Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, халқымыздың мәнаўиятын раўажландырыў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң жарқын таланты, көп қырлы дөретиўшилиги, нәтийжели илимий-әмелий жумысы менен мәмлекетимиздиң илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, спорт, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, жасларымызды ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсене қатнасқаны ушын төмендегилерге ҳүрметли атақлар берилсин:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Өзбекстан Республикасы халық жазыўшысы» ҳүрметли атағы
Каримов Кенес Айтмуратович – Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы
«Өзбекстан Республикасы халық артисти» ҳүрметли атағы
Пиязов Жеңисбек Бүркитович – Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, опера атқарыўшысы
«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери» ҳүрметли атағы
Нызанов Муратбай – «Билим» баспасының директоры, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жазыўшы
Халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалы ҳәм мәнаўиятын арттырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, әдебият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спорт тараўлары ҳәм ғалаба хабар қуралларын раўажландырыўдағы айрықша хызметлери, елимиздиң раўажланыўын тәмийинлеў, жәмийетте тынышлық ҳәм социаллық-руўхый турақлылықты беккемлеў, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын төмендегилер сыйлықлансын:
«Фидокорона хизматлари учун» ордени менен
Аяпов Шарапатдин – Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң жетекши қәнигеси
«Дўстлик» ордени менен
Жуманиязова Гүлсара Қаражановна – Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының вокал артисти
Отамбетов Оралбай Нажиматдинович – Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, бақсы
Пахратдинов Әжинияз Шарапатдинович – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң көркемлик басшысы
Цецура Галина Афанасьевна – Нөкис қаласындағы 37-қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс муғаллими
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Бекбосынова Пердегүл Кеўлимжаевна – Қараөзек районы медициналық бирлеспесиниң қыстаўлы тез жәрдем бөлиминиң балалар шыпакери
Казаков Аллаяр Раджапович – Қарақалпақ мәмлекетлик университети денетәрбия мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасының доценти
«Соғлом турмуш» медалы менен
Баймуратова Жәмиля Әбдижалиевна – Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң баскетбол бойынша тренери
Балтабаев Расул Тухтабаевич – Елликқала районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң самбо гүреси бойынша тренери
«Келажак бунёдкори» медалы менен
Аяпов Саламат Бахиевич – Қарақалпақ мәмлекетлик университети көркем өнер кафедрасының баслығы
«Шуҳрат» медалы менен
Ишчанов Шерзоджон Шавкатович – Төрткүл районы мәденият бөлиминиң «Мақом» халық топарының аккомпаниаторы
Сырымбетов Бақберген Жақсылықович – Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы, жыраў
Хожасов Махсет Мәмбетниязович – «Айқулаш» қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклоры ансамблиниң сазендеси
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 24-август