилген. Мәмлекетимизде өзбек тилиниң абырайын және де жоқарылатыў, бул бағдардағы әмелий жумысларды, изертлеўлерди раўажландырыў, зәрүр қолланба, сөзликлер, илимий-ағартыўшылық дәреклерди жаратыў, оны үгит-нәсиятлаўды күшейтиў бағдарында жедел жумыслар алып барылмақта.
Ана тилимизди раўажландырыў бағдарында белгили нызамшылық системасы жаратылған. Мәмлекетлик тилдиң абырайын арттырыў бағдарында көплеген мәмлекетлик структуралар белсене үлес қоспақта. Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў процесинде бул бағдардағы илимий излениўлерди жедел қоллап-қуўатлаў, орынларда өзбек тилине байланыслы норма ҳәм нызамшылыққа әмел етилиўин тәртипке салыў, жас дөретиўшилерди хошаметлеў мақсетинде системалы жумыслар алып барылмақта.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид Президентимиздиң байрам мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы ана тилимизди және де раўажландырыў, оған болған итибарды күшейтиў бағдарында әҳмийетли бағдарлама екенин атап өтти. Мәмлекетимизде китапқумарлық, миллий әдебиятымызды раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ана тилимизге болған итибардың әмелий көриниси болып есапланады.
Мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған сырт елли студентлер өзбек тилиниң гөззаллығы ҳәм тартымлылығы туўралы ҳәр тәреплеме атап өтти. Бүгин дүнья көлеминде де өзбек тилине болған итибар барған сайын артып атырғаны сырт ел студентлериниң шын жүректен айтылған сөзлеринде де айқын болды.
– Өзбек тилиниң гөззаллығы, байлығы ҳәзирети Әлийшер Наўайының шығармаларында айқын көзге тасланады, – деди Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў институтының студенти, АҚШлы Картер Ҳалл. – Өзбек тилине болған ҳүрметимиз Наўайы шығармалары арқалы және де жоқарылап бара береди.
– Бүгин өзбек тилинде сөйлейтуғынлар елиў миллионнан асты, – деди Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң студенти, аўғанстанлы Зубайда Ховар. – Бул өзбек тили ири тил екениниң және бир дәлили болып есапланады. Егер өзбек тилин сүйетуғынлар бул тилге итибарын ҳәм жуўапкершилигин және де күшейтсе, ол және де раўажланады.
– Мен өзбек тилине байланыслы изертлеўлер алып бармақтаман, – деди Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў унисерситетиниң студенти қытайлы Йе Ханвен. – Сол себепли өзбек шайырларының қосықларын сүйип оқыйман. Бүгинги әнжуманда өзбек тилинде сөйлеў мен ушын үлкен мақтаныш болып есапланады.
Илажда өзбек шайырларының дөретиўшилигинен үзиндилер оқылды. Өзбекстан Қаҳарманы, халық артисти Муножот Йўлчиева, Юнус Ражабий атындағы мақам топары атқарыўындағы дилўар қосықлар илажға және де пайыз бағышлады.
Салтанатлы мәжилис қатнасыўшылары ҳәзирети Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳитов, Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары Беҳзод Мусаев қатнасты.
Өзбек тили байрамы мүнәсибети менен әдебий-ағартыўшылық илажлар мәмлекетимиз бойлап даўам етпекте.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы