Көпшиликке белгили, усы жылдың 24-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиленди. Сайлаў кампаниясына 23-июльден баслап старт берилди.
Бул сиясий мапазды сиясий-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен усы жылдың 14-апрелинде тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасына муўапық, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Оған бола, Президент сайлаўының әҳмийети, өзине тән тәреплери, Сайлаў кодекси, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин сайлаўшыларға ҳәм сайлаўды шөлкемлестириўшилерге жеткериў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Мине усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы судлары судьялары, сондай-ақ, Нөкис қаласында жайласқан сайлаў участкаларының сайлаў комиссиясы баслықларына талабанлардың қатнасыўында конференция болып өтти.
Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы суды баслығы Г.Базарбаева басқарып барды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, юридика илимлериниң докторы, профессор Р.Матқурбанов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Отемисовлар бул сиясий мапаздың әҳмийети ҳәм сайлаўды жоқары шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша орынларда әмелге асырылатуғын үгит-нәсият, түсиник жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша сөз етти.
Буннан кейин сөзге шыққан судьялар Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының өзине тән өзгешеликлери, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер менен қосымшалардың мазмуны, әҳмийети, сайлаў өткерилетуғын сайлаў комиссияларының жумысы, сайлаўда сырт ел мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлер менен жергиликли бақлаўшылардың, сондай-ақ, ғалаба хабар куралларының қатнасыўы мәселелери сөз етилди. Сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериўди шөлкемлестириў, сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳәм жәриялаў тәртиби, сайлаў нызамшлығының бузылыўы бойынша мүрәжатларды көрип шығыў тәртиби, сайлаў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын жуўапкершилик бойынша кең түрде түсиник берилди. Баянатлар тийкарында арнаўлы слайдлы презентациялар исленди.
Илаж болажақ сайлаў мапазын нызам тийкарында әдил шөлкемлестирип өткериўде тийисли тараў қәнигелериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырыўда әҳмийетли болды.
Гүлайым ҒАНИЕВА,
Қарақалпақстан Республикасы судының жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҒХҚ менен бирге ислесиу бойынша бас консултанты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги