Бүгинги күнде мәмлекетимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясына айрықша итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бирине айланған бул системада әллеқашан жумысқа жаңаша қатнас, өзгерислер ҳәм реформалар процеси өтпекте. Ўатанымыздың ертеңги тәғдири, перспективалы жаслардың билими, тәлим-тәрбиясы ҳәм ийелеп атырған кәсибине байланыслы.
Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимди раўажландырыў, педагог хызметкерлер менен иилимпазлардың жумыс ислеўи ушын шараятлар, әсиресе, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша перспективалы ўазыйпалар белгиленди.
Жоқары билимлендириў системасын жетилистириў бойынша Президент пәрманы ҳәм қарарлары тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң талабанларды қабыл етиў квоталары сезилерли дәрежеде арттырылғанын, билимлендириўдиң сапасы ушын оғада әҳмийетли болған оқыўға қабыллаў процеси жетистирилип, оғада айдынласқанын атап өтиў зәрүр. Нәтийжеде билимли, талапшаң, талантлы жасларды оқыўға таңлап алыўдың жетилискен системасы жаратылды. Кейинги жылларда жаңа, соның менен бирге сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери ашылды. Бар жоқары билимлендириў мәкемелеринде болса жаңа бакалавр билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын оқыў процесслери шөлкемлестирилип, талаплар ҳәм усыныслардан келип шыққан ҳалда билимлендириўдиң сыртқы ҳәм кешки түрлери ашылды. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық рейтинглери жақсыланыўы нәтийжесинде абыройлы сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелери менен билимлендириў ҳәм илимий тараўларда ҳәр тәреплеме бирге ислесиўлер күшеймекте. Сапалы билимлендириў процесин шөлкемлестириў ушын жоқары билимлендириў мәкемелердиң ҳәр тәреплеме материаллық-техникалық базалары жақсыланды. Саламат бәсеки орталығын жетилистириў ушын профессор-оқытыўшылардың илимий дәрежеси, қолланбалары, илимий мақалаларынан келип шығып олардың илимий жумысына ҳақы төлеў системасы қәлиплестирилди. Ең тийкарғы көрсеткишлерден бири болған оқытыўшылардың абыройы ҳәм ЖООлардың абыройы арттырылды.
Ҳәммемизге белгили, усы жыл 16-июнь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары билимлендириўдеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди. Усы видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы билимлендириўдиң сапасын жақсылаў ҳәм оның барлық процеслерин базар талапларынан келип шығып шөлкемлестириў мәселеси Жоқары билимлендириў министрлиги, ректорлардың итибарынан шетте қалып атырғанын атап өтти. Бүгинги күнде жасларды билимли ҳәм маман етип тәрбиялаў, дүньяның раўажланыўына сай қәнигелер таярлаў мақсетинде билимлендириў системасы избе-из раўажланып атырғанын атап өтиў зәрүр. Жоқары билимлендириў тараўындағы дәслепки реформалар, бәринен бурын, қамтып алыўды арттырыў, институт ҳәм университетлердиң финанслық жағдайын жақсылаў, профессор-оқытыўшыларды материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылмақта.
Атап айтқанда, мәмлекетимиздиң тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириў, илим тараўының раўажланыўын жеделлестириў мақсетинде, мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы, «Тәлим-тәрбия системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алыў имканиятларын және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарларының қабыл етилиўи тәлим-тәрбия ҳәм илимниң раўажланыўына бирлемши итибар қаратылып атырғанының айқын үлгиси болды.
Пәрманда билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимди раўажландырыў, питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў, педагог хызметкерлер менен илимпазлардың жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў, билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша бир қатар перспективалы ўазыйпалар белгиленген. Сондай-ақ, пәрман ҳәм қарарда ҳәзирги машқалаларды шешетуғын, жақын бес жылда нәтийжесин көрсететуғын ҳәм раўажланыў дәрежесин белгилеп беретуғын мақсетлер қамтып алынған.
Соның ишинде, пәрманда узық жыллар даўамында педагоглардың ең қыйын машқаласына айланған, олардың абыройына зыян келтирип атырған факторларды сапластырыў, жәмийетте оқытыўшының абырой-мәртебесин арттырыў, оқыў бағдарламалары ҳәм методикасын толық қайта көрип шығыў, педагог хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысын кескин арттырыў, артықша қағазпазлықлардан ўаз кешиў, өз үстинде көбирек ислеўи ушын шараят жаратыў ҳәм соны хошаметлеў сыяқлы мәселелердиң шешимлери анық белгилеп берилди.
Әсиресе, мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстанның жаңа раўажланыў дәўиринде тәлим-тәрбия ҳәм илим тараўларын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының 18-бәнтинде Жоқары билимлендириў тараўында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-сентябрьге шекем ҳәр бир аймақта мәмлекетлик емес, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында кеминде биреўден жоқары билимлендириў мәкемесиниң шөлкемлестирилетуғыны атап өтилген.
Және бир әҳмийетли тәрепи – 2021-2022-оқыў жылынан баслап, Өзбекстандағы ЖООларда күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлери менен бирге, аралықтан турып ҳәм кадрлар таярлаў басқышпа-басқыш жолға қойылады. Сондай-ақ, өткен жылы жаңа редакцияда қабыл етилген «Билимлендириў ҳаққында»ғы нызамға аралықтан ҳәм дуал билимлендириў түрлери де киргизилген еди.
Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў тараўының раўажланыўына да айрықша итибар қаратылмақта. Бундай үлкен итибар ҳәм ғамхорлық келешегимиз болған жасларымызды билимли, ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсан етип тәрбиялаўға хызмет етеди.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы
Қарақалпақстан хабар агентлиги