Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилисин комиссия баслығы З.Низомхўжаев алып барды.

Комиссия ағзалары дәслеп Сайлаў участкаларында сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Сайлаў кодексиниң 57-статьясына муўапық, сайлаў күни өзиниң жасаў орнында болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанында басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанында тамамланады.

Сайлаў кодексиниң 561-статьясына бола, Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары ҳәм сырт еллердиң ўәкилликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен келисимлерге муўапық сырт еллерде, халық тығыз жайласқан аймақларда мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўшының турған жеринде өткерилиўи мүмкин.

– Сайлаўшылардың мүддетинен алдын даўыс бериўин тәмийинлеў жуўапкершиликли процесслерден бири болып есапланады. Быйылғы сайлаўда, әсиресе, коронавирус инфекциясы себепли жер жүзинде пайда болған пандемия шараятын айрықша есапқа алыў зәрүр. Карантинниң қатаң талаплары себепли қала-аўылларымыз арасында, сырт еллер менен барыс-келис кейинги ўақытта бираз төменлегинен хабарыңыз бар. Енди бул бағдардағы имканиятлар кеңейе баслады. Бул пуқаралар миграциясына да тәсир етиўи, ҳәр қыйлы себеплерге бола сайлаў күни айырым сайлаўшылардың өзи жасайтуғын сайлаў участкасы аймағында  бола алмаўы да тәбийғый. Сондай-ақ, мүддетинен алдын даўыс бериў имканиятларының кеңейиўи сайлаў күни пуқаралардың сайлаў участкаларында даўыс бериў алдынан жыйналып ямаса күтип қалыўын, олардың карантин талапларына әмел етиўин аңсатластырады,-деди З.Низомхўжаев.

Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханасы жанында дүзилген участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылардың турған жеринде даўыс бериў ўақыты және орны ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм бул ҳаққында сайлаўшыларды, бақлаўшыларды ғалаба хабар қураллары арқалы хабардар етеди.

Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери Худоёр Маматовтың атап өтиўинше, мүддетинен алдын даўыс бериў 2021-жыл 14-октябрь күни басланып 2021-жыл 20-октябрь күнине шекем өткериледи. Сайлаў участкасында мүддетинен алдын даўыс бериў ўақыты саат 9:00 ден саат 20:00 ге шекем даўам етеди.

Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында мүддетинен алдын даўыс бериў усы сайлаў участкалары жайласқан жердеги жергиликли ўақыт пенен саат 9:00 ден саат 20:00 ге шекем әмелге асырылады.

Комиссия ағзалары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациялаў ҳаққындағы ОСК қарарының жойбары ислеп шығылған. Оған муўапық, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясы, Халықаралық Гаага конференциясы сыяқлы халықаралық шөлкемлерден, сондай-ақ, Бельгия, Греция, Франция, Италия, Нидерландия, Әзербайжан, Россия, Армения, Тәжикстан, Украина сыяқлы мәмлекетлерден жәми 65 халықаралық бақлаўшы дизимнен өткерилди.

Солай етип, усы күнге шекем аккредитациядан өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында сырт еллер ҳәм халықаралық шөлкемлерен қатнасатуғын бақлаўшылардың улыўма саны 224 ти қурамақта. Орайлық сайлаў комиссиясы халықаралық бақлаўшыларға сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өзиниң жумысын әмелге асырыўы ушын мандатларды нызамда белгиленген мүддетте бермекте.

Мәжилисте Ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў ҳаққындағы қарар жойбары бир аўыздан мақулланды және жәми  179 жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкили аккредитациядан өткерилди. Енди аккредитациядан өткерилген жергиликли ҒХҚ ўәкиллери 1334, сырт ел ғалаба хабар қураллары болса 146 ны қурамақта.

Мәжилис даўамында Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары сайлаў округлери баслықларының сайлаўға таярлық көриў бойынша есабатлары тыңланды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы