5-7-январь күнлери аралығында Қазақстан Республикасының Маңғыстаў ўәлаятында спорттың еркин гүрес түри бойынша жас өспиримлер арасында халықаралық турнири өткерилген еди, оған  республикамыздан оннан аслам спортшылар табыслы қатнасып қайтты.

Халықаралық турнирде 2002-2004-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында өз салмақ категориясы бойынша Жәнибек Муратов (+55кг) гилемде барлық қарсыласлары үстинен жеңиске ерисип, алтын медаль алыўға миясар болды.

Сондай-ақ, Ермухан Әбиўсайытов (55кг) ҳәм Муўса Юсуповлар (48кг) турнирдиң гүмис медальларын, Юнус Расбергенов (45кг) ҳәм Әдилбек Қурбанбаевлар (41кг) қола медальларын қолға киргизди.

2005-2007-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында гилемге шыққан жас палўанларымыз Алмазбек Атабаев (35кг), Қуўаныш Қазақбаев (29кг) ҳәм Жаваҳир Әбдирахмановлар турнирден бос қайтпай қола медалын алып қайтты.

9-январь күни Нөкис темир жол вокзалында халықаралық турнир жеңимпазларын кең жәмийетшилик ўәкиллери күтип алды.

Онда Өзбекистан Миллий Олимпия комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша ўәкили М.Сәрсенбаев  сөзге шығып, спортшыларды жылдың басында ерискен дәслепки жеңиси менен қызғын қутлықлады ҳәм спортшылардың буннан былай да бәлент шоққыларды ийелеўине тилеклеслик билдирди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы