Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен экспорт ҳәм импорт операцияларының қысқа мүддетлерде нәтийжели әмелге асырылып, елимиздиң сыртқы саўда айланысы көлеминиң артыўы жолында да кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың биринши ярым жыллығы даўамында мәмлекетимиз бюджетине бажыхана төлемлеринен 154 миллиард 102 миллион сум муғдарында пул қаржысы өткерилген болып, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 38,8 процентке өсти. Аймағымыздың сыртқы саўда айланысы усы дәўирде 318,5 миллион АҚШ долларын қурап, өткен жылға салыстырғанда 32,2 процентке көбейди.

Бүгин елимизде экспортты қоллап-қуўатлаў, импортты оптималластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған ақылға уғрас сиясат нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында бажыхана басқармасы  арқалы сыртқы ҳәм ишки базарларға жиберилетуғын жәми товарлардың 71,4 проценти экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилген болып, 28,6 процент өним елимиздиң аймағында еркин айланысқа шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасында бажыхана басқармасы  Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, аймағымыздың экспорт өнимлери есапланыўшы пластмассадан исленген буйымлар (полиэтилен), ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты өнимлери, тири ҳайўанлар ҳәм аўыл хожалығы өнимлери тийкарынан Қытай, Түркия, Россия, Қазақстан, Латвия ҳәм Украина базарларына жиберилген. Импорт товарлардың тийкарғы бөлеги Россия, Қытай, Қазақстан, Швеция, Корея, Түркия, Германия мәмлекетлеринен алып келинген буйымлар ҳәм әсбап-үскенелер, химия санааты, азық-аўқат, нефьт ҳәм нефьт өнимлери, ағаш ҳәм тахта өнимлериниң үлесине туўра келеди.

Бүгинги күни елимизде сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олдардың өз жумысларын буннан былай да кеңейтиўи ушын шараят жаратыў мақсетинде жеңилликлер бериў тәртиби енгизилген. Бул болса, өз гезегинде исбилерменлик субъектлериниң бажыхана төлемлеринен үнемленген қаржыларын өним ислеп шығарыў көлеми ҳәм сапасын арттырып, жаңа жумыс орынларының жаратылыўына тийкар жаратпақта. Басқарма тәрепинен тийисли нызамшылық ҳүжжетлери талаплары тийкарында исбилерменлик субъектлерине усы жылдың басынан баслап бажыхана төлемлеринен 89,6 миллиард сум муғдарында жеңиллик ҳәм преференциялар усынылды.

Қәўипти басқарыў системасы тийкарында басқармаға қараслы сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постлары тәрепинен январь-май айлары даўамында жәми 10772 бажыхана жүк деклерациясы рәсмийлестирилген болып, өткеллер бойынша таллап көрилгенде, 7228 (67 процент)  «жасыл», 2600 (24 процент) «сары» ҳәм 944 (9 процент) «қызыл» өткел арқалы рәсмийлестирилген. Бажыханашылар тәрепинен усы жылдың январь-июнь айлары даўамында бажыхана тараўына тийисли нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 196  нызамбузылыў жағдайы анықланып, улыўма баҳасы 2,83 миллиард сумлық товар-материаллық байлық айғақлы дәлил ретинде иркип қалынды. Соннан 4 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылды.

Контрабанда затларының нызамсыз ҳәрекетиниң алдын алыў бағдарында 102,35 гр. опий, 5,2 гр. «марихуанна», 1 түп «каннабис», 18,3 гр. нәшебентлик өсимликтиң туқымы ҳәм 999 таблетка «трамадол» нәшебентлик заты, 12 флакон күшли тәсир етиўши «тропикамид» ҳәм 13 капсула «регапен» дәри-дәрмағы, психотроп затлардан 52 дана анықланды. Сондай-ақ, қурал-жарақ, оқ-дәри ҳәм жарылыўшы затлардан 6 дана оқ-дәри, 16 дана гильза ҳәм 1,15 кг. дробь өнимлериниң нызамсыз айланысының алды алынды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы