«23-июль күни Өзбекстанда мәмлекет Президентлигине сайлаў бойынша сайлаў кампаниясы басланды.

Орайлық сайлаў комиссиясы 2021-жыл 24-октябрьди Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиледи.

ОСК баслығы Зайниддин Низомхўжаевтиң атап өтиўинше, сайлаўлар улыўма тән алынған халықаралық стандартлар, сондай-ақ, демократиялық принциплерге жуўап беретуғын жаңа миллий сайлаў нызамшылығы тийкарында – ашық-айдын өткериледи.

2016-жылғы Президентлик сайлаўларынан кейин өткен бес жыл даўамында мәмлекет ҳәм халық турмысында сезилерли өзгерислер жүз берди. Абыройлы шөлкемлер экспертлериниң атап өткениндей, бул дәўирде жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық тараўларда әҳмийетли реформалар әмелге асырылды.

«Сайлаў – 2021» биринши мәрте Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодексине муўапық өткериледи. Конститутциялық нормалар ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында мәмлекет Президенти дәўирлилик принципи және партиялараралық бәсеки шараятында сайланыўы тәмийинленеди.

Сайлаў кампаниясы дәўиринде барлық сиясий партиялар ҳәм олардың талабанлары ушын тең шараятлар жаратылады. Президентлик сайлаўына таярлық көриў және оны өткериў жумыслары, соның ишинде, даўыс бериў процеси өз талабанларын алға қойған сиясий партиялар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллери тәрепинен бақлап барылады.

Орайлық сайлаў комиссиясы, сондай-ақ, барлық дәрежедеги сайлаў комиссиялары Президент сайлаўына таярлық көриў және оны өткериў бағдарындағы жумысын нызамшылық, ғәрезсизлик, ҳадаллық, ашық-айдынлық принциплери тийкарында шөлкемлестирмекте.

ОСК Баспсөз орайы және оның аймақлық бөлимлери заманагөй мәлимлеме-коммуникация техникалары менен толық тәмийинленеди. Баспасөз орайы Орайлық сайлаў комиссиясының «Saylov – 2021» веб-порталы және басқа да мәлимлеме ресурсларының жумысын жолға қояды»,-делинеди басылым мақаласында.

 

Н.УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы