Өзбекстан Саўда-санат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында «Исбилермен ҳаял-2021» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң басламасы менен елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамына бағышланып шөлкемлестирилген илаждың ашылыў салтанатында шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей,  соңғы жыллары елимизде исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлардың саны жылдан-жылға артып бармақта. Бунда партияның «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси, Өзбекстан Саўда-санат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен биргеликте дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Исбилермен ҳаял» таңлаўы айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет,  ҳаял-қызлар арасында исбилерменликти ҳәм фермерликти раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў болып табылады.

Илажда қалалық ҳәм районлық басқышлардың жеңимпазы болған 17 исбилермен, фермер ҳәм өнермент өзлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер ҳәм презентациялары менен қатнасты. Төрешилер қурамы тәрепинен ҳәр бир қатнасыўшының жумысы, ис-тәжирийбеси, ҳуқықый билими, экспорт-импорт потенциалы, ислеп шығарып атырған өнимлериниң экспортқа қолайлығы, жаратылған жумыс орынлары, партия ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, ҳәзиргидей сынаўлы ҳәм пандемия шараятында алып барып атырған қайыр-сақаўат ислери, келешектеги режелери есапқа алынды.

Таңлаў жуўмағында Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева биринши орынды ийелеп, Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын басқышқа жоллама алды.

-Бир неше жыллардан берли көп тармақлы фермер хожалығына басшылық етип киятырман,-дейди «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева.-Бүгинги күни фермер исбилермен, ҳуқықый жақтан саўатлы, талапшаң болыўы керек. Пахташылық, ғәллешилик, мал шарўашылығы, пал ҳәррешилиги менен шуғылланатуғын фермер хожалығымызда 60 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Жақын күнлерде 10 гектар бағ жаратып, балықшылықты да жолға қоймақшыман. Россиядан шәртнама тийкарында бийдайды қайта ислейтуғын үскенелерди алып келип, нанбайхана ашпақшыман. Мақсетим, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў болып табылады. Усы мийнетлеримди есапқа алып таңлаў жеңимпазы деп тапқан екен, бул маған еле де күш-жигер бағышлайды.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқанларға диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М. ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери