Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жәмийеттеги орны ҳәм ролин күшейтиў, олардың халықтың күнделикли машқалалары менен ислесиў ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўдағы орнын беккемлеў, сондай-ақ, пуқаралар жыйыны хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаў арқалы системаның нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:
- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң 2021-жыл 1-ноябрьден баслап:
а) аймағында шаңарақлардың саны мың ҳәм оннан көп болған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң айлық лаўазымлық мийнет ҳақыларын 35 процентке арттырыў;
б) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын сақлаўға байланыслы қәрежетлерди тийисли жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаржыландырыў;
в) пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў, оларға бухгалтериялық хызмет көрсетиў ўазыйпасын район (қала) ҳәкимликлеринен район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине өткериў;
г) район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қорын (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
- Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жыллық мийнетке ҳақы төлеў қорының (материаллық хошаметлеў арнаўлы қорының қаржыларын есапқа алмаған ҳалда) 10 процент муғдарындағы бюджет қаржылары;
халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарларына тийкарланып ажыратылатуғын жергиликли бюджетлер қосымша дәреклериниң 3 проценти муғдарындағы ажыратпа:
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының мүлкин белгиленген тәртипте ижараға бериўден алынған қаржылар;
қәўендерлик қаржылары;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлерин хошаметлеў қоры ҳаққындағы режени Министрлер Кабинетине киргизсин:
Қордың қаржыларын қәлиплестириў тәртиби ҳәм олардан пайдаланыў бағдарларын белгилеў;
Қордың қаржылары есабынан жеке ҳәм хошаметлеўши үстемелер бериў, сыйлықлаў ҳәм социаллық қорғаў.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў басқармалары:
Қор қаржыларының қәлиплестирилиўи бойынша турақлы қадағалаў алып барсын;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен өзлери жумыс алып барып атырған имарат ҳәм объектлердиң хатлаўдан өткерилиўин ҳәм басқа мүлклери өзлеринде қалдырылыўын тәмийинлесин;
район (қала) ҳәкимликлерине тийисли болған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен пайдаланып келинген имарат ҳәм объектлер район (қала)лық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлерине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилиўин тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги:
2021-жылы барлық мәҳәлле пуқаралар жыйынларына зәрүр канцелярия товарларын сатып алыў ушын 9,2 миллиард сум қаржы ажыратылыўын ҳәм 2022-жылдан баслап усы мақсетлер ушын зәрүр қаржылар Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын;
пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлериниң айлық лаўазым мийнет ҳаққысы муғдарының арттырылыўына байланыслы қосымша қәрежетлер 2021-жылы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларындағы вакант орынлар есабынан босап қалған қаржылар ҳәм Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетиниң қосымша қаржылары есабынан қапланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Т.Маматов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын қадағалаў, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 18-октябрь