Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў, физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал әўладты қәлиплестириў, жасларымызды ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхорлар етип тәрбиялаў бағдарындағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын бир топар тараў пидайылары Президентимиз пәрманы менен ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған еди.
Усы жыл 30-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы ҳүрметли атақлар, орден, медальлар ҳәм көкирек белгилерин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып, кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Елимиз басшысының Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазларына жоллаған байрам қутлықлаўында бул өзиниң айқын көринисин тапты. Байрам мүнәсибети менен бир топар жерлеслеримиздиң ҳүрметли атақлар, орден, медальлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланыўы тараўға қаратылып атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың әмелдеги көриниси болды.
Илажда усы ҳүрметли атақлар, орден, медальлар ҳәм көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының өзбек әдебияты кафедрасы профессоры, «Фидокорона хизматлари учун» ордени ийеси К.Қурамбаев, Нөкис қаласындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң баслаўыш класс муғаллими, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери А.Хегай, Нөкис қаласындағы 1-қәнигелестирилген улыўма орта билимлендириў мектебиниң директоры, «Дўстлик» ордени ийеси Г.Абдирова, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң бөлим баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы З.Ережепова, Әмиўдәрья районындағы «Бәркамал әўлад» балалар орайының директоры, «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси ийеси Х.Ражапова сөзге шығып, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги