Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қараөзек районында да қызғын жумыслар әмелге асырылып атыр.

Райондағы «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Ғәрезсизлик көшеси бойынан сметалық баҳасы 1 миллиард 235 млн сум болған үлги жойбар тийкарында бир дана еки қабатлы 16 ханалы 2-3 бөлмели турақ жай қурылмақта. Қурылыс «Қараөзек қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен алып барылмақта. Турақ жайларды алыўшы талабанлар дәслепки басланғыш төлемлерин толығы менен әмелге асырған.

Бүгинги күнге келип, қурылыста майда шағыл тас төсеў,  қарамайлаў, фундамент блокларын монтажлаў, биринши ҳәм екинши  қабатта гербиш өриў  және бастырма плиталарын бастырыў, айна рамаларын қурыў жумыслары толығы менен жуўмақланды.

Қурылысқа 50 жумысшы, 3 техника қатнаспақта. Қурылыс материаллары объект басында жәмленген.

Бул жерде ишки жол қурылысы да жедел пәт пенен алып барылмақта. Республикалық жол қоры есабынан сметалық баҳасы 124,23 млн. сум болған 190 метр узынлықтағы ишки жол қурылыс жумыслары усы жылдың 25-февраль күни басланған болып, жуўмақланыўы 1-июль күнине режелестирилген. Сметалық баҳасы 28,8 млн. сум болған 90 метр узынлықтағы ишимлик суўы тармақларын жаңадан қурыў жумысларына да пәт енген.

Усы орыннан үлгили жойбар тийкарында және қосымша бир дана еки қабатлы 16 ханалы 2-3 бөлмели турақ жай қурылысы жумыслары режелистирилген болып, оның қурылысы ушын «Қишлоқ қурилиш инвест» инжиниринг компаниясы Қарақалпақстан филиалы бекитилген. Бунда турақ жайды алыўшы талапкерлердиң режеси 204 млн. сум болып, басланғыш төлеми толық жәмленген. Қурылыста 20 жумысшы, 1 техника қатнасып атырған болып, бүгинги күнде майда шағыл тас жайыў ҳәм қарамай қуйыў жумыслары жуўмағына жетпекте.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.