Президент Шавкат Мирзиёев бүгин Алмалық кән-металлургия комбинаты кәнлери негизинде реңли ҳәм баҳалы металлар ислеп шығарыўды кеңейтиў бағдарындағы жумыслар менен танысады. Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысының баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар бермекте.
Комбинатта елимиздиң кән санаатындағы және бир ири жойбар – «Ёшлик I» кәнин өзлестириў жойбары әмелге асырылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы усы жойбар шеңбериндеги жаңа қуўатлылық – 3-мыс байытыў фабрикасының қурылысына тырнақ тасын қояды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги