Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасында 28-сентябрь күни Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўи болып өтти. Илаж шеңберинде «В2В» ушырасыўлары форматында онлайн түрде Орайлық Азия мәмлекетлери исбилермен ҳаял-қызлары арасында Кооперациялық биржа өзиниң жумысын баслады.
Бул Кооперациялық биржа Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан исбилермен ҳаял-қызлары арасында тиккелей байланыслар орнатыў және бирге ислесиў ҳәм исбилерменликти жолға қойыў мақсетинде өткерилмекте.
Үш күн даўамында болып өтетуғын илаж БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы ўәкилханасы жәрдеминде шөлкемлестирилгенин атап өтиў керек. Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының қарым-қатнасы Баслығы Танзила Норбоева ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска илаждың ашылыўында қатнасты.
Танзила Норбоева Орайлық Азия исбилермен ҳаял-қызларын бизнес әтирапында бирлестириў, оларды қоллап-қуўатлаў, Өзбекстанда ҳаял-қызларға жаратылып атырған шараятлар ҳәм қоңсы мәмлекетлердеги исбилермен ҳаял-қызлар менен жолға қойылып атырған жаңа бирге ислесиў жумысларына айрықша тоқтап өтти.
– Өзбекстанда исбилермен ҳаял-қызларды хошаметлеўге ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги ўақытта республикамызда 170 мыңнан артық исбилермен ҳаял-қызлар бар. Оларды қоллап-қуўатлаў бойынша жумыс ислеп атырған мәмлекетлик қор тәрепинен исбилермен ҳаял-қызлардың жойбарлары ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратып келинбекте,-деди Сенат Баслығы. –Барлық ўәлаятларда ҳәр жылы 30 мыңнан аслам ҳаял-қызды исбилерменликке оқытыў ҳәм қайта таярлаў, жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери бойынша әмелий жәрдем көрсетиўши орайлар жумыс ислемекте.
Орайлық Азия исбилермен ҳаял-қызларының «В2В» ушырасыўлары санаат, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы, көркем өнер ҳәм өнерментшилик және инновациялық технологиялар сыяқлы темадағы сессияларға бөлинген.
Кооперациялық биржа даўамында Орайлық Азия исбилермен ҳаял-қызлары болажақ шериклери менен тиккелей байланыслар орнатады. Келешектеги бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалайды. Бул болса ҳаял-қызлардың имканиятларын және де кеңейтип, еки тәреплеме ҳәм регионаллық форматларда исбилерменлик байланысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди даўам еттириўге жәрдемлеседи.
Илаждың жуўмақлары бойынша ҳәр бир тематикалық сессия нәтийжелериниң жуўмағын шығарылыўы ҳәм Орайлық Азия исбилермен ҳаял-қызлары арасындағы ерисилген келисимлердиң жәрияланыўы күтилмекте.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы