Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлсеиў алдында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентине Жамбыл ўәлаяты Байзақ районында жүз берген аянышлы ўақыя ақыбетинде инсанлар қурбан болғаны мүнәсибети менен терең кеўил билдирди. Өзбекстан Қазақстанға айрықша ҳәдийсе ақыбетлерин сапластырыўға зәрүр жәрдем бериўге таяр екени атап өтилди.
Өзбекстан-Қазақстан қатнасықларының әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Көп қырлы бирге ислесиўдиң унамлы пәт пенен раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, туризм тараўларында кооперация жойбарларын, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламаларын алға қойыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Президентлер, сондай-ақ, регион күн тәртиби, бәринен бурын, Аўғанстандағы жағдайдың кескинлесиўи бойынша пикир алысты. Орайлық Азияда қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелеринде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.
ӨзА